Өткен ҳәптениң соңында суўық ҳаўа райын жүзеге келтирген антициклонның суўық перифериясының тәсири төменлей баслады.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, бүгин ҳәм ертең республиканың барлық аймақларында алағат бултлы ҳаўа райы болыўы күтилмекте, күндиз ҳаўаның температурасы 3-8 градус жыллы, түнде болса 3-6 градус суўық, айрым жерлерде 8 градусқа шекем суўық сақланып турады.

 

Буннан кейинги күнлерде республикамыз аймақларына Ираннан жыллы ҳаўа массалары кирип келиўи басланады.

 

Барлық аймақларда тийкарынан алағат бултлы ҳаўа райы бақланып, ҳаўаның температурасы әсте-ақырын көтериле баслайды ҳәм ҳәптениң ақырына келип түнде 0-3 градус жыллы, күндизги ўақытларда 12-15 градус жыллы болады, бул климатлық нормалардан 4-6 градусқа жыллы болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.