“Ақылы кәмил илими зор, билимли ел болмайды хор“
Бердақ шайыр.
Бүгин пүткил Өзбекстан халқы елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың, бәринен бурын, инсан мәпин гөзлеп жүргизилип атырғанлығын терең аңламақта.
Бүгин Өзбекстан жәҳән нәзеринде, Жаңа Ренессанс босағасында турыпты.
Мине усындай пурсатларда ҳүрметли Президентимиздиң мәнаўият мәселесине үлкен дыққат аўдарып, усы жыл 19-январь күни видеоселектор мәжилисин өткериўи, онда көрилген мәселелер дөретиўши инсан, мәнаўият үгит-нәсиятшысы сыпатында кеўлимди толқынландырды.
Себеби, усы мәжилисте «Егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады» -деп атап өтти Президентимиз.
Ҳақыйқатында да, биз қаншелли экономикалық жақтан бай болғанымыз бенен, тапқан барлық материаллық байлықларымыздан дурыс пайдаланыўымыз ушын жоқары мәнаўий байлық зәрүр.
Юсуп Ҳас Ҳажыптың «Бахытқа баслаўшы билим» шығармасында;
Көкке көтерилип оңланар иси,
Билим ҳәм илимге жетискен киси. деп айтылғанындай қайсы бир тарийхый-мәнаўий мийрасларымызға нәзер тасласақта билим ҳәм тәрбияға ең баслы мәселе сыпатында қаралған.
Инсан баласы дүньяға келгеннен баслап оған ата-ана тәрепинен берилетуғын ең бийбаҳа байлық меҳир, билим ҳәм тәрбия есапланады.
Ахмед Югнакийдиң «Ҳақыйқатлар сыйлығы» шығармасында;
Илимсиз өмирдиң болмас паяны,
Илим бәрҳа жаналайды дүньяны, деп атап өтиледи.
Мине, усы көзқарастан алып қарайтуғын болсақ, Президентимиз тәрепинен елимизде быйылғы жылдан баслап руўхый ҳәм ағартыўшылық тараўы қәнигеликлерин пәнлер классификаторына киргизиў бойынша билдирилген усыныс бул бағдарда жетик, заман талабына сай пикирлейтуғын кадрлар жетилисип шығыў имканиятын кеңейтеди.
Себеби ҳар қандай ушырасыў яки үгит-нәсият илажларының нәтийжеси, лекторлардың көрилип атырған мәселениң тийкарғы-мәнисин аудиторияға жеткере алыўы, ең баслысы, аудиторияның сол лекторды ҳақыйқый үгит-нәсиятшы сыпатында қабыл етиўине байланыслы.
Және бир қуўанышлы жағдай бул Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы жанындағы «Мәнаўият үгит-нәсиятшысы» оқыў мәкемеси негизинде Социаллық-мәнаўий изертлеўлер институтын шөлкемлестириў усынысы болып табылады.
Тарийхтан жақсы белгили қайсы бир тараўда да илимге сүйенип жумыс ислеген кем болмайды.
Бабаларымыздың көп мың жыллық руўхый мийраслары негизинде үлкен илим ҳәм илимий тийкарлар жатыр.
Шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылып атырған институтта буннан былай мәнаўиятымыздың терең тамырлары илимий тийкарда үйренилип, керекли методикалық жаңа қолланбалар жаратылады.
Мәжилисте руўхый-ағартыўшылық жумыслардың бирден-бир системасын жаратыў мәселесиниң сөз етилгениде тосыннан емес.
Инсан баласы туўылғанынан басланатуғын тәрбия бақша, мектеп, орта ҳәм жоқары билимлендириў, мәҳәлледе бир-бири менен тығыз байланыста алып барылса күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Ҳәр бир инсан баласы мәҳәлледе туўылып, өседи, камалға келеди. Сонлықтан халқымыз «Мәҳәлле тәрбия ошағы» деп бийкарға айтпаған.
«Бир зыялы – бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәллеге профессор-оқытыўшы ҳәм белгили зыялылардың бириктирилиўи, жаслар тәрбиясы, мәҳәлледе саламат мәнаўий орталық жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Жаслар келешеги, тәрбиясы ҳәм илим билим ийелеўи ушын ажыратылатуғын қаржының қәдир – қымбаты оғада жоқары.
Себеби, бул қаржы жыллар өтиўи менен, бизге артығы менен пайда келтиретуғынлығы өмирде өз тастыйығын тапқан.
Усы көзқарастан алып қарайтуғын болсақ, миллий идеяны үгит-нәсиятлаў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте әдебият ҳәм китапқумарлықты және де раўажландырыў мақсетинде «Ижод» жәмийетлик фонды негизинде Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў фондының шөлкемлестирилетуғынлығы атап өтилди.
Бул фондқа 120 миллиард сум ажыратылып, руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын нәтийжели әмелге асырыў, миллий әдебиятымызды раўажландырыў ушын жумсалады.
Бул қаржының 90 миллиард сумы аймақларда руўхый-ағартыўшылық тараўларды раўажландырыўға, 20 миллиард сумы Жазыўшылар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаўға, 10 миллиард сумы мәмлекет көлеминде руўхый-ағартыўшылық жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге бағдарланғанлығы мәнаўий иләжлардың қаржы дәреклериниң қәлиплесип атырғанлынан дәрек береди.
Жуўмақластырып айтқанда, видеоселектор мәжилисинде көрилген мәселелер елимизде жасаўшы ҳәр бир инсанның кеўил абатлығына, журт тынышлығы, жәмийеттиң абаданлығына хызмет етиўи менен әҳмийетли.
Раўаж Отарбаев,
Республика «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар
жәмийети ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги