Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң сәрдарлары менен биргеликте «Экопатруль» атамасында акция шөлкемлестирилди.

Ҳәр жылы март айында өткерилетуғын бул акцияны усы мектеп сәрдарлары быйыл республикамызда бириншилерден болып баслап бермекте.

 

 

 

 

Акция  «Өз  үйиңди таза усла!» сурени тийкарында өткерилип, онда мектеп аймағын шығындылардан тазалаў  илажлары өткериледи.

– Ана-тәбиятымыздың тазалығын сақлаў-ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз есапланады. Бәҳәр мәўсими жақынласып келмекте. Мектеп оқыўшылары жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсимине тәбияттың таза болыўы ушын өзлериниң үлесин қоспақта, – дейди жаслар жетекшиси Болат Хожабаев. Акция шеңберинде мектебимиз оқыўшылары қаламыздың тазалығына да өз үлесин қоспақшы. Акция бир ай даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы