Спорт инсанлардыӊ саламат турмыс кешириўинде әҳмийетли орын тутады. Сондай-ақ, ҳешбир нәрсе мәмлекетти спорт киби дүньяға тез таныта алмайды. Буны жақсы түсинген республикамызда ѳсип киятырған жас әўладтыӊ ҳәр қыйлы спорт түрлери менен шуғылланыўлары ушын кеӊ имканиятлар жаратылып берилмекте.

Атап айтқанда Хожели районындағы Балалар ҳәм жас ѳспиримлер спорт мектебинде бүгинги күни аймақ оқыўшылары спорттыӊ 16 түри яғный, баскетбол, волейбол, футбол, бокс , еркин гүрес, миллий гүрес, дзюдо, таэквандо WTF, самбо, жеӊил атлетика, кѳркем гимнастика, белбеўли гүрес, гандбол, мини футбол ҳәм  шахмат түрлери бойынша   тәжирийбели тренерлер басшылығында шынығыўлар алып бармақта.

 

 

 

 

-Мектебимиз тәрбияланыўшылары тек Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан кѳлеминдеги жарысларда емес, ал  Азия ҳәм Жәҳән чемпионатларына да белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда олардан Маҳира Ахмедова қызлар арасында 2019-жылы ѳткерилген Азия чемпионатында гүмис медалы менен сыйлықланған болса, самбо бойынша ѳткерилген Жәҳән чемпионатында  Умида Жуманиязова атлы қызымыз Жәҳән чемпионы атағын жеӊип алыўға миясар болды. Бул мектеп жәмәәтине айрықша күш-жигер бағышлап, спортшыларымыздыӊ ѳз  келешегине деген исенимин оятты,-дейди бизге усы мектеп директорыныӊ оқыў-тәрбия ислери бойынша орынбасары Қонысбай Әжибаев.

Шынында да мектеп турмысы менен танысар екенбиз, жас спортшылардыӊ оқыў шынығыўларындағы ҳәрекетлерин кѳрип, олардыӊ ертеӊги күнге деген исениминиӊ күшли екенлигин аӊлағандай болдық.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.