Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!

Әзиз ўатанласлар!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жолланып атырған быйылғы Мүрәжат, өткен жыллардан өзгеше түрде, қыйын бир дәўирге туўра келмекте.

Барлығымыз жақсы билемиз, бүгинги күнде пүткил инсаният коронавирус пандемиясы деген глобал апатшылықты басынан өткермекте. Бундай үлкен апатшылық дүнья көлеминде соңғы жүз жылда жүз бермеген, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Кейинги мағлыўматларға бола, дүньяның 191 елинде 81 миллион адам коронавирус пенен кеселленген. Олардан 1 миллион 765 мыңы қайтыс болған.

Пандемия жәҳән экономикасы ушын – соған итибар бериң, ҳәр айда дерлик 400 миллиард доллар муғдарында зыян келтирмекте. Бүгинги күнге шекем дүнья бойынша 500 миллион жумыс орны жоғалтылған.

Тилекке қарсы, бул апатшылық пүткил инсаният қатарында халқымыз ушын да күтилмеген тәшўиш ҳәм қурамалы машқалаларды келтирип шығарды. Бухара ҳәм Сардобада жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлар да елимиздиң ерк-ықрарын және бир мәрте сынақтан өткерди.

Халқымыздың бүгилмейтуғын ерк-ықрары, пидәкерлик мийнети ҳәм жигерлилиги, халық ҳәм мәмлекетлик уйымлардың биргеликтеги ис-ҳәрекетлери себепли қыйыншылықларды мәртлерше жеңип өтпектемиз.

Хабарыңыз бар, пандемияның биринши күнлеринен баслап пүткил басқарыў системасы ҳәм барлық медицина мәкемелери айрықша жумыс режимине өткерилди.

Қысқа мүддетте Ташкент қаласы ҳәм аймақларда барлық шараятларға ийе болған дерлик 30 мың орынлық емлеў дәргайлары шөлкемлестирилди. Олар зәрүр дәри-дәрмақ, қорғаў ҳәм ең заманагөй диагностика қураллары менен тәмийинленди. Пандемияға қарсы гүресиў ушын 200 мыңнан аслам медицина хызметкери, соның ишинде, сырт елли 150 жоқары маманлықтағы шыпакер ҳәм қәнигелер тартылды.

Шет мәмлекеттен 600 мыңнан аслам жерлеслеримиз елимизге алып келинди. Сырт елде қыйын жағдайға түсип қалған 100 мыңға шамалас пуқараларымызға зәрүр жәрдемлер көрсетилди.

Пандемия ақыбетлерин жумсартыў ҳәм сапластырыў ушын мәмлекет тәрепинен жәми 82 триллион сумлық комплексли илажлар әмелге асырылды. Соның ишинде, Кризиске қарсы қор шөлкемлестирилип, короновирусқа қарсы гүресиў, халық ҳәм кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажларға бюджеттен 16 триллион сумнан артық қаржы қаратылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханаларға ҳәм 500 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти және дерлик 8 миллион пуқараға жәми 66 триллион сумлық салық жеңилликлери, кредит мүддетлерин созыў ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий жәрдемлер берилди.

«Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде пидайы ҳәм мийримли ўатанласларымыздың белсене қатнасыўында 800 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1 триллион сумнан артық материаллық жәрдем көрсетилди.

Өз ўақтында көрилген жедел ҳәм системалы илажларымыз нәтийжесинде бул қәўипли кеселликтиң кең тарқалыўына жол қойылмады. Елимизде тыныш өмир, турақлы экономикалық раўажланыў даўам етпекте.

Карантин талапларын дурыс қабыл етип, оларға әмел еткен, сабырлы, уллы халқымызға, оғада қәўипли жағдайда өзин аямастан мәртлерше мийнет еткен жанкүйер шыпакерлерге, «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетинде мүнәсип қатнасқан барлық исбелермен ҳәм пуқараларымызға және бир мәрте өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Пандемияға қарсы гүресте бизге әмелий жәрдем берген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, халықаралық финанс институтлары, Россия, Қытай, АҚШ, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қубла Корея, Япония, Германия сыяқлы мәмлекетлердиң басшыларына миннетдаршылық билдиремен.

Елимиз бенен тығыз дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып киятырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине рахмет айтып, жақсы тилеклеримди билдириўден қуўанышлыман.

Ҳүрметли парламент ағзалары!

Қәдирли дослар!

Усы жылы «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша барлық тараўларда реформаларды исенимли даўам еттирдик.

Халықаралық валюта қоры ҳәм халықаралық рейтинг агентликлериниң таллаўларына бола, быйылғы сынақларға қарамастан, Өзбекстан дүньяның санаўлы мәмлекетлери қатарында унамлы өсиў пәтлерин сақлап қалды.

Европа Аўқамының структуралары менен тығыз бирге ислесиўде елимизге кеңейтилген саўда преференциялары – “GSP+” системасын енгизиў бойынша, әҳмийетли қәдемлер тасланды. Бул система келешекте республикамызда ислеп шығарылатуғын 6 мыңнан аслам түрдеги өнимлерди Европа базарына бажы төлеместен алып кириў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, бир ғана тоқымашылық өнимлериниң жыллық экспортын 300 миллион долларға арттырыў ушын шараят жаратады.

Усы жылы елимиздиң халықаралық финанс базарларына шығыў имканиятлары және де жақсыланды, биринши мәрте миллий валютада 2 триллион сумлық мәмлекетлик еврооблигациялар төмен процентлерде жайластырылды.

Быйыл республикамызда 197 ири, мыңлаған киши ҳәм орта кәрханалар және инфраструктуралық объектлер қурылды. Соның ишинде, «Наўайыазот»та аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў комплекси және азот кислотасы заводы, Мүбәрек, Газли ҳәм Шортан нефть-газ кәрханаларында суйылтырылған газ ислеп шығарыў қурылмалары, Ташкент металлургия заводы сыяқлы ири қуўатлылықлар иске қосылды.

Тек ғана энергетика тараўында сырт ел инвесторлары менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 6 жаңа электр станциясын қурыў жумыслары басланды. Олардың улыўма баҳасы 2 миллиард доллар болып, 2 мың 700 мегаватт қуўатлылыққа ийе.

Ташкент қаласында 2 жаңа метро станциясы ҳәм биринши мәрте 18 километрлик жер үсти метросы пайдаланыўға тапсырылды.

Аўыл хожалығындағы реформалар, жер майданлары толық жеке меншик кластер ҳәм кооперацияларға берилгени пахташылықта өнимдарлықты бир жылда орташа 10 процентке арттырыў имканиятын жаратты.

Мийўе-овощ, ғәллешилик ҳәм шарўашылықта да 500 ге шамалас кластер ҳәм кооперациялардың жумысы жолға қойылды. Соның нәтийжесинде, пандемияның унамсыз тәсирине қарамастан, 1 миллиард долларлық мийўе-овощ экспорт етилди.

Быйыл 91 мың гектар жер майданы қайтадан пайдаланыўға киргизилди. 133 мың гектар ямаса өткен жылға салыстырғанда 2 есе көп майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди.

Исбилерменликти кеңнен қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген жеңилликлер берилди. Исбилерменлик субъектлерине 100 триллион сум яки 2016-жылға салыстырғанда дерлик 4 есе көп кредитлер ажыратылды.

2020-жыл халықты социаллық қорғаў бағдарында үлкен бурылыс жылы болды, десек, асыра айтқан болмаймыз.

Бәринен бурын, халықтың белгили бир қатламы арасында кәмбағаллық бар екенлигин биринши мәрте тән алып, оны қысқартыў бойынша кең көлемли жумысларды басладық.

Барлық район ҳәм қалаларда, ҳәр бир мәҳәлледе жәрдемге мүтәж шаңарақлар, ҳаяллар ҳәм жаслар менен мәнзилли ислесиў бойынша пүткиллей жаңа – «темир дәптер» системасы енгизилди. Қысқа мүддетте бул система арқалы 527 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Буннан тысқары, өзин-өзи бәнт еткен халық ушын салық жеңилликлериниң берилиўи және көп ғана шеклеўлердиң бийкар етилиўи себепли 500 мың пуқара мийнет етиўди нызамлы түрде жолға қойды.

Дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелерине 300 миллиард сум жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия ажыратылғаны да аўыл халқын социаллық қоллап-қуўатлаўда жаңа бағдарға айланды.

Ташкент қаласы, Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында шөлкемлестирилген «IT – Парклер» де 500 ден аслам заманагөй кәрханалар жумыс баслады.

Жуўмақланып атырған жылда орайласқан ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў ушын 3 триллион сум ямаса 2016-жылға салыстырғанда 5 есе көп қаржы ажыратылды. Нәтийжеде халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 73 процентке жетти.

Тек ғана усы жылы социаллық напақа алыўшылардың қамтылыўы 2 есеге арттырылып, 1 миллион 200 мыңға жеткерилди. Бул мақсетлерге бюджеттен 2016-жылға салыстырғанда 5 есе көп қаржы ажыратылды.

Киши жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 4 жыл даўамында 2 есе артып, 60 процентке жетти. Бақшалардың саны болса 3 есеге көбейип, 14 мыңнан асты.

Быйыл жоқары билимлендириўге қабыллаў параметрлери 2016-жылға салыстырғанда 2,5 есеге өсти, жасларымызды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 25 процентке жетти.

Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың мыңға шамалас қызлары биринши мәрте жоқары оқыў орынларына айрықша мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етилди.

Өзбекстан «Ашық мағлыўматларды бақлаў» халықаралық индексинде 125 текшеге көтерилип, 44-орынды ийеледи. Бунда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўындағы 20 бағдар бойынша көрсеткишлерди жәриялап барыў әмелияты енгизилгени үлкен әҳмийетке ийе.

«Экономикалық еркинлик» рейтингинде де елимиздиң 26 текшеге көтерилгени реформаларымыздың халықаралық майдандағы және бир тән алыныўы болды.

Суд-ҳуқық тараўы, соның ишинде, жынайы жазаларды либералластырыў бағдарындағы реформаларымыз да избе-из даўам еттирилди. Нәтийжеде быйыл судланған шахслардың 74 процентине еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланды.

Жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 616 пуқара әпиў етилди.

Судлар еркинлигиниң тәмийинлениўи нәтийжесинде усы жылдың өзинде 719 пуқараға ақлаў ҳүкими шығарылды.

Өзбекстан пуқаралары қай жерде болса да, олардың конституциялық ҳуқықлары исенимли қорғалмақта. «Меҳир – 3» операциясы әмелге асырылып, Сириядан және 98 пуқара, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балалардың Ўатанымызға алып келингени буны айқын тастыйықлайды.

Дүньяда болып атырған қурамалы геосиясий процесслер, коронавирус пандемиясы ҳәм глобал экономикалық кризис шараятында Өзбекстан ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатты жедел алып бармақта. Халықаралық майдандағы исенимли ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде елимиздиң абырайы күн сайын жоқарыламақта.

Елимиз тарийхта биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза етип сайланды. Жақында АҚШ мәмлекетлик департаменти тәрепинен Өзбекстан диний еркинлик тараўындағы «арнаўлы бақлаўдағы мәмлекетлер» дизиминен шығарылғаны да кең көлемли демократиялық реформаларымыздың тән алыныўы болып есапланады.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамбелясының жоқары минберинен алға қойылған глобал ҳәм регионаллық басламаларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етилип, қоллап-қуўатланбақта.

Қәдирли халық қәлеўлилери!

Әзиз ўатанласлар!

Барлығыңызға белгили, кирип киятырған 2021-жылы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигине 30 жыл толады. Әлбетте, бул тарийхый сәнени сиз, әзизлер ҳәм пүткил халқымыз бенен биргеликте «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген ийгиликли идея тийкарында кеңнен байрамлаймыз.

Бүгин келеси жыл ушын реже ҳәм бағдарламаларымызды белгилеп алар екенбиз, ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлеримизди және де беккемлеп, ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы тараўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз, әлбетте.

Пандемия барлығымызға медицинаның басланғыш буўыны – тез жәрдем хызмети, санитариялық-эпидемиологиялық системаны түп-тийкарынан реформалаў әҳмийетли турмыслық зәрүрлик екенин және бир мәрте көрсеткенин атап өтиў керек.

Ҳәзирги ўақытта дүньяның басқа регионларында бақланып атырған «пандемияның гезектеги толқыны» ҳәм оның менен байланыслы қәўип-қәтерлер ҳәммемизди және де қырағы ҳәм сергек болыўға шақырмақта.

Уллы бабамыз Имам Матуридийдиң  «Өмирдиң қәдирин денсаўлықта, деп билгил» деген терең мәнили сөзлери қаншелли дурыс екенин турмыстың өзи бүгин қайта-қайта дәлиллемекте.

Соның ушын бар имканият ҳәм потенциалымыз, пандемия дәўиринде арттырған тәжирийбемиз және сырт елдеги алдынғы жетискенликлерден пайдаланып, халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеў бағдарындағы тийкарғы реформаларымызды жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр. Бунда халық, әсиресе, жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў – ең әҳмийетли бағдарлардан бири болыўы зәрүр.

Улыўма, ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўында оның келешегин тәмийинлейтуғын жас әўладтың саламат ҳәм бәркамал болып ер жетиўи шешиўши орын ийелейди. Соның ушын биз реформаларымыздың көлемин ҳәм нәтийжесин және де арттырыўда ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билим ҳәм өнерлерди пуқта ийелеген, күш-ғайратлы, интакер жасларымызға сүйенемиз.

Биз өз алдымызға елимизде Үшинши Ренесанс тырнағын қурыўдай уллы мақсетти қойған екенбиз, оның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер, Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялап беретуғын орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз керек. Онда, бәринен бурын, тәлим-тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин енгизиў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың тийкарғы үстинликлери болып хызмет етиўи керек.

Усы мақсет жолында жасларымыз өз алдына үлкен шеклерди қойып, оларға ерисиўи ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериў – барлығымыз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болыўы зәрүр. Сонда ғана перзентлеримиз халқымыздың әсирлик арзыў-үмитлерин жүзеге шығаратуғын уллы ҳәм қүдиретли күшке айланады.

Усы мақсетте «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея тийкарында кең көлемли реформаларды әмелге асырамыз.

Бириншиден, жас әўладқа бақша, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў орнында сапалы тәлим-тәрбия бериўди жолға қоямыз, олардың физикалық ҳәм руўхый саламат, ўатансүйгиш инсанлар болып камалға келиўи ушын барлық күш ҳәм имканияларды жумсаймыз.

Екиншиден, жасларды заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, миллий ҳәм улыўмахалықлық қәдириятлар тийкарында еркин ҳәм логикалық пикирлейтуғын, жақсы пазыйлетлер ийеси болған инсанлар етип камалға келтиремиз.

Үшиншиден, ул-қызларымызды мийнет базарында талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, оларда исбилерменлик көнликпелери ҳәм мийнетсүйгишлик пазыйлетлерин қәлиплестириў және басламаларын жүзеге шығарыў, жумыс ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет қаратамыз.

Бир сөз бенен айтқанда, бала туўылғанынан баслап, 30 жасқа шекемги дәўирде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, өмирде мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем беретуғын, бир пүтин ҳәм тутас система жаратылады.

Дүнья тәжирийбеси соны көрсетеди, жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип камалға келтириў ушын жумсалған инвестиция жәмийетке он, жүз есе пайда келтиреди.

Уллы бабамыз Әбиў Әлий ибн Сина, буннан мың жыл алдын «Дәўжүрек ҳәм батыр инсанлар келешекте ушырасатуғын қыйыншылықлардан қорықпайды» деп бийкарға айтпаған.

Жақында Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласының Чиланзар районында болып өткен ушырасыўларда жасларымыз тәрепинен билдирилген пикир ҳәм басламалар мени жүдә қуўандырды.

Әсиресе, күни кеше Жаслар форумында ул-қызларымыздың жанып турған көзлеринде үлкен күш-ғайратты, билимге қуштарлық ҳәм жаңалыққа умтылыўды көрип және де руўхландым ҳәм олардан күш алдым. Ибн Сина бабамыз айтқан дәўжүрек ҳәм батыр жаслар мине усы перзентлерим екенине және бир мәрте исендим.

Егер үлкен әўладтың билим ҳәм тәжирийбесин, узақты көре алыў пазыйлетлерин жасларымыздағы күш-ғайрат, мәртлик ҳәм пидайылық пенен бирлестире алсақ, гөзлеген шеклерге әлбетте жетемиз.

Жаңа Өзбекстанды мине усындай билимли ҳәм дөретиўши жасларымыз бенен биргеликте қурамыз.

Әне усы әҳмийетли бағдарларда баслаған жумысларымызды даўам еттириў ҳәм жаңа, жоқары басқышқа көтериў мақсетинде кирип киятырған 2021-жылға елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама бериўди усыныс етемен.

2021-жылдың атамасында белгиленген тараўларды түп-тийкарынан реформалаў ҳәм және де раўажландырыў бойынша төмендеги кең көлемли жумысларды әмелге асырыўымыз тийис.

Бириншиден,  бала дүньяға келгенинен баслап, онда мектепке шекемги болған жаста ақыл белсендилиги артады, әдеп-икрамлылық-эстетикалық ҳәм физикалық қәсийетлер қәлиплеседи.

Соның ушын да келеси жыллары мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарындағы стратегиялық мақсетимиз – бақша жасындағы ҳәр бир баланы усы билимлендириў бағдары менен толық қамтып алыў ушын зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат.

Келеси жылдың жуўмағы менен мектепке шекемги билимлендириўдиң қамтып алыўын 65 процентке, 2023-жылдың ақырында болса 75 процентке жеткериўимиз керек. Бул жумысларға бюджеттен 600 миллиард сум субсидия бериў есабынан қосымша түрде 2 мың мәмлекетлик емес бақша шөлкемлестирилип, жеке мешик сектордың үлеси 25 процентке жеткериледи.

Сондай-ақ, 2021-жылы мектепке таярлаўдың бийпул системасы менен 560 мың 6 жаслы балалар ямаса олардың 82 проценти қамтып алынады.

Алыс аўылларда мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлери және де кеңейтиледи. Онда ЮНИСЕФ және Жәҳән банки менен биргеликте имканияты шекленген балалар ушын мектепке шекемги билимлендириўди үйде бериў модели де жолға қойылады.

Екиншиден, мектеп билимлендириўин түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм оның сапасын арттырыў, муғаллимлерге мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы реформалар жедел даўам еттириледи.

Келеси жылы 30 жаңа мектеп қурыў, 320 мектепти оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде бюджеттен 2 триллион сум ажыратылады.

Тараўда бирден-бир «электрон тәлим» системасын енгизиўге келеси 2 жылда 250 миллиард сум қаратылады.

Билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде, бәринен бурын оқыў бағдарламалары, оқытыўшы ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбаларды алдынғы халықаралық нормаларға бейимлестириў зәрүр.

Балалардың аналитикалық ҳәм креативлик пикирлеў қәбилетин раўажландырыў ушын оларға мазмунлы ҳәм түсиникли сабақлықлар жаратыў зәрүр. Бул бағдарда келеси оқыў жылында баслаўыш классларда мәмлекетлик билимлендириў стандартының орнына алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, балаға артықша жүклеме бермейтуғын «Миллий оқыў бағдарламасы» енгизиледи.

Улыўма билим бериў мекеплериндеги билимлендириўдиң сапасы пайтахтта да, алыс аўылларда да жоқары болыўы шәрт. Буның ушын шетки аймақларда мектеплерди маман кадрлар менен тәмийинлеў, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў бойынша айрықша бағдарлама әмелге асырылады. Соның ишинде, басқа райондағы алыс мектепке барып, сабақ беретуғын оқытыўшылардың айлығына 50 процент, басқа ўәлаятқа барып ислесе – 100 процент үстеме ҳақы төленеди.

Сондай-ақ, аймақларда жеке меншик мектеплердиң жумысын хошаметлеў ушын бюджеттен субсидиялар ажыратылады.

Жаслардың таланты ҳәм потенциалын дурыс бағдарлаўға қаратылған үзликсиз система жаратылады.

Келеси жылы елимизде 10 Президент мектеби, химия-биология, математика, мәлимлеме технологияларына қәнигелескен 197 мектеп өз жумысын баслайды.

Талантлы ул-қызларымыздың жоқары технологиялар ҳәм билимлерди терең өзлестириўине кеңнен шараят жаратыў және бәсекиге шыдамлы миллий кадрлардың жаңа әўладын таярлаў мақсетинде Ташкент қаласында жаңа заманагөй университет шөлкемлестиремиз. Бул жоқары оқыў орнына сырт елдеги жетекши илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар тартылып, жасларға ең заманагөй бағдарламалар тийкарында тәлим-тәрбия бериледи.

Балаларымыздың мийнет көнликпелерин мектеп дәўиринен баслап қәлиплестирип барыў мақсетинде «кәсипке үйретиў системасы» енгизиледи.

Және бир мәселе – педагоглардың маманлығын арттырыў, олардың машақатлы мийнетин хошаметлеўге айрықша итибар қаратылады.

Ҳәммемизге белгили, муғаллимлер ҳәзирги ўақытта ҳәр 5 жылда қәнигелик арттырады. Буннан былай олардың «өмири даўамында оқыў» принцпипи тийкарында өз қәнигелигин үзликсиз арттырып барыўы жолға қойылады.

Сондай-ақ, оқытыўшылардың өз пәнин билиўи, педагогикалық шеберлиги ҳәм психологиялық таярлығынан келип шығып, категория бериў нормалары да қайта көрип шығылады.

Және бир мәрте тәкирарлайман,  жәмийетте оқытыўшы кәсиби ең абырайлы кәсип болыўы керек. Муғаллимлеримиз балаларға сапалы билим бериўи ҳәм өз үстинде ислеўден басқа нәрсе ҳаққында ойламаўы ушын мәмлекет барлық шараятларды жаратып бериўи зәрүр. Сонлықтан оқытыўшы, устаз ҳәм методистлердиң мийнетине мүнәсип ҳақы төлеў бойынша басланған жумысларымыз келеси жылы да даўам еттириледи. Оның ушын халық билимлендириў хызметкерлерин хошаметлеў аймақлық қорларына 330 миллиард сум қаратылады.

Соның менен бирге, 240 мыңнан аслам мектеп оқытыўшыларына класс басшылығы ушын үстеме төлемлер 1,5 есеге арттырылып, бюджеттен 400 миллиард сум қосымша қаржы ажыратылады.

Үшиншиден,  жоқары билимлендириўге қамтыў ҳәм сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылады. Кейинги жылдан баслап жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың саны кеминде 25 процентке арттырылады.

Жоқары оқыў орынларына қабыллаўда жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар санын  2 есеге көбейтип, 2 мыңға жеткеремиз. Жақсы баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ушын арнаўлы стипендиялар енгизиледи.

Ҳәзирги ўақытта жаслар ең абырайлы жоқары оқыў орынларына кириў ушын умтылады. Бирақ жоқары оқыў орынлары арасында билимли ҳәм талантлы жасларды тартыў бойынша бәсеки жоқ. Соның ушын жеке меншик жоқары оқыў орынларына да зәрүр қәнигелерди таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериў системасы жолға қойылады.

Жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў системасының төменги буўынлары арасындағы избе-изликти күшейтиў мақсетинде 65 академиялық лицей жоқары оқыў орынларының қарамағына өткериледи. Сондай-ақ, 187 техникум да өз бағдары бойынша уқсас жоқары оқыў орны ҳәм тармақ кәрханаларына бириктириледи.

Абырайлы сырт ел университетлери, илимий ҳәм инновациялық орайлар менен байланысларды күшейтиў, олар менен кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиўимиз зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен келеси жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге арттырылады. Бул бағдарлама арқалы биринши мәрте бакалавр бағдарында шет еллерге 100 ул-қызларымызды жиберемиз. Кейинги жыллардан олардың саны 2-3 есеге көбейтиледи.

Жаңа жылда елимиздеги 30 жетекши жоқары оқыў орнына оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қабыллаў квотасы ҳәм қаржы мәселелерин еркин шешиў ҳуқықы бериледи.

Төртиншиден, мәмлекетти раўажландырыўдың тийкары, сөзсиз түрде, илим ҳәм инновациялар болып есапланады.

Келеси жылы илим тараўында жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлердеги докторантлардың саны 4,5 мыңға жеткериледи ямаса 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге арттырылады. Усы мақсетлер ушын бюджеттен қосымша 240 миллиард сум ажыратылады.

Алдыңғы халықаралық әмелият тийкарында доцент ҳәм профессор илимий атақлары, философия ҳәм илим докторы илимий дәрежелерин бериў ўәкиллиги өз бағдары бойынша абырайлы болған жоқары оқыў орынларының илимий кеңеслерине өткериледи.

Усы жылы биринши мәрте математика, химия-биология, геология пәнлерин билимлендириў ҳәм илимниң тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп, оларды комплексли раўажландырыў илажлары көрилди. Соның ишинде, 98  қәнигелескен мектеплер және Геология пәнлериниң университети шөлкемлестирилди. Оқыў бағдарламалары түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, оқытыўшылардың мийнет ҳақысы арттырылды.

Енди кейинги жыл ушын тийкарғы илим бағдарларын белгилеп алыўымыз керек.

Егер тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, дүньядағы дерлик барлық ойлап табыў ҳәм технологияларды жаратыўда физика пәниниң фундаменталь тийкар болғанын көремиз. Ҳақыйқатында да, физика нызамлықларын терең ийелемей турып, машина қурылысы, электротехника, IT, суў ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар сыяқлы бүгин заман талап етип атырған тараўларда нәтийжеге ерисип болмайды.

Уллы ойшыл шайырымыз Мир Әлийшер Наўайы өз дәўиринде жасларға мүрәжат етип, «Қуёштай нур таратыўды қәлесең, кәмилликке умтыл» деп жазған. Шынында да, адамларға қуяштай бийминнет нур таратыўды, жақсылық етиўди қәлейтуғын инсан, кәмилликке умтылып, ҳәр қыйлы илим ҳәм кәсип-өнерлерди өзлестириўи зәрүр.

Ҳәзирги дәўирде шет тиллерди толық үйренбей турып, уллы бабамыз айтқан әне усындай шеклерге ерисип болмайды, десек, алжаспаған боламыз.

Бундай өткир талапқа әмел етип, келеси жылы физика ҳәм шет тиллерин үйрениўди тийкарғы бағдар етип белгилеўди усыныс етемен. Усы мақсетте келеси жылы билимлендириўдиң барлық буўынларында бул пәнлерди оқытыў сапасын түп-тийкарынан арттырыў, қәнигелескен мектеплерди ашыў, маман педагогларды тартыў сыяқлы системалы жумыслар әмелге асырылады.

Физика бойынша Аҳмад Фарғаний атындағы халықаралық пән олимпиадасы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ физика бағдарында илимий излениўлер көлемин ҳәм сапасын арттырыў, жас илимпазларға зәрүр шараятларды жаратыў бойынша қосымша илажлар әмелге асырылады.

Бесиншиден, жаслар арасында бәнтликти тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселеси итибарымыз орайында болады.

Буның ушын келеси жылы профессионал билимлендириў системасы мийнет базарындағы талап ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес жаңаша қатнаслар тийкарында реформаланады.

Буннан былай жумысшы кәсиплер бойынша талап қойыўда маманлық тийкарғы орынға шығады.

Соның ушын Ҳүкимет келеси жылы 1-январьдан талап жоқары болған жумысшы кәсиплер бойынша пуқаралардың маманлық дәрежесин тастыйықлаў системасын енгизсин.

Хабарыңыз бар, Жаслар форумындағы ушырасыўымызда жаслардың исбилерменлиги ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ушын 100 миллион доллар ажыратыў ҳаққында қарар қабыл еттик.

Буннан тысқары, жаслардың бизнес жойбарларын кредитлеў және оларды кәсип-өнерге оқытыў ушын  1 триллион сум ҳәм 50 миллион доллар ажыратылады.

Алтыншыдан,  жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери, шын жетим, майыплығы болған ҳәм емлениўге мүтәж балаларға айрықша меҳир-мүриўбет көрсетиў бойынша жаңа система енгизиледи.

Ҳәзирги күнде республикамызда айрықша итибарға мүтәж 18 жасқа шекемги 150 мың перзентимиз бар. Олардың билим алыўы, анық бир кәсипти ийелеўи ушын жәрдемлесиў, аўыр кеселликке шалынғанларды емлеў, шын жетимлерге өмирде өз орнын табыўға жәрдем бериў, турақ жай менен тәмийинлеў – тек ғана ўазыйпамыз емес, бәринен бурын, инсаный миннетимиз болып есапланады.

2021-жылы биринши мәрте бюджеттен 900 шын жетим жасларды турақ жай менен тәмийинлеўге 50 миллиард сум ажыратылады.

Улыўма, бундай ийгиликли ислерди системалы жолға қойыў ушын Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондын шөлкемлестирип, оған бюджеттен 100 миллиард сум қаратсақ, мен ойлайман, сизлер де бул басламаны қоллап-қуўатлайсыз. Бул қаржылар жыл даўамында көбейтип барылады.

Бул баслама улыўма халықлық ҳәрекетке айланыўы, сақаўатсүйгиш ўатанласларымыз бул қайырлы иске мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.

Олий Мажлис палаталары Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының жумысын нызам дәрежесинде беккемлеп, бул бағдарда белсендилик көрсеткен ўатанласларымызды хошаметлеўди де нәзерде тутыўы мақсетке муўапық. Сондай-ақ, Балалар Омбудсманы ҳаққындағы нызамды қабыл етиўдиң де ўақты келди.

Улыўма, жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жоқарыда атап өтилген форумда жүдә көплеген мәселелердиң шешимин келисип алдық. Соның ушын бүгин оларға толық тоқтап өтпедим.

Барлығымыз ушын ендиги ўазыйпа – усы баслама ҳәм усынысларды толық әмелге асырыўдан ибарат.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

2021-жыл ушын және бир әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленген медицина тараўында төмендеги тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылады.

Бириншиден,  келеси жылы да коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўди системалы түрде даўам еттириў – ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири болады.

Бул жумыслар ушын 2021-жыл мәмлекетлик бюджетте 3 триллион сум резерв қәлиплестирилди. Усы қаржылардың есабынан, әлбетте, халықты коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары да әмелге асырылады.

Санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң сапасын арттырыў, оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм заманагөй лабораториялар шөлкемлестириўге 200 миллион доллар қаратылады.

Пандемия сабақларынан келип шыққан ҳалда, медицина тараўын санластырыў көлеми және де кеңейтиледи. Соның ишинде, барлық медицина мәкемелеринде аралық хызметлерди көбейтиў, поликлиника ҳәм емлеўханаларды электрон жумыс жүргизиўге өткериў илажлары көриледи. Сондай-ақ, республикалық қәнигелескен медицина орайлары ҳәм олардың филиаллары арасында телемедицина жолға қойылып, диагностика ҳәм емлеў ушын орынлардағы имканиятлар және де кеңейтиледи.

Екиншиден, ана ҳәм баланың саламатлығына итибар-жәмийетке, келешекке итибар.

Усы мақсетте кейинги жылдан баслап 15 жасқа шекемги балалар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға 7 түрдеги витаминлер, балалар ушын паразитар кеселликлерге қарсы дәри қураллары бийпул тарқатылады. Бул процесс пенен 2021-жылы – 11 миллион, 2022-жылы – 17 миллион халық қамтып алынады ҳәм бул жумысларға 100 миллиард сум қаржы қаратылады.

Ҳаяллар ҳәм балаларды йод, темир, фоли кислотасы, витаминлер ҳәм паразитлерге қарсы дәрилер менен бийпул тәмийинлеў арқалы халық арасында кемқанлық 25 процентке азайтылады.

Үшиншиден, медицинаның басланғыш буўынын күшейтиў, әсиресе, аўыл ҳәм мәҳәллерде медициналық хызметти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў зәрүр.

Бул бағдарда басланғыш буўында улыўма әмелият шыпакериниң орнына шаңарақлық шыпакер ҳәм оған жәрдемши сыпатында 5 орта медицина хызметкеринен ибарат «медициналық бригадалар» шөлкемлестириледи.

Ҳәр бир мәҳәлледе, ең дәслеп, 5 жасқа шекемги балалар, сондай-ақ, туўыў жасындағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, майыплығы болғанлар, қан-тамыр, онкологиялық, эндокрин сыяқлы кеселликлерге бейимлиги болған пуқаралар менен ислесиўдиң айрықша системасы енгизиледи.

Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри қуралларының дизими қайта қәлиплестирилип, олар менен халықты кепилликли тәмийинлеў системасы басқышпа-басқыш жолға қойылады.

Сондай-ақ, медициналық хызметлер көрсетиўде басланғыш буўынның қамтып алыўын кеңейтиў мақсетинде келеси 3 жылда 315 «шаңарақлық шыпакер» пункти ҳәм 85 шаңарақлық поликлиника иске қосылады.

Буннан тысқары, «аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде алыс аймақларда жумыс баслап атырған мыңнан аслам врачқа 30 миллион сумнан жәрдем пулы бериледи және олар хызмет турақ жайлары менен тәмийинленеди.

Алыс ҳәм шетки аймақларда дәслепки ҳәм қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм жәрдемге мүтәж халық ушын скрининг илажларына жеке меншик емлеўханалар да тартылып, оларға субсидия ажыратылады.

Орта буўын медицина хызметкерлери – мийирбийке ҳәм фельдшерлердиң абырайы ҳәм статусын арттырыўға айрықша итибар беремиз. Атап айтқанда, 47 Ибн Сина атындағы техникумларды ҳәр жылы питкеретуғын 20 мыңнан аслам ул-қызларымыз медицинаның бир неше тараўларында кәсип ийеси болып шығады. Сондай-ақ, орта буўын медицина хызметкерлерине «мийирбийкелик жумысы» менен еркин шуғылланыўы ушын руқсат бериледи.

Төртиншиден, ҳәзирги күнде 12 мыңнан аслам пуқараларымыз ақ қан ҳәм аўыр нәсиллик гемотологиялық кеселликтен қыйналмақта.

Сол себепли келеси жылы онко-гемотология тараўы ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлер бойынша қурамалы диагностика ҳәм медициналық әмелиятлар ушын бюджеттен 250 миллиард сум ажыратылады.

Өткир баўыр жетиспеўшилиги болған 5 мыңнан аслам наўқас болса биринши мәрте бийпул геодиализ хызмети менен қамтып алынады ҳәм усы мақсетлер ушын бюджеттен 140 миллиард сум қаратылады.

Сондай-ақ, эндокрин кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеў мақсетинде аймақлық емлеўханаларда арнаўлы бөлимлер шөлкемлестириледи. Буның ушын 2021-жылы бюджеттен 150 миллиард сум ажыратылады.

Және бир мәселе – халқымыздың үлкен бөлегин қыйнайтуғын өткир қан – тамыр кеселликлери бойынша 35 районлараралық орай шөлкемлестиремиз. Бул орайлар халыққа инфаркт ҳәм инсульт жағдайларында оператив ҳәм маман медициналық жәрдем көрсетиў арқалы өлимшилик ҳәм майыплықты азайтыўға хызмет етеди. Сол тәризде ҳәр жылы кеминде 30 мың инсанның өмири сақлап қалынады.

Бесиншиден,  денетәрбия ҳәм спортты және де ғалаба ен жайдырыў – халықтың саламатлығын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор.

Келеси жылы 70 денетәрбия ҳәм спорт мәкемеси,  16 мың бақша ҳәм мектеплерди спорт үскенелери менен тәмийинлеўге 100 миллиард сум ажыратылады. Сондай-ақ, барлық район орайлары ҳәм қалаларда арнаўлы пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылады.

Халықты ғалабалық спорт түрлерине кеңнен тартыў арқалы 2021-жылы қамтып алыўы ҳәзирги 19 проценттен 25 процентке жеткериледи.

Спорт ҳаққында айтқанда, және бир әҳмийетли ўазыйпаның алдымызда турғанын атап өтпекшимен.

Жақында Азия олимпиада кеңеси 2025-жылы Жаслар арасында Азия ойынларын Ташкент қаласында өткериў бойынша қарар қабыл етти. Бул елимизге көрсетилген үлкен исеним, десек, дурыс болады. Соның менен бирге оның жуўапкершилиги де үлкен екенин, барлығымыз жақсы түсинемиз, деп ойлайман. Материгимиз көлеминдеги усы жарысқа ҳәзирден баслап пуқта таярлық көриўимиз керек.

Алтыншыдан,  халқымыздың мәдений-ағартыўшылық турмысын жоқарылатыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Бунда мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын жанландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге бюджеттен 420 миллиард сум қаржы бағдарланады. Соның ишинде, аймақларда 22 театр ҳәм мәденият объекти қурылады ҳәм реконструкцияланады.

Ташкент қаласының орайында Миллий академиялық драма театры, белгили япон архитекторы Тадао Андо жойбары тийкарында жаңадан көркем өнер музейи, заманагөй китапхана және Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық дөретиўшилик мектебинен ибарат мәденият ҳәм ағартыўшылық комплексин қурыў бойынша әмелий жумыслар басланады. Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына бағышлап пайтахтымыз орайында «Истиқлол» комплекси бой тиклейди.

Алдын көп жыллар даўамында өткерип келинген Ташкент халықаралық кинофестивалы «Жипек жолы дүрданасы» – Ташкент халықаралық кинофестивалы атамасы менен қайта шөлкемлестириледи.

Усы жерде және бир әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен. Бай тарийхымыздың дүрданасы болған мәдений мийрасымызды қәстерлеп-сақлап, келешек әўладлар ушын зыянсыз жеткериўимиз керек. Ҳәзирги ўақытта олардың саны 7 мыңнан асламды қурайды.

Тилекке қарсы, кейинги ўақытларда бийбаҳа мәдений мийрасымыз болған айырым естеликлеримизге зыян жеткериў жағдайларының ушырасып атырғаны бул бағдарда итибар азайғанынан дәрек береди. Бул тек ғана Мәденият министрлиги емес, ал жергиликли ҳәкимликлер, мәҳәлле, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшиликтиң де дыққат орайында болыўы керек.

Ҳүкимет бир ай мүддетте мәдений мийрас объектлериниң есабын жүргизиў, сақлаў ҳәм қорғаўды тәмийинлеў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етиўи тийис.

Қәдирли халық ўәкиллери!

Жаңа жылда экономикалық реформалардың негизги мақсети кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат болады. Бул стратегиялық мақсетлерге ҳәмме ушын тең имканият жарататуғын жоқары экономикалық өсиў есабынан ерисиледи.

Соңғы 4 жылда  экономикамыздың барлық тараўларына базар механизмлерин енгизиў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды. Ендиги ўазыйпа-терең структуралық реформалар арқалы узақ мүддетли турақлы өсиўдиң тийкарын жаратыўдан ибарат. Соларды есапқа алып, кейинги жылы төмендеги бағдарларда кең қамтыўлы жумысларды әмелге асырамыз.

Бириншиден,  кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында комплексли қатнас ҳәм стандарт емес усылларды енгиземиз.

Бир ҳақыйқатты анық түсинип алыўымыз керек-кәмбағаллық мәселеси кредит, социаллық напақа ямаса турақ жай бериў менен өз-өзинен шешилип қалмайды. Буның ушын билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, кәсип-өнерге оқытыў, ишимлик суўы, энергия ҳәм жол инфраструктурасы менен байланыслы комплексли машқалаларды шешип барыў керек.

Не ушын биз «темир дәптер»ди енгиздик? Буннан мақсет-жәрдемге мүтәж халықты дурыс анықлаў ҳәм сол тийкарда, олар менен мәнзилли ислесиўди шөлкемлестириў.

Келеси жылдан толық иске түсетуғын «Социаллық реестр»де «темир дәптер»деги барлық мағлыўматлар қамтып алынып, жәрдемге мүтәж шаңарақларға 30 дан аслам социаллық хызметлер электрон түрде көрсетиледи.

Биринши гезекте, кәмбағал халықтың тийкарғы талапларын кепилленген түрде тәмийинлеўимиз керек. Бул мәселеде халықаралық экспертлер менен терең таллаў тийкарындағы есап-санақ жуўмағына жеткерилмекте. Келеси жылы 1-марттан баслап халықтың минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдары жәрияланады.

Ҳүкимет еки ай мүддетте социаллық кепилликлерди бир системаға келтирип оларды минимал нормалар дәрежесинде басқышпа-басқыш тәмийинлеў бойынша бағдарлама ислеп шықсын.

«Темир дәптер»ге киргизилген ҳәр бир пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў бойынша «мотивация, көнликпе ҳәм қаржылай жәрдем» принципи тийкарында жаңа механизм енгизиледи.

Кәмбағаллықтан шығып кетиў ушын ең әҳмийетли фактор – бул инсанның умтылыўы, өз күшине сүйенген ҳалда, анық мақсетке ҳәрекети болыўы керек. Сол мақсетте келеси жылы мәҳәллелерде  халықты кәсип-өнерге оқытыў бойынша мыңнан аслам орайлар шөлкемлестириледи. Бунда кәсип-өнерге оқытылған ҳәр бир пуқара ушын оқыў орайларына 1 миллион сумға шекемги субсидия берилип, оның ушын бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылады. Оқыў курсларын тамамлап, өз бизнесин  басламақшы болған пуқараларға әсбап-үскене сатып алыў ушын 7 миллион субсидиялар бериледи.

Сондай-ақ, ҳәр бир районның имканияты ҳәм раўажланыў жолынан келип шығып, дийқаншылық пенен шуғылланатуғын шаңарақларға 10 сотихтан 1 гектарға шекемги жер майданлары ажыратылады.

Жәрдемге мүтәж халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге Бәнтликке көмеклесиў және Жәмийетлик жумыслар қорларынан 500 миллиард сум қаратылады.

Пандемия шараятында өз жумысын жоғалтқан халықтың кәмбағаллыққа түсип қалыўына жол қоймаўымыз керек. Соның ушын келеси жылдан баслап жаңа система енгизиледи. Оған бола, ўақтынша жумыссызлық напақасы 3 есеге арттырылады ҳәм онда 6 ҳүжжет талап етилетуғын ески бюрократлық тәртип бийкар етиледи.

Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында аймақлардағы ҳақыйқый жағдайға баҳа бериў, әмелге асырылып атырған жумыслардың орынланыўын қадағалаў Олий Мажлис палаталары ҳәм жергиликли Кеңеслердиң дыққат орайында болыўы керек.

Ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкими бир ай мүддетте өз аймағында кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығып, оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе жергиликли Кеңеслерде және ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа есабат берип барыўы зәрүр. Бул мәселе барлық басшылардың бириши дәрежели ўазыйпасы ҳәм жумыс нәтийжесин баҳалайтуғын тийкарғы өлшемге айланыўы керек.

Екиншиден, экономикада структуралық өзгерислерди әмелге асырыўда мәмлекетлик компанияларды трансформациялаўды жеделлестириў керек.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың айырымлары қаржылық жақтан турақлы болмағаны ушын мәмлекетке аўыр жүк болып қалмақта. Соның ушын, усы жылдан барлық мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў бағдарламасы әмелге асырылмақта. Соның ишинде, келеси жылы Наўайы кән-металлургия комбинаты, «Өзбекнефтьгаз», «Өзбекгидроэнерго», «Өзавтосанаат» акционерлик жәмийетлери халықаралық финанс базарына шығып, мәмлекет кепилисиз қаржы тартыў имканиятына ийе болады.

Қәнигелердиң билим ҳәм маманлығы, ири кәрханалардың техникалық имканиятлары, оларды еркин трансформациялаў ушын жетерли емес екенлигин тән алыў керек. Соның ушын электр энергетикасы, нефть-газ ҳәм химия санааты, машина қурылысындағы ири кәрханалар және коммерциялық банклерди реформалаўға Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки және «МакКинзи», «Бостон кансалтинг Групп», «Ротшильд» сыяқлы халықаралық тән алынған компаниялар тартылды.

2021-жылы стратегиялық әҳмийетке ийе болған 32 ири кәрхана ҳәм тармақты трансформациялаў жумыслары әмелге асырылады. Банклердиң жумысына санлы технологияларды кеңнен енгизиў итибарымыз орайында болады.

2021-жылы «Санаатқурылысбанк», «Асака банк», «Ипотека банк», «Алоқа банк», «Туран банк», «Қишлоқ қурилиш банк»ти меншиклестириўге таярлаймыз. Кеминде бир ири банктеги мәмлекет үлеси стратегиялық инвесторларға толық сатылады. Бул бағдарда жетекши Европа банклери менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Структуралық реформалардың және бир бағдары бул – мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын азайтыў.

Биз мәмлекетлик активлерди ашық-айдын ҳәм нәтийжели сатыў ушын, халықаралық финанслық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда, бир қатар кәрханаларда меншиклестириўге байланыслы кең қамтыўлы жумысларды басладық.

Келеси жылы «Ферғана азот» ҳәм «Дийқанабад калий» заводлары, «Кока-кола ишимлиги» кәрханасы, «Билдирсай» ҳәм «Чарвоқ» дем алыў орынлары, «Ийшан қала» ҳәм «Ҳайат Реженси» мийманханалары, «Пайтахт» бизнес комплекси, алкоголь, май сыяқлы тармақлардағы 83 ири кәрханадағы мәмлекет үлеси сатыўға қойылады.

Улыўма алғанда, мәмлекетлик үлес болған кәрханалардың саны, келеси еки жылда кеминде 3 есе қысқартылады.

Үшиншиден,  товар ҳәм финанс базарларында еркин бәсеки орталығын қәлиплестириў және исбилерменлерге шийки зат сатып алыў ушын теңдей имканиятлар жаратыў зәрүр.

Ҳәзирги күнде электр энергиясы, газ, баҳалы металлар, минерал төгинлер, транспорт хызметлери сыяқлы бағдарларда монопол базарлар бар болып, оларда көплеген машқалалар сақланып қалмақта.

Усы жерде бир мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен. Экономикалық жеделлик ҳәм халықтың дәраматлары өскени сайын, энергия ресурсларына болған талап артып барады. Соның ушын, нефть-газ ҳәм энергетика тараўларындағы реформаларды ҳәм басланған ири жойбарларды ақырына жеткериўимиз керек. Соның ишинде 2021-жылы мәмлекетлик ҳәм жеке меншик электр станциялары және тутыныўшылар арасында электр энергиясының көтере базарын қәлиплестириў басланады.

Сондай-ақ, тәбийғый газ тәмийнатында монополияны бийкар етип, базар механизмлерин енгиземиз. Бунда ислеп шығарыўшы ҳәм импортёрларға биржа арқалы тәбийғый газди сатыў, көтере тутыныўшылар болса газди сатып алыў ҳуқықына ийе болады. «Өзтрансгаз» компаниясы болса тек ғана газди транспортировкалайды.

Суйылттырылған газ базарында жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў мақсетинде оның импортына орнатылған бажылар бийкар етиледи.

Зергерлик тараўында да исбилерменлерге шийки зат сатып алыў ушын кең имканиятлар жаратылады. Бунда келеси жылы 1-марттан баслап, гүмисти биржа арқалы ислеп шығарыўшыларға еркин сатыў тәртиби орнатылады.

Автомобиль санаатында саламат бәсеки орталығын раўажландырыў ҳәм кәрханаларға теңдең шараятлар жаратыў арқалы тараўда ислеп шығарыўшылардың саны көбейтиледи.

2021-жылдан баслап азық-аўқат, нефть ҳәм электротехника сыяқлы тармақларда 73 акциз салығы бийкар етиледи.

Және бир мәселе – ҳәзирги күнде мәмлекетлик сатып алыўларда тек ғана 4 процент исбилермен қатнаспақта. Келеси жылы 24 ири мәмлекетлик кәрханаға мәмлекетлик сатып алыў бойынша ашық-айдын талаплар енгизиледи. Нәтийжеде жергиликли исбилерменлеримиз ҳәр жылы кеминде 10 триллион сумлық өнимлерин усы кәрханаларға сатыў имканиятына ийе болады.

Буннан былай барлық мәмлекетлик сатып алыўлар жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўда болады.

Төртиншиден,  экономикалық өсиўге,  бәринен бурын, бәсекиге шыдамлы санаат шынжырларын жаратыў және бундай жағдайларға инвестицияларды көбейтиў арқалы ерисиледи.

Гарвард университетиниң изертлеўлерине бола, елимиз 50 ден аслам санаат өнимлерин санаат өнимлерин ислеп шығарыўда барлық имканиятлар ҳәм салыстармалы үстинликлерге ийе. Әсиресе, нефтьгаз-химия, металлургия, машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, қурылыс материаллары, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, азық-аўқат және «жасыл экономика» менен байланыслы санаат тармақлары экономикамыздың «драйверлери»не айланыўы ушын барлық жетерли шараятлар бар.

Бул тармақларда жеке меншик сектордың басламалары ҳәм жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаў және кооперацияны раўажландырыў бойынша барлық илажлар көриў керек.

Ҳәзирги күнде Ғазғондағы декоратив таслар, Намангандағы таяр кийим-кеншек, Ташкент қаласы Яшнобад районындағы «Технопарк» сыяқлы санаат кластерлери өз нәтийжесин көрсетип, бул система абзаллықларын көрсетпекте.

Ҳүкимет келеси жыл 1-апрельге шекем перспективалы санаат кластерлери дизимин анықлап, оларды жедел раўажландырыў ушын айрықша бағдарлама ислеп шықсын.

Сондай-ақ, «бажыхана аймағында қайта ислеў режими»нде санаат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүр.

Соның менен бирге, инвестиция сиясатын жүргизиўде мәмлекеттиң қатнасыўын төменлетиў, жеке меншик ҳәм тиккелей инвестициялардың үлесин арттырыў керек.

Геология тараўында усы жылы 21  кән ҳәм перспективалы майданлар ашық аукцион арқалы инвесторларға сатылды. 2021-жылы және 50 кән ҳәм перспективалы майданлар жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына ашық механизмлер тийкарында сатылады. Бундай жумысларды басқа бағдарларда да даўам еттириўимиз керек.

Улыўма алғанда, келеси жылы 23 миллиард долларлық баҳада инвестицияларды өзлестириў зәрүр. Нәтийжеде  226 ири санаат ҳәм инфраструктуралық объектлери иске түсириледи.

Наўайы кән-металлургия  комбинатында 2 ири металлургия заводы, Алмалық кән-металлургия  комбинатында техноген руданы қайта ислеў заводы, сондай-ақ, республикамыз бойынша тоқымашылық, қурылыс материаллары, аяқ-кийим, азық-аўқат ҳәм фармацевтика тармақларында жүзлеп жаңа өндирис қуўатлылығы жаратылады.

Тек ғана Ташкенттеги «Яшнобод» технопаркинде және 11 заманагөй электротехника кәрханасы иске түсирилип, ол жерде жәми кәрханалардың саны 17 ге ҳәм жумысшылар саны 11 мыңға шекем жеткериледи.

Ташкент, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья ўәлаятларында жәми қуўатлылығы 760 мегаватт болған жаңа электр станциялары иске түсириледи.

Қашқадәрья ўәлаятында баҳасы  3 миллиард  600 миллион доллар болған, жылына  1,5  миллион тонна керосин, дизель жанылғысы ҳәм суйылттырылған газ ислеп шығаратуғын комплекс толық өним берип баслайды.

Бесиншиден, макроэкономикалық турақлылық – экономикалық реформалардың беккем қорғаны есапланады.

Соның ушын келеси жылы инфляциялық таргетлеў шеңберинде баҳаның өсиўин 10 проценттен асырмаў Орайлық банк ҳәм Ҳүкиметтиң тийкарғы ўазыйпасы болады. Бул бағдарда глобал пандемия азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қатаң итибар қаратыў зәрүрлигин және бир мәрте тастыйықлады. Сол себепли де тийкарғы азық-аўқат өнимлери баҳасының кескин артып кетиўине жол қоймаў мақсетинде импорт тараўындағы бажы төлемлери бойынша берилген жеңилликлер  және бир жылға созылады.

Улыўма айтқанда, халқымыз тыныш болыўы керекҮ сапалы азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, бул бағдарда кепилленген резервти жаратыў ҳәм оларды базарға үзликсиз жеткерип бериў және баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў жумысларына үстин дәрежеде итибар қаратылады. Буның ушын Ҳүкимет ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен барлық илажлар көриледи және бул мәселе Президенттиң турақлы қадағалаўында болады.

Сондай-ақ, 2021-жылы экономиканы кеминде  5 процентке өсириў, бюджет дефицитин жалпы ишки өнимге салыстырғанда  5,4 проценттен аспаўын тәмийинлеўимиз зәрүр. Келеси  2 жылда болса бюджет дефицитин 2 проценттен арттырмаў бойынша Ҳүкимет зәрүр илажларды белгилеўи керек.

Мине, валюта базары еркинлескенине де 3 жылдан асты. Усы дәўирде еркин валюта алмастырыў бойынша елимизде жетерли тәжирийбе топланды. Енди экономикамыздың сырт ел валютасына байланыслы дәрежесин басқышпа-басқыш азайтыў керек. Усы мақсетте келеси жылда валюта кредитлери үлесин ҳәзирги  50 проценттен  45  процентке, яғный кеминде 2  миллиард долларға төменлетиў керек.

Жаңа жылда миллий валюта  шығарылатуғын халықаралық облигациялардың үлесин ҳәзирги 25 проценттен кеминде  40 процентке арттырыў зәрүр.

Соның менен бирге, келеси жылы банклер аралық валюта базары «онлайн» платформаға өткериледи ҳәм исбилерменлерге валютаны тиккелей банктиң өзинен сатып алыў ушын имканият жаратылады. Нәтийжеде исбилерменлер валютаны ҳәзиргидей 4 күнде емес, ярым саатта сатып алыўы мүмкин болады.

Және бир мәселе – ҳәзирги күнде Өзбекстанның мәмлекетлик сыртқы қарызы Жәҳән банки ҳәм Халықаралық валюта қоры нормаларына бола қәўипсиз есапланады. Ҳәзирги ўақытта сыртқы қарыз есабынан  аймақларда әмелге асырылатуғын жойбарлар буннан былай жергиликли Кеңеслер ҳәм жәмийетшилик додалаўынан өткериледи. Олардың нәтийжелери ҳаққында жәмийетшиликке есабат бериў системасы жолға қойылады.

Сондай-ақ, мәмлекет атынан сыртқы қарыз алыў азайтылып, инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларына көбирек жеке меншик капитал тартылады. Мәселен, кейинги жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 40 тан аслам ири ҳәм орта жойбарларды әмелге асырыў басланады.

Орайлық банк финанс базарында бәсекини арттырыў мақсетинде 1-февральға шекем банк болмаған кредит шөлкемлери ҳаққында нызам жойбарын киргизсин.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде ислам финанслық хызметлерин енгизиў бойынша ҳуқықый базаны жаратыў ўақты келди. Буған Ислам раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанслық шөлкемлердиң экспертлери тартылады.

Алтыншыдан, исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бойынша және де қолайлы шараятлар жаратылады.

Бир нәрсени айрықша атап өтиў керек, пандемия дәўиринде экономиканың турақлы ислеўи ушын исбилерменлер мәмлекет пенен теппе-теңдей үлес қосты. Соның ушын ҳәммемиз исбилерменлерге ийинлес болып, оларды бәрқулла қоллап-қуўатлаўымыз шәрт. Бул бағдарда исбилерменлердиң ҳуқықларын, әсиресе, жеке мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў – барлық дәрежедеги уйымлардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр.

Соның менен бирге, айырым орынларда мәмлекетлик уйымлар системасындағы басшы ҳәм жуўапкерлер тәрепинен исбилерменлердиң мүлкке байланыслы ҳуқықларын бузыў жағдайлары даўам етпекте. Бундай мәпгөйлерди ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша Бизнес – Омбудсманға ўәкиллик бериўди усыныс етемен.

Келеси жылы «Салықшы – жәрдемши» принципи тийкарында исбилерменлер ушын олардың бизнес шеригиниң салық қарыздарлығы ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.

Исбилерменлерге және де қолайлылық жаратыў мақсетинде 105 лицензия ҳәм рухсатнама түрлери бийкар етиледи, 115 и бойынша болса тәртип-қағыйдалар әпиўайыластырылады.

Пандемия шараятында айланба қаржы жетиспеўшилигине дус келген исбилерменлеримиз аяққа турып алыўы ушын оларға жәрдем бериўди даўам еттиремиз.

Туризм, транспорт ҳәм улыўма аўқатланыў тараўларына берилген жеңилликлер келеси жылдың ақырына шекем созылады. Сондай-ақ, 20 мың исбилерменниң 400 миллиард сумлық жер ҳәм мүлк салығын төлеў мүддетин және бир жылға созыўды усыныс етемен.

Буннан тысқары, 1 миллиард сумға шекем мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде аванс муғдары 30 процентке жеткериледи.

Улыўма, исбилерменликти қаржылай қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды даўам еттириў мақсетинде шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде келеси жылы 6 триллион сум жеңилликли кредитлер ажыратылады. Сондай-ақ, Ҳүкимет тәрепинен Жәҳән банки менен биргеликте басланған аўылларда исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасын кеңейтиў ушын қосымша 100 миллион доллар қаратылады.

Исбилерменлик жумысы менен байланыслы 5 мыңға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қайта көрип шығылып, олардың саны қысқартылады ҳәм Исбилерменлик кодекси ислеп шығылады.

Хабарыңыз бар, буннан 4 жыл алдын исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткериўге мораторий жәриялаған едик. Оның нәтийжесинде өткен дәўирде исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 400 мыңға жетти. Соның ушын мораторий мүддетин және бир жылға созыўды усыныс етемен.

Соның менен бирге, Ҳүкимет тәрепинен базарда тең бәсеки орталығын жаратыў ҳәм ҳадал-пәк исбилерменликти-қайталап айтаман-заманагөй технологиялар тийкарында ислеп атырған ҳүжданлы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде «жасырын экономика»ны қысқартыўға қаратылған механизмлер енгизиледи.

Жетиншиден, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм аўыл халқының дәраматларын көбейтиўде ең тез нәтийже беретуғын фактор – бул аўыл хожалығында өнимдарлық ҳәм нәтийжелиликти кескин арттырыў болып есапланады.

Бунда ҳәр гектар жерден алынатуғын дәраматты ҳәзирги орташа 2 мың доллардан кеминде 5 мың долларға шекем жеткериў тийкарғы ўазыйпа етип қойылады. Буның ушын аўыл хожалығына ең алдыңғы технологиялар, суўды үнемлейтуғын ҳәм биотехнологияларды, туқымгершилик, илим ҳәм инновациялар тараўындағы жетискенликлерди кеңнен енгизиўимиз зәрүр.

Бәринен бурын, фермер ҳәм дийқанлардың жерден мәпдарлығын арттырыў керек. Мәпдарлық ҳәм әдиллик болған жерде, әлбетте, өзгерис ҳәм өсиў болады. Бул бағдарда жерден пайдаланыў ҳуқықларына кепиллик бериў ҳәм жерлерди базар активлерине айландырыў мәселесин көрип шығыў ўақты келди.

Соның ушын Ҳүкимет еки ай мүддетте жерден пайдаланыў ҳуқықын беккемлеў, оның экономикалық баҳасын белгилеў ҳәм финанслық айланысқа киргизиў механизмлерин енгизиў бойынша усыныс киргизсин.

Келеси жылы барлық ўәлаятларда Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар орайлары шөлкемлестирилип, оларда «бир айна» принципи тийкарында 100 ден аслам агрохызметлер көрсетиў жолға қойылады. Бул орайлар арқалы жердиң сапасын жақсылаў, кеселликлерге қарсы гүресиў, туқымгершиликти таңлаў менен байланыслы әҳмийетли хызметлер көрсетиледи.

Аўыл хожалығын модернизациялаў, санластырыў, жердиң өнимдарлығын арттырыў, заманагөй агротехникаларды енгизиўге биринши мәрте 600 миллион доллардан аслам кередит ҳәм грант қаржылары тартылады.

Суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилетуғын жер майданлары 5 есеге көбейтилип, 430 мың гектарға жеткериледи, 90 мың гектар жаңа жерлер өзлестириледи.

Сегизиншиден, барлық ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери биринши мәрте 2020-жылдың басында өзине алған миннетлеме ҳәм режелердиң орынланыўы ҳаққында жергиликли Кеңеслер алдында есабат берди.

Бүгинги күнде жумысымыздағы ең үлкен кемшилик – билимниң жетиспеўшилиги, тилекке қарсы, барлық тараўларда сезилмекте.

Бирде-бир аймақты да, тармақты да заманагөй илим ҳәм билимлерсиз раўажландырып болмайды. Раўажланған мәмлекетлерде жалпы ишки өнимниң 50 проценттен асламы «билимлер экономикасы» есабынан, яғный инновациялар ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар тәпенинен жаратылып атырғанлығы буны айқын дәлиллемекте.

Буннан былай ҳәр бир аўыл ямаса мәҳәлле өз бағдары ҳәм «өсиў ноқатлары»нан келип шығып раўажландырылады. Буның ушын келеси жылы 3 триллион сумлық қаржыға ийе болатуғын аймақлардың инфраструктурасын раўажландырыў қорын дүзиўди усыныс етемен. Қордың қаржылары жергиликли Кеңеслердиң усынысларына тийкарланып инфрастуктура жойбарларын биргеликте қаржыландырыўға бағдарланады.

Сондай-ақ, 84 район ҳәм қалада санаат потенциалын буннан былайда арттырыў ушын 100 технопарк, киши санаат зоналары, аймақлық кластер ҳәм логистика орайлары шөлкемлестириледи.

Келеси жылы еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын инфраструктуралар менен тәмийинлеў ушын 1,6 триллион сум қаратылады.

Ҳүкимет аймақларда 130 мың километр узынлықтағы төмен күшлениўли электр тармақларын ҳәм 40 мыңнан аслам трасформаторды басқышпа-басқыш жаңалаў бағдарламасын келеси жыл 1-апрельге шекем тастыйықлаўы зәрүр. Сондай-ақ, 5 мыңнан аслам оңлаўға мүтәж көпирди тиклеў бойынша бағдарлама қабыл етиледи. Бул жумысларға 2021-жыла 400 миллиард сум қаржы қаратылады.

Және бир әҳмийетли мәселе – соңғы 3 жылда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 5 миллионға шамалас халық жасайтуғын 1 мың 200 мәҳәлле ҳәм аўыллардың көриниси түп-тийкарынан өзгерди. Бирақ пандемия себепли бул бағдардағы жумысларымызды ўақтынша тоқтатыўға мәжбүр болған едик.

Ҳүкимет бир ай мүддетте 2021-жыл ушын «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын ислеп шығып, тастыйықласын. Бул бағдарламаларды республикалық ҳәм жергиликли бюджетлер тәрепинен теңдей үлеслерде қаржыландырыўды нәзерде тутсын.

Халықаралық финанс иниститутлары да усы бағдарламада қатнасыў ушын 270 миллион доллар ажыратыўға таяр екенлигин билдирди.

Аймақлардың раўажланыўы ушын әҳмийетли факторлардан бири бул – олардың арасында транспорт байланысын оңлаў болып есапланады. Қысқа етип айтқанда, барлық елатлы пунктлерден пайтахтымызға, ең ири қалалар ҳәм туристлик орайларға тез келип-кетиў имканиятын беретуғын, өз-ара байланысқан транспорт тармағын жаратыўымыз зәрүр.

Усы мақсетте Ҳүкиметке кейинги жыл 1-марттан баслап ишки туризм бағдарларындағы авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм авиабилет баҳасының бир бөлегин бюджеттен қаплап бериў системасын енгизиў ўазыйпасы жүкленеди.

Сондай-ақ, бир қатар аймақлық аэропортлар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сыртқы басқарыўға бериледи.

Кейинги жылы 2 тез жүрер поезд ҳәрекети жолға қойылады, Бухара-Үргенш-Хийўа темир жолын электрлестириў басланады.

Елатлы пунктлер арасындағы, әсиресе, аўылларды районлар орайлары менен байланыстыратуғын үзиликсиз автобус қатнаўлары жеке меншик секторды тартыў арқалы көбейтиледи.

Ташкент қаласында жер үсти метросының 12 километрлик екинши басқышы пайдаланыўға тапсырылады. Усылайынша жер асты ҳәм жер үсти метро линиялары бир тутас система сыпатында бир-бирине жалғанады.

Туризмди раўажландырыў бойынша 2021-жылы да избе-из реформаларды  даўам еттиремиз. Әсиресе, зыярат туризми ҳәм ишки туризмди раўажландырыўға айрықша итибар бериледи. Сондай-ақ, туризм объектлери жанындағы жер майданлары суў ҳәм жол инфраструктураларын жақсылаў ушын бюджеттен 1 триллион сум ажыратылады.

Тоғызыншыдан, келеси жылы халықты социаллық қорғаў және де күшейтиледи.

Майыплылықты белгилеўдиң жәҳән стандаратларына сәйкес «социаллық модели»не басқышпа-басқыш өтиледи.

Мүтәж халықты протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация қураллары менен тәмийинлеў бойынша жаңа система енгизиледи. Бул имканияттан дерлик 50 мың ўатанласымыз пайдаланыўы мүмкин болады.

Мүтәж шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумысларымыздың көлеми және де кеңейтиледи. Бунда 27 мың ямаса усы жылға салыстырғанда 2,5 есеге көп шаңарақтың ипотека кредити бойынша дәслепки төлемлерин төлеў ҳәм кредит процентлерин субсидиялаў ушын 2,4 триллион сум қаратылады.

Оныншыдан, жаңа экспорт базарларына шығыў Ҳүкиметтиң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып қалады.

Келеси жылы Жәҳән саўда шөлкемине ағзалық мәселеси және Европа Аўқамы менен кең көлемли бирге ислесиў бойынша жумысларды жеделллестириў зәрүр.

“GSP+” системасы шеңберинде жеңилликлерди мәмлекетимизде нәтийжели қолланыў ушын айрықша бағдарлама ислеп шығыў керек.

Өзбекстан жақында Евроазия экономикалық аўқамында бақлаўшы статусын алды. Бул шөлкемге ағза болған мәмлекетлердиң базарларында толық қатнасыў ушын миллий техникалық тәртипке салыў нормаларын олардың талапларына бейимлестириў бойынша жумысларды жеделлестириў зәрүр.

Келеси жылы кәрханаларға шийки зат сатып алыў ҳәм экспортқа қолайлы өнимлерди ислеп шығарыў ушын Экспортты қоллап-қуўатлаў қорынан 100 миллион доллар ажыратылады.

Экспорт етиўшилерге сырт елде саўда үйлери ҳәм дүканлар ашыў және реклама қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи.

Улыўма, Ҳүкиметке келеси жылы товар ҳәм хызметлердиң экспортын кеинде 20 процентке арттырыў ўазыйпасы тапсырылады.

Ҳүрметли парламент ағзалары!

Реформаларымыз халқымыздың күнделикли турмысында өз көринисин табыўы, күткен нәтийжелеримизге ерисиў көп жағынан мәмлекетлик басқарыўдағы нәтийжелиликке тиккелей байланыслы. Усы мақсетте келеси жылы төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў зәрүр.

Бириншиден, Мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў талап етиледи.

Көп министрликлер ҳәм уйымлардың жумысында қарар қабыл етиў оғада орайласқан. Олардың ўазыйпалары анық ҳәм толық белгиленбегенлиги себепли жумысларында бир-бирин қайталаў жағдайлары бар. Себеби – көпшилик министр орынбасарлары, орта буўын басшылары мәселени шешиў ушын баслама көрсете алмайды.

Бунын себеби неде? Олардың я билими, тәжирийбеси жоқ, я исеними жетпейди, ямаса коррупцияға берилген.

Тилекке қарсы, бундай басшылар халық күтип атырған турмыслық машқалаларды шешиўдиң орнына керексиз қағазпазлық ҳәм нәтийжесиз мәжилислер өткериў менен әўере болып қалмақта.

Және бир әҳмийетли кемшилик сол, санлы технологияларды кеңнен енгизиў есабынан хызметкерлердиң санын ҳәм жумыс процесслерин оптималластырыў илажлары көрилмей атыр.

Соның ушын Ҳүкимет еки ай мүддетте басқарыўда бир-бирин қайталайтуғын уйымлар, функциялар ҳәм бюрократлық тосқынлықларды қысқартыў бойынша ҳүжжетлер жойбарларын таярласын. Онда мәмлекетлик басқарыў хызметкерлериниң саны орташа 15 процентке шекем оптималластырыўды нәзерде тутыў зәрүр.

Келеси жылдың ақырына шекем электрон мәмлекетлик хызметлерди 60 қа көбейтип,  оларды 300 ге, аралықтан хызметлердиң үлесин болса кеминде 60 процентке жеткериў зәрүр.

Екиншиден, басқарыў уйымларының аймақлық мәселелерди шешиўдеги жуўапкершилиги күшейтиледи.

Келеси жылдың басынан ҳәр бир министрлик өз жумысын район, қала, аўыл ҳәм мәҳәлле кесиминде режелестиреди ҳәм шөлкемлестиреди. Министрлер ҳәм олардың орынбасарларының жумысына орынларда әмелде қандай өзгерис болғанына қарап баҳа бериледи.

Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, өзлериниң төменги система басшылары ҳәм хызметкерлерин жаңаша талаплар ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында нәтийжели ислеўге үйретиў ҳәм тәжирийбесин турақлы арттырып барыў ушын жуўапкер болады.

Депутат ҳәм сенаторларды өзлери сайланған аймақтағы машқалалар, тийисли министрликлер ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен қандай дәрежеде шешилип атырғанлығын бәрқулла үйренип, қадағалап барыўға шақыраман.

Усы жерде және бир мәселе – район, қала ҳәм мәҳәлле басқарыўында нәтийжелиликти арттырыў ушын хызметкерлердиң саны ҳәм мийнет ҳақысын аймақтың өзине тәнлиги ҳәм жумыс көлеминен келип шығып белгилеў зәрүр. Мәселен, Самарқанд ўәлаятының Пахташы районында 150 мың, ^ргит районында 500 мыңнан аслам халық жасайды. Ямаса Шайхонтоҳур районының халқы дерлик 350 мың, Бектемирде болса – 46 мың. Бирақ бул районларда басқарыў хызметкерлериниң саны ҳәм олардың мийнет ҳақысы бир-биринен үлкен парық етпейди.

Соның ушын Ҳүкимет еки ай мүддетте орта ҳәм төменги буўын басқарыў уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, олардағы хызметкерлердиң саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў шәртлерин қайта көрип шығыў бойынша қарар жойбарын киргизсин.

Үшиншиден, жергиликли атқарыў уйымлары, ўәкиллик уйымлары және мәҳәллениң институционаллық тийкарларын және де жетилистириў зәрүр.

Жергиликли ҳәкимлик ҳәм Кеңеслер буннан 27 жыл бурын, яғный ҳәкимлик институты енгизилген дәслепки ўақытта қабыл етилген нызам тийкарында  ислемекте. Бул  ҳүжжет бүгинги реформаларымыз талапларына улыўма жуўап бермейтуғынлығын есапқа алып, оны түп-тийкарынан жаңалаў зәрүр.

Реформаларымыздың нәтийжелери, болып атырған өзгерислер ҳәм халықтың кейпияты бәринен бурын мәҳәлледе сезиледи. Усы мәнисте, «мәҳәлле – жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүжданының айнасы», десек, дурыс болады. Соның ушын барлық дәрежедеги басшылар төменге түсип, өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги машқалаларды үйрениўи ҳәм оларға шешим табыўы, адамлар сезетуғын нәтийжени тәмийинлеўи шәрт.

Буннан былай мәҳәлледеги жумыслардың аўҳалы министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлердиң жумысын  баҳалаўда баслы норма болады.

Сондай-ақ, мәҳәллениң абырайын, оның ресурс ҳәм имканиятларын арттырыў, хызметкерлериниң материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў зәрүр.

Усы жылы районлардың бюджетине қосымша дәреклердиң кеминде 10 процентин тиккелей мәҳәлледеги машқалалардағы шешиўге жумсаў бойынша жумысларды баслап, бул мақсетлерге 70 миллиард сум ажыратылды. Енди бул ўәкилликти кеңейтип, район бюджети қәрежетлериниң 5 процентин де және усындай мақсетлерге бағдарлаў бойынша жаңа тәртип енгизиледи.

Буның нәтийжесинде бул жаңа эксперимент арқалы бир ғана Ғиждувон районында 8 миллиард сум  ямаса Ферғана қаласында 11 миллиард сум қаржы әйне халық әҳмийетли деп есаплайтуғын машқалаларды шешиў ушын жумсалады.

Мәҳәлле баслығы ҳәм оның орынбасарлары ўәкилликлерин кеңейтип, оларға халық машқалаларын тиккелей шешиў имканиятын жаратыўымыз керек. Бунда мәҳәллениң баслығына жергиликли Кеңес мәжилисинде көрилиўи мәжбүрий болған мәселелерди киргизиў ҳуқуқын бериў лазым. Бул арқалы машқалаларды тез шешиўге ерисиў имканияты жаратылады.

Мәҳәлледе ислеп атырған тәжирийбели ҳәм интакер кадрларды мәмлекетлик уйымлардың басшы лаўазымларына усыныс етиў системасы жолға қойылады.

Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат, Министрлер Кабинети менен бирге 2021-жыл 1-апрельге шекем жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлар және мәҳәлле институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы жаңа нызам жойбарларын ислеп шықсын. Бул ҳүжжетлерде ҳәкимлер, олардың орынбасарлары ҳәм мәсләҳәтшилериниң ўәкиллик шегарасы, ўазыйпа ҳәм функциялары анық белгилениўи зәрүр.

Төртиншиден, коррупцияның ҳәр қандай көринисине маўасасыз болыў күнделикли турмыс тәрзимизге айланыўы шәрт.

Бул иллетке қарсы гүресиўге барлық мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар, жәмийетлик шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, улыўма ҳәр бир пуқара мобилизацияланыўы зәрүр.

Коррупция оғада аўыр жынаят екенилиги ҳәм оған маўасасыз болыў идеясын перзентлеримизге жаслық дәўиринен баслап сиңдириўимиз, оларға тек ҳадал мийнет ҳәм исбилерменлик арқалы дәрамат табыўды үйретиўимиз зәрүр.

Сондай-ақ, коррупцияның алдын алыўда барлық мәмлекетлик уйымларда қарар қабыл етиў процесслери, ашық-айдын болыўын тәмийинлеў шешиўши әҳмийетке ийе. Мәселен, пуқараларымыз усы жылдан баслап ашық-айдын жәрияланып атырған мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы мағлыўматлардан пайдаланып, орынлы мәселелерди көтермекте.

Қаржы министрлиги үш ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар бюджеттен тысқары қорларының дәрамат ҳәм қәрежетлери, мәмлекетлик үлеске ийе болған шөлкемлердиң сатып алыўлары, мәмлекетлик субсидия ҳәм грантларына байланыслы мағлаўматларды жәриялаў әмилиятын жолға қойсын.

Буннан тысқары, кейинги еки жылда ҳәкимлердиң 2,5 мыңға шамалас қарары судлар тәрепинен бийкар етилгенлиги буннан былай олардың қарар қабыл етиўинде ашық-айдынлықтың зәрүр екенлигин талап етпекте. Соның ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын есапқа қойыў ҳәм жәриялаў бойынша электрон мәлимлеме системасы енгизиледи.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги бир ай мүддетте ашық жәрияланыўы зәрүр болған мағлыўматлардың дизимин кеңейтиў бойынша усыныс киргизсин.

Коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели қуралларынан бири – кадрларды таңлаў ҳәм жумысқа қабыл етиўдиң ашық системасын жолға қойыўдан ибарат. Усы система тийкарында кадрларды таңлаўда ески усыллардан ўаз кешип, олардың интеллектуаллық потенциалын, мәнаўий пазыйлетлерин баҳалайтуғын ашық-айдын  таңлаў системасы енгизиледи.

Сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў бойынша мәмлекетлик хызметкерлерди турақлы оқытыў ҳәм билимин баҳалап барыў системасы жолға қойылады.

Бесиншиден, реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир инсан өз турмысында сезиўи ушын қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң орынланыўын өз ўақтында ҳәм нәтийжели тәмийинлеў зәрүр.

Соңғы 4 жылда барлық тараўларда кең көлемли өзгерислерди арттырыў бойынша 150 нызам, 2 мыңға шамалас пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бирақ орынларда барлық басшылар да бул ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсинип, берилген имканиятлардан пайдаланбақта, халық ҳәм исбилерменлерге зәрүр шараят жаратпақта, деп айта алмаймыз.

Әмелдеги қадағалаў системасы болса көбирек формал түске ийе болып, орынлаўды шөлкемлестириўдеги машқалаларды анықлаў ҳәм шешиўге бағдарланып атырған жоқ. Соның ушын келеси жыл бул бағдарда жаңа жумыс системасы енгизиледи.

Енди Әдиллик министрлиги, оның аймақлық басқарма ҳәм бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпасы қабыл етилген ҳүжжетлерди жуўапкерлерге жеткериў, түсиндириў, әмелиятта қолланыўға жәрдем бериў ҳәм қадағалаўдан ибарат болады. Усы мақсетте Әдиллик министригине зәрүр ўәкиллик ҳәм ресурслар бериледи.

Сондай-ақ, қабыл етилген ҳүжжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириўде жәмийетшиликтиң қатнасы ҳәм қадағалаўы кеңнен жолға қойылады. Соның ишинде «жәмийетшилик тыңлаўлары» ҳәм «жәмийетшилик мониторинги» системасы енгизиледи. Бул процесске пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқараларда белсене тартылады.

Сондай-ақ, таллаўлар тийкарында орынлаўға тосқынлық етип атырған артықша ўазыйпа ҳәм функциялар қысқартылады.

Мәмлекетлик уйымлардағы орынлаў сапасы ҳәм жағдайын ўәлаят, район ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслеринде, республика дәрежесинде болса – Министрлер Кабинетинде ҳәр айда сын көзқарастан додалап барыў әмелияты енгизиледи.

Ҳүкимет Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен бирге бир ай мүддетте бул системаны енгизиў бойынша зәрүр илажларды белгилесин

Әдиллик министрлиги барлық ғалаба хабар қураллары, атап айтқанда, телевидение арқалы «Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда», деген темада көрсетиў ҳәм шығыўлар шөлкемлестирип, халқымызға реформалардың мазмун-мәнисин ҳәм нәтийжелерин жеткерип бериў системасын енгизсин.

Алтыншыдан, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ҳаяллардың орны ҳәм статусын буннан былай да беккемлеў – реформаларымыздың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Хабарыңыз бар, ҳәзирги ўақытта Кәсиплик аўқамлары федерациясының басшылығында жуўапкер уйымлар, банклер ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен орынларда үйме-үй жүрип, 6 миллионнан аслам ҳаял-қызлардың машқалалары пуқта үйренилди.

Ашшы болсада, дурысын тән алып айтыўымыз керек: бул үйрениўлеримиздиң нәтийжесинде биринши мәрте орынлардағы ҳақыйқый жағдай жүзеге шықты. Солар тийкарында «Ҳаяллар дәптери» қәлиплестирилмекте, ҳаял-қызларды қыйнап атырған көплеген социаллық-экономикалық машқалаларға әмелий шешим табылмақта.

Бул жумысларға мәҳәллелерде жаңадан шөлкемлестирилген «Ҳаяллар мәсләҳәт кеңеслери» де жақыннан жәрдем бермекте. Бирақ бул еле ҳаяллардың машқалаларын шешиў ушын биз орынлаўымыз шәрт ҳәм зәрүр болған жумыслардың басланыўы ғана.

Биз мәмлекетимизде жасап атырған 17 миллионнан аслам апа-қарындасларымыз, қызларымыз, ана ҳәм жасы үлкен мамаларымызға мүнәсип шараят жаратып бериў ушын барлық имканиятларды иске қосыўымыз зәрүр.

Ҳаяллардың ийбе сақлап, биз ерлерге айта алмаған тәшўишлери, күнделикли машқалалары, арзыў-нийетлерин олардың өзинен жақсы түсинетуғын инсан жоқ.

Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы ролин арттырыў бойынша алып барған реформаларымыздың нәтийжесинде парламентимиз жаңа қурамының 30 проценти ҳаяллардан ибарат болды. Ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлериниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы енгизилди.

Енди  ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын арттырыў оларға жаңа имканиятлар жаратыў  бойынша гезектеги қәдем сыпатында турмысты ҳәм ҳаяллардың машқалаларын жақсы билетуғын, белсенди ҳәм интакер апа-қарындасларымыздан ибарат Республикалық Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Кеңеске бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе болған Сенатымыз Баслығы Танзила  Камаловна Норбоева басшылық етсе, деген усынысты билдирсем, ҳәммеңиз мени қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Орынлардағы Ҳаял-қызлар кеңеслери жумысына болса ҳәкимлердиң бул мәселелер бойынша  мәсләҳәтшилери басшылық етиўи ең дурыс жол болады.

Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық ҳәм аймақлық қорларды жаңадан шөлкемлестирилетуғын кеңеслердиң қарамағына өткерип бериў мақсетке муўапық болады, деп есаплайман.

Ҳаяллардың бизнес тараўындағы жойбарларын қоллап-қуўатлаў және орынларда анықланған ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ушын бюджеттен қосымша түрде 1 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады. Буның ушын «Халық банки» тәрепинен орынларда  ҳаял-қызларды исбилерменликке оқытыў, бизнеске байланыслы үлги режелерин ислеп шығыў ҳәм кредит алыўда оларға жәрдем көрсетиўдиң жаңа системасы енгизиледи.

Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет бир ай мүддетте ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы статусын буннан былай да арттырыўға қаратылған бир тутас система жаратыў бойынша усыныс ислеп шықсын.

Және бир әҳмийетли мәселе – нураний ата ҳәм аналарымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып есапланады.

Республикалық «Нураний» қоры тәрепинен кекселерге турақлы жәрдем көрсетилиўи ушын финанслық имканиятлары және де кеңейтиледи. Бул ушын кейинги жылы бул қорға бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылады.

Басқалардың тәрбиясына мүтәж болған 16 мыңнан аслам кекселерге жәрдем бериў, олардың турмысын мазмунлы шөлкемлестириў ушын төлемлердиң муғдары арттырылады және оларға көрсетилетуғын социаллық хызметлердиң көлеми кеңейтиледи. Сондай-ақ, Бухара, Қаршы ҳәм ^ргенш қалаларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаторийларда және дем алыў орайларында улыўма 25 мыңнан аслам нуранийлардың денсаўлығы тикленеди.

Орайлық телеканалларымызда көрсетилип атырған «Аталар сөзи- ақылдың көзи» көрсетиўиниң саны көбейтилип, мазмун жағынан байытылса, сондай-ақ, «Нуранийлар мәсләҳәти», «Мәҳәлледе гүрриң» сыяқлы жаңа көрсетиўлер шөлкемлестирилсе, мақсетке муўапық болар еди.

Жетиншиден,  еркин пуқаралық жәмийетти раўажландырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаўды  даўам еттиремиз.

Мәмлекетлик емес коммерициялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондтың жумысын  орынлардағы әҳмийетли машқалаларды  шешиўге қаратыў зәрүр.

Әсиресе, бар машқалаларды анықлаў, оларды терең таллаў, шешимлери бойынша усыныс ислеп шығыў, орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўге   социаллық буйыртпа тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер кеңнен тартылады. Бундай бирге ислесиўди, бәринен бурын, билимлендириў, мәденият, медицина, экология, қурылыс, кадастр, транспорт, коммуналлық хожалық, бәнтлик, социаллық хызметлер көрсетиў сыяқлы машқалалы тараўларда кеңнен енгизиў мақсетке муўапық болады. Бул жумысларды шөлкемлестириў ушын келеси жылы бюджетттен 60 миллиард сум қаратылады.

Соның менен бирге, Нызамшылық палатасында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң турақлы ўәкили институтын енгизиўди усыныс етемен. Бул ўәкил төменги палата мәжилислеринде қатнасыў, қабыл етилип атырған нызамларға тәсиршең жәмийетлик қадағалаў ҳәм социаллық шериклик мәселелерин киргизиў бойынша усыныслар бериў ўәкиллигине ийе болыўы зәрүр, деп есаплайман.

Гезектеги әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

Ғалаба хабар қураллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислерди қалыс сәўлелендириў менен бирге, орынлардағы бар әҳмийетли машқалаларға мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетшиликтиң итибарын қаратып, оларды сапластырыўға барлық дәрежедеги басшыларды шақырып атырғанлығын айрықша атап өтпекшимен. Олар шын мәнисте «төртинши  ҳәкимият»қа айланып бармақта.

Ашшы ҳәм сын көзқарастағы материаллар орынлардағы көплеген ҳәмелдарларға жақпайтуғынлығы, олардың  тынышын бузып атырғанлығы да бар сөз. Бирақ ашық-айдынлық ҳәм сөз еркинлиги бул – дәўирдиң талабы, бул – Өзбекстандағы реформалардың талабы.

Биз өткен төрт жыл даўамында жәмийетимизде ашық-айдынлық, сөз еркинлиги орталығында жасаў ҳәм ислесиўге әстен үйренип  атырмыз.

Қалыс ҳәм әдалатлы журналист ҳәм блогерлердиң сын көзқарастағы шығыўлары ескише қәлпинде ислейтуғын басшылардың жумысындағы қәте-кемшиликлерди көрсетип, олардың жумыс усылын өзгертиў ҳәм жуўапкершилин арттырыўға мәжбүр етпекте.

Буннан былай ҳәр бир мәмлекетлик уйым өзиниң күнделикли жумысында ғалаба хабар  қураллары менен тығыз байланысты ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўы зәрүр ҳәм шәрт.

Бул бағдардағы бар нызамшылықты либералластырыў жолында тасланған исенимли қәдемлеримиздиң дәлили сыпатында күни кеше Жынаят кодексиниң ғалаба хабар қураллары арқалы «жала» ҳәм «ақыретлеў» сыяқлы бәнтлери бойынша еркинен айырыў түриндеги жаза илажлары бийкар етилди.

Келеси жылы да сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин жумыс ислеўи ушын ҳуқықый тийкарлар және де күшейтиледи.

Мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўдиң дәслепки дәўиринде ғалаба хабар қуралларын кеңнен қоллап-қуўатлаў, оларды қорғаў, мәмлекетлик уйымларда мәлимлеме хызметлериниң жумысын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги  шөлкемлестирилген еди. Бүгинги күнде ғалаба хабар қураллары тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў, оларды және де раўажландырыў, еркин жумыс ислеўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Агентликтиң жумысын сын көзқараста қайта көрип шығыў зәрүр, деп есаплайман.

Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!

Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин кепилликли қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалар жаңа жылда да избе-из даўам еттириледи.

Хабарыңыз бар, соңғы 4 жыл даўамында суд-ҳуқық тараўын реформалаў бағдарында исенимли қәдемлерди қойдық. Бул бағдардағы тийкарғы мәселер бойынша 40 тан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Әдиллик бул – мәмлекетшиликтиң беккем тырнағы болып есапланады. Әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде болса суд ҳәкимияты шешиўши орынды ийелейди.

Сол көз қарастан қарайтуғын болсақ, бул бағдарда еле исленетуғын жумысларымыз оғада көп.

Бириншиден, жаңа жылдан баслап енгизилетуғын «бир суд – бир инстанция» принципи суд қарарларының әдил, нызамлы ҳәм турақлылығын тәмийинлеўде баслы норма болыўы тийис.

Ҳәзирги күнге шекем ўәлаят судлары шығарған қарар үстинен берилген шағымлар усы судлардың өзинде көрип шығылатуғын еди. 2019-жылы ўәлаятлық судлар қабыл еткен 13 мың усындай қарар Жоқары суд тәрепинен өзгертилген ҳәм бийкар етилген.

Келеси жылдан баслап бир-бирин қайталайтуғын суд басқышлары қысқартылады. Әдил судлаўға тән болмаған ислерди қадағалаў тәртибинде көриў әмелияты бийкар етиледи.

Гезектеги әҳмийетли мәселе – жаңа жылдан баслап пуқаралық, экономикалық ҳәм жынаят ислери бойынша ўәлаят дәрежесиндеги 3 судлар бир суд сыпатында бирлестириледи. Бул жаңалық халық ҳәм исбилерменлерге үлкен қолайлықларды жаратады. Сондай-ақ, келеси жылдан суд додалаўына шекем судта ислерди дәслепки тыңлаў әмелияты жаңа тәртип сыпатында енгизиледи. Онда исти тоқтатыў ямаса тамамлаўға тийкар жетерли болса, суд исти бурынғыдай тергеўге ямаса прокурорға қайтармастан, өзиниң жуўмақлаўшы қарарын қабыл етеди.

Және бир әҳмийетли жаңалық – инвесторлардың ҳуқықларын мүнәсип қорғаў мақсетинде Жоқары судта инвестициялық келиспеўшиликлер ҳәм бәсекиге байланыслы ислерди көриў бойынша арнаўлы судлаў қурамы шөлкемлестирилди.

Енди инвесторлар, өз қәлеўине бола, келиспеўшиликти шешиў ушын тиккелей Жоқары судқа мүрәжат етиўи мүмкин.

Суд системасында санластырыў бунан былай да кеңейтилип, пуқараларымызға суд имаратына келип жүрместен, «онлайн» тәртипте мүрәжат етиў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, пуқаралар өз арзаларын көрип шығыў процесин аралықтан турып бақлап барыўы мүмкин болады.

Екиншиден, жазаны орынлаў системасында адамгершилик принциплерин кеңнен қолланыў бағдарындағы жумыслар даўам еттириледи. Соның ишинде, халықаралық стандартлардан келип шығып, 25 мәнзил – колониялар басқышпа-басқыш қысқартылады.

Буннан былай биринши мәрте еркинен айырылған шахсқа берилген жаза жеңиллиреги менен алмастырылса, ол мәнзил –колонияға өткерилместен, тиккелей провация қадағалаўына алынады. Усы жеңилликтиң нәтийжесинде ҳәзирде жазасын өтеп атырған 6 мың шахсқа өз мәҳәллеси қадағалаў астында шаңарағында болыў имканияты жаратылады.

Соның менен бирге, жазаны жеңиллиреги менен алмастырыў ҳәм шәртли азат етиў ҳаққындағы усынысхат киргизиў ўәкиллиги жазаны орынлаў мәкемелеринен жаңадан шөлкемлестирилетуғын адамгершилик комиссияларына өткериледи.

Үшиншиден, оператив – излеў, тергеў ҳәм жазаны орынлаў тараўында қыйнаўлардың алдын алыў системасын түп-тийкарынан житилистириў зәрүр. Бул жағдайлар еле де ушырасып турғаны, пуқараларда айрықша наразылықларды келтирип шығарып атырғанлығы және мәмлекетимиздиң халықаралық абырайына унамсыз тәсир көрсетип атырғанлығы да әйне ҳақыйқат.

Олий Мажлис палаталары, Инсан ҳуқуқлары бойынша Миллий орай қыйнаўлардың алдын алыў бойынша Омбудсман ўәкилликлерин кеңейтиў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша еки ай мүддетте өз усынысларын ислеп шығыў зәрүр. Бунда Омбудсман тәрепинен ҳәр шеректе жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте тергеў изоляторы ҳәм жазаны өтеў мәкемелерине «мониторинг сапарлары» системасы жолға қойылыўы керек.

Олий Мажлис палаталары ҳәр жылы Омбудсманның қыйнаўлардың алдын алыў бойынша баянатын тыңлап, бул иллетти пүткиллей сапластырыў бойынша зәрүр илажларды белгилеўи зәрүр.

Төртиншиден, өткен жылы 1995-жылға шекем елимизге көшип келгенлерге Өзбекстан пуқаралығын тиккелей бериў тәртиби белгиленди. Бул арқалы 50 мыңнан аслам шахсларға пуқаралық алыў имканияты жаратылды.

Келеси жылы    бул жумысларды даўам еттирип, 2005-жылға шекем мәмлекетимизге келип турақлы жасап атырған, пуқаралығы  болмаған шахсларға да тиккелей Өзбекстан пуқаралығын берсек, не дейсиз? Бул өзгерис пенен және 20 мың адам Өзбекстан пуқарасы болыў имканиятына ийе болады.

Буннан былай елимизде 15 жыл даўамында турақлы жасаған пуқаралығы болмаған шахсларға тиккелей Өзбекстан пуқаралығын бериўдиң үзликсиз тәртиби енгизиледи.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Дүньяда болып атырған қыйын процесслер жақын-узақ регионларда бақланып атырған келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар шараятында биз елимизде тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийнлеў бағдарындағы жумысларымызды  және де жеделлестириўимиз зәрүр.

Келеси жылы мәмлекетимиздиң қорғаныў потенциалын раўажландырыў бойынша реформаларымызды даўам еттиремиз. Атап айтқанда, Қураллы Күшлеримиздиң қудиретин, әскерлердиң профессионаллық ҳәм физикалық потенциалын жоқарылатыў, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақларын социаллық қоллап-қуўатлаў және жасларымызды ўатансүйиўшилик  руўхында тәрбиялаў жумысларына айрықша итибар қарамыз.

Сондай-ақ, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийнлеў, ҳәр бир мәҳәлледе қәўипсиз орталық жаратыў бойынша жаңаша қатнасықлар енгизиледи. Ҳуқық-қорғаў уйымларын халықтың тынышлығы ҳәм пуқаралар мәплериниң шын мәнисиндеги қорғаўшысына айландырыўға қаратылған реформаларымыз избе-из даўам еттириледи.

Соңғы жылларда республикамызда жүз берген медициналық ҳәм техноген апатшылықлар, гүзги-қысқы мәўсимде болып атырған өртлер ҳәм басқа да көплеген унамсыз жағдайлар бул бағдардағы бар системаны және де жетилистириўди талап етпекте.

Елимизде қурылып атырған   көплеген ири объектлер ҳәм бәлент қабатлы имаратларда өрт қәўипсизлигин тәмийнлеўдиң жаңа системасын шөлкемлестириў зәрүр. Сондай-ақ, тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын бекемлеў зәрүр.

Сол себепли 2 ай мүддетте «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы нызам жойбары және жоқарыда айтып өтилген машқалалардың шешимине қаратылған Ҳүкимет бағдарламасы ислеп шығылсын.

Ҳүрметли сенатор ҳәм депутатлар!

Қәдирли мийманлар!

Келеси жылы мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыўда төмендеги ўазыйпаларға айрықша әҳмийет бериледи.

Бириншиден, мәмлекетимиз алып барып атырған ашық, прагматикалық ҳәм әмелий сыртқы сиясатты инабатқа алып және узақ мүддетли стратегиялық мақсетлеримизден келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий жумыс концепциясы жетилистириледи.

Екиншиден, сыртқы сиясатымыздың тийкарғы бағдары болған Орайлық Азия мәмлекетлери менен көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара исеним руўхындағы қатнасықларымызды және де беккемлеўге айырықша итибар қаратамыз.

Қыйын пандемия шараяты биз бир-биримизге қаншелли байланыслы ҳәм керек екенимизди және бир мәрте  айқын көрсетти. Бул унамлы процесслерди терең үйрениў ҳәм буннан былай да раўажландырыў мақсетинде усы жылы Такент қаласында Орайлық Азия халықаралық институты шөлкемлестирилди.

Келеси жылы Ташкентте регионымыздың Қубла Азия менен қатнасықларына байланыслы жоқары дәрежедеги халықаралық конференция өткериледи.

Солардың қатарына Хийўа қаласында ЮНЕСКО менен биргеликте «Орайлық Азия жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық  әнжуманын өткериў режелестирилген.

Үшиншиден, тийкарғы сырт елли шериклеримиз есапланған Россия, Қытай, Америка Қурама Штатлары, Түркия, Германия, Франция, Уллы Британия, Қубла Корея, Япония, Ҳиндстан, Пакистан, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм басқа да мәмлекетлер менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды және де кеңейтемиз.

Сыртқы ислер министри ҳәм оның орынбасарлары және елимиздиң сырт еллердеги елшилери усы мәмлекетлер менен жаңа, және де нәтийжели жумыс системасын енгизиўи зәрүр.

Төртиншиден,  биз қоңсы Аўғанстан жеринде тынышлық орнатылатуғынына қатаң исенемиз ҳәм бул ийгиликли жолда әмелий жәрдемди буннан кейинде аямаймыз.

Аўған машқаласын шешиўге қаратылған глобал ҳәрекетлерге Ташкент халықаралық конференциясы да беккем тийкар жаратты, десек, қәте болмайды.

Ҳәзирги күнде Орайлық Азияны Ҳинд океаны менен байланыстыратуғын Транс-аўған транспорт жолын қурыў бағдарындағы дәслепки әмелий қәдемлерди тасладық. Бул жойбардың жүзеге шығарылыўы пүткил регионымызды турақлылық ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеўге шексиз хызмет етеди.

Бесиншиден,  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, бсқа да абырайлы халықаралық ҳәм регионналллық структуралар менен тығыз бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бәрқулла итибарымыз орайында болады.

Усы жылы республикамыз биринши мәрте Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы шөлкемине басшылық етти ҳәм пандемияға қарамастан, нәзерде тутылған 60 тан аслам барлық халықаралық илажлар табыслы өткерилди,  70 ке шамалас әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

2021-2022-жыллары Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиўи бойынша да қызғын таярлықты басладық.

Алтыншыдан, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, сөз ҳәм диний исеним еркинлиги бойынша ерисип атырған жетискенликлеримизди тийисли халықаралық шөлкемлер менен биргеликте избе-из беккемлеп барамыз.

Келеси жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў»  глобал форумы, жаслардың ҳуқықларына бағышланған Пүткил жер жүзилик жаслар әнжуманы, диний еркинлик мәселелери бойынша регионаллық конференцияларды өткеремиз.

Жетиншиден,  дүньяның көплеген еллериндеги ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм олар менен байланысларымызды және де беккемлеў мақсетинде «Ўатанласлар» қорын дүзиўди усыныс етемен.

Сегизиншиден,  жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеўге қаратылған жумысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығамыз.

Ҳәммеңизге белгили, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының резолюциясы менен ҳәр жылы  30-июль – Халықаралық дослық күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Соның ушын усы сәнени Өзбекстанда «Халықлар дослығы күни»  деп белгилеўди усыныс етемен.

Тоғызыншыдан,  регионымызда, пүткил дүньяда экологиялық жағдайдың күн сайын төменлеп атырғаны бизди аўыр тәшўишке салады.

Қоңсы мәмлекетлер ҳәм дүнья жәмийетшилиги менен биргеликте Арал теңизи апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық апатшылықлардың тәсирин жумсартыўға қаратылған ҳәрекетлерди исенимли даўам еттиремиз.

Теңиздиң қурыған түбинде жүз мыңлаған гектар тоғай ҳәм путазарлардың шөлкемлестирилип атырғанлығы, Аралбойы аймақларында әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары халқымызды жоқары шеклерге қарай руўхландырмақта. Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте дүзилген Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көп тәреплеме Траст фонды шеңбериндеги әмелий жумысларды және де күшейтемиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң таллаўларына бола, пандемия қәўипи еле узақ ўақыт сақланып қалыўы мүмкин. Демек, инсаният басындағы сынақлар және қанша даўам ететуғыны белгисиз.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, абырайлы экспертлердиң болжаўларына бола, пандемия пүткил дүньяда кризисли жағдайлар, социаллық кескинлик, кәмбағалшылық сыяқлы машқалаларды күшейтиўи мүмкин.

Ҳәммемизге белгили, пандемиядан кейин дүньяның социаллық-экономикалық келбети, әлбетте, өзгереди.

Топланған тәжирийбе соны көрсетпекте, күшли ҳәм нәтийжели басқарыў системасына, бир жағадан бас шығарып жасайтуғын халыққа ийе болған мәмлекетлер пандемияның кең тарқалыў қәўипин өз ўақтында сапластырыўға уқыплы болады. Буны Өзбекстанның пандемия дәўириндеги гүрес тәжирийбеси де дәлиллеп турыпты. Бирақ, ерискен нәтийжелеримизге мақтанып қалмастан, дүньядағы жағдайға сергеклик пенен қарап, ҳәммемиз – ким болыўымыз, қайсы ўазыйпада ислеўимизге қарамастан, мәмлекетимиздиң миллий мәплерин тәмийинлеў туўралы терең ойлаўымыз зәрүр.

Бүгинги қыйын шараятта елимизде басланған кең көлемли реформалар, жаңа Өзбекстанды қурыўға қарай тасланып атырған исенимли қәдемлеримиздиң даўамлы болыўын тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпамыз болыўы шәрт.

Глобал кризислик жағдайда экономикалық ҳәм сиясий турақлылықты тәмийинлеў, орынлардағы бар машқалаларды мәнзилли шешиў, жәрдемге мүтәж ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, жасларымыздың арзыў-әрманларын жүзеге шығарыў – Президенттен баслап барлық дәрежедеги басшылардың баслы ўазыйпасы болыўы керек.

Әне, усы оғада әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда тийкарғы талап – мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик институтлар арасында нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў, бул процесслерде нәтийжелилик ҳәм сапаны арттырыўдан ибарат.

2021-жылда мәмлекетимиз ҳәм халқымыз турмысында үлкен сиясий ўақыя – Президентлик сайлаўы болып өтеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы болажақ сайлаў миллий нызамшылығымыз ҳәм улыўма тән алынған халықаралық демократиялық принциплер тийкарында, жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўине айрықша итибар қаратыўы тийис.

Биринши гезекте, сайлаў комиссиялары, сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық стандартлар бойынша билимлерди системалы тийкарда қәлиплестириў керек.

Өткен сайлаўларда халықаралық бақлаўшылар тәрепинен берилген мақул усынысларды миллий нызамшылық ҳәм әмелиятқа енгизиў жумысларын даўам еттиремиз.

Бул әҳмийетли сиясий мапаз жаңа Өзбекстан шараятында сайлаўшыларымыз, барлық пуқараларымыздың сиясий ҳәм ҳуқықый мәденияты, дүньяға көз қарасы, пуқаралық позициясы жоқарылап баратырғанлығын және бир мәрте көрсетеди, деп исенемен.

Әзиз дослар!

Бүгинги Мүрәжатта ортаға қойылған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша парламентимиз, сиясий партиялар, мәмлекетлик емес шөлкемлер, көпти көрген данышпан нуранийларымыз, белсенди жасларымыз – кең жәмийтшилик өз пикир-усынысларын билдиреди.

Ҳүкимет бир ай мүдетте әне, усы әҳмийетли бағдарлар ҳәм ўазыйпалар бойынша кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усыныслар, пикир -усынысларды инабатқа алған ҳалда, 2021-жыл мәмлекетлик бағдарламасын ҳәм Өзбекстанның пандемиядан кейинги раўажланыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын киргизсин.

Соны да атап өтиў керек, өз алдымызға қойған шеклерге ерисиў ушын бизде тәбийғый ресурслар да, күш ҳәм имканиятлар да жеткиликли.

Артымызда, таўдай таяныш ҳәм сүйениш болып турған көп миллетли халқымыз – өмир соқпақларында дурыс жол көрсететуғын ардақлы нуранийларымыз, мийнеткеш, ақыллы апа-қарындасларымыз, алдынғы ҳәм заманагөй пикирлейтуғын, дүньяда ҳеш кимнен кем болмаған жигерли жасларымыз бар.

Ең әҳмийетлиси, жәмийетимизде тынышлық, миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм меҳир-мүриўбет орталығы ҳүким сүрмекте.

Биз ҳәммемиз «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген бирден-бир мақсет әтирапында бирлесип, жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда, пидкерлик пенен мийнет етип, өз арзыў-мақсетлеримизге, қуда қәлесе, ерисемиз.

Бүгин жақсы нийетлер менен жүдә үлкен шеклерди өзимизге белгилеп алмақтамыз. 2021-жылда алдымызда ҳәр қашанғыдан да зәрүр, жүдә әҳмийетли ўазыйпалар турыпты. Әлбетте, оларға ерисиў аңсат болмайды. Турмысымыздың түрли танраўларында машқала ҳәм кемшиликлеримиз жеткиликли. Орынларда жумысты дурыс шөлкемлестирмеў, айырым басшыларда тәжирийбениң жетиспеўшилиги, бюрократия, коррупция жағдайлары, немқурайдылық ҳәм бийпәрўалық сыяқлы нуқсанлар да бар екени сыр емес.

Биз булардың барлығын  жақсы көз алдымызға келтиремиз. Жолымызға үлкен кесент етип турған тосықларды сапластырыў ушын баслаған реформаларымызды иркинишсиз даўам еттиремиз.

Усы көзқарастан келип шығып жаңа жылда және де үлкен мобилизациялаў руўхында ислеўимизге туўра келеди.

Турмыс алдымызға және қанша сынақ ҳәм машқалаларды қойыўы мүмкин ҳәм биз ҳәр қандай жағдайға таяр турыўымыз зәрүр. Бирақ қәншелли қыйын ҳәм қурамалы болса да, демократиялық реформалар жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Алға, тек ғана алға қарап барамыз. Ҳәм биз оны ҳәр тәреплеме орынлаймыз. Себеби бүгинги халықымыз – кешеги халық емес. Бүгинги Өзбекстан да – кешеги Өзбекстан емес.

Ел-журтымыз ҳәзирги аўыр шараятта барлық сынақ ҳәм қыйыншылықлардан және де күшли ҳәм ерк-ықрарлы болып шықпақта. Өзиниң өмири ҳәм тәғдири, келешеги Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешеги менен тығыз байланыслы екенин терең сезбекте.

Өз күшимиз ҳәм имканиятларымызға болған исеним бизди Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўдай ийгиликли мақсет жолында бирлестирип, сөзсиз түрде және де күшли ҳәм беккем етпекте. Бул умтылыслар үлкен әмелий жумысларға айланып, уллы халық ҳәрекети күн сайын кеңейип бармақта. Бундай қудиретли қатарда болыўдың өзи үлкен бахыт, үлкен мақтаныш.

Бәршемизге мине усы уллы қатарда басқаларға үлги болыў, жанажан Ўатанымыз, әзиз халқымызға перзентлик меҳри ҳәм садықлық пенен хызмет етиў несип етсин!

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, сизлер арқалы барлық ўатанласларымызды кирип киятырған жаңа – 2021-жыл менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Жаңа жылда барлығыңызға саў-саламатлық, шаңарақларыңызға қут-берекет, перзентлер, ақлықлардың кәмалға келиўин көриў бахытын тилеймен.

Ҳәмийше аман болың, үлкен рахмет сизлерге.