Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжаты-елимиздиң сиясий турмысындағы ең әҳмийетли ўақыя. 2017-жылдан бери дәстүрге айланған бул илажда жуўмақланып атырған жылдағы тийкарғы көрсеткишлер, жаңа жылға мөлшерленген мақсет ҳәм ўазыйпалар жәрияланады. Соның ушын халқымыз оны үлкен қызығыўшылық пенен күтеди.

Өзбекстан Республикасы ПрезидентиШавкат Мирзиёевтиң бул гезектеги Мүрәжаты 29-декабрь күни саат 11:00 де басланады. Онда усы жылғы ерисилген нәтийжелер, «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде орынланған жумыслар айтып өтиледи. Келеси жылға атама берилип, елимизди және де раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли ўазыйпалар, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа байланыслы тийкарғы бағдарлар белгиленеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул рет де көплеп усынысларды билдириўи күтилмекте.

Бул абырайлы әнжуман пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында болып өтеди.

Онда Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасады.

Мүрәжат 15 телеканалда жанлы эфирде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий бетлеринде онлайн жарытып барылады.

 

ӨзА