«Instagram»  социаллық тармағы жақында өширилген хабарларды тиклеў функциясын енгизди. Бул ҳаққында хызметтиң баспасөз хызмети хабар бермекте. Функция «жақында өширилген» деп аталады.

«Биз пайдаланыўшылар буны сорағанын билемиз ҳәм енди сиз биринши  мәрте өширилген хабарды көриўиңиз ҳәм оны қайта тиклеўиңиз мүмкин», делинеди социаллық тармақтың билдириўинде.

Мәлим етилиўинше, жаңа функция арқалы 24 саат ишинде өширилген постларды тиклеў мүмкин.

Буннан тысқары, социаллық тармақ пайдаланыўшыларды қорғаў ушын қосымша илажларды енгизди. Бул хакерлерге аккаунтларды бузыў ҳәм жазыўларды өшириўге имканият бермейди. Постларды толық өшириў ушын хызмет енди қосымша мағлыўматларды сорайды.

ӨзА