Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-январь күни Саудия Арабстаны Патшалығы инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда Өзбекстан-Саудия көп қырлы қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Атап айтқанда, пандемияға қарамастан, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик уйымлары ҳәм исбилерменлик топарлары дәрежесинде белсене сәўбетлесиў алып барылмақта. Инвестициялар министри делагциясының қурамында Саудия Арабстанының 30 ға шамалас жетекши компаниясының басшылары Өзбекстанға келгени де соннан дәрек береди.

Инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ Өзбекстан Республикасы Президентине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди, Саудия Арабстаны Патшасы Салмон Ол Сауд ҳәм мийрасхор Муҳаммад Ол Саудтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Министр Саудия компанияларының инвестициялық жойбарлары қоллап-қуўатланып атырғанлығы ҳәм олардың мәмлекетимизде нәтийжели жумыс ислеўине жаратылған қолайлы шараятлар ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

Делегацияның сапары алдында Бухара қаласында қоспа бизнес-форум табыслы өткерилип, Исбилерменлик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди, ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге қол қойылды.

24-январь күни Сырдәрья ўәлаятында «ACWA Power» корпорациясының қатнасыўында қуўатлылығы 1200 мегаватт болған заманагөй ыссылық электр станциясын қурыў жойбарына старт берилди. Буннан тысқары, бул компания тәрепинен Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында улыўма баҳасы 1000 мегаваттлы самал электр станциялары қурылады.

Улыўма, мәмлекетимизде Саудия инвестицияларының қатнасыўындағы қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны кейинги жылларда бир неше есеге көбейди.

Сөйлесиўлер ўақтында әмелий бирге ислесиўдиң анық жойбарлары додаланды.

Энергетика, нефть-газ, газ-химия ҳәм химия, санаат, аўыл хожалығы тармақларында, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика тараўлары ҳәм басқа да бағдарларда, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплерин енгизиў тийкарында жаңа жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў илажларын раўажландырыў, соның ишинде, Өзбекстанда инвестициялық компаниялар ҳәм микрофинанслық шөлкемлерди дүзиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул басламаларды үйрениў ҳәм алға қойыў мақсетинде «Жол картасын» қабыл етип, әмелге асырыў, ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын қайта тиклеў, тийкарғы жойбарлар бойынша жумысшы топарларды қәлиплестириўге келисип алынды.

 

ӨзА