Быйылғы пандемия келтирген қыйын жағдайда да мәмлекетимизде дөретиўшилик жумыслары ҳасла тоқтап қалмады. Халқымыздың турмыс сапасын арттырыў, узағын жақын етиўге қаратылған үлкен жойбарлар избе-из пайдаланыўға тапсырылмақта.

Быйыл Ғәрезсизлик байрамы алдында Ташкент жер үсти метросының биринши басқышы питкерилген еди. Бүгинги қуўанышлы күнлерде оның және бир әҳмийетли буўыны – Сергели жөнелиси иске қосылды.

Президент Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни усы транспорт объектин барып көрди. Бул жерде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен шын кеўилден сәўбетлести.

– Быйыл экономика ушын, адамларымыз ушын қыйыншылықлар көп болды, ҳәзир де даўам етип атыр. Бирақ бул қурамалы жағдайларды илажы барынша жумсартыў бойынша ҳәр күни мәсләҳәтлесип ислеп атырмыз. Экономиканы раўажландырыў, базар табыў, адамларға дәрамат дәрегин жаратыў жолларын излеп атырмыз. Барлық мәселелер мәҳәлле кесиминде шешиледи. Неге? Жақсымыз да, жаманымыз да мәҳәлледе, – деди Шавкат Мирзиёев.

Базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, энергия қуўатлықларын көбейтиў бойынша көрилип атырған илажлар айтып өтилди.

– Ғалаба хабар қуралларына рахмет. Олар мәмлекетимизге душпан емес, дос. Олар бәлент даўыс пенен әдилликти, ҳақыйқатты айтып турмаса, басшылардың дәрриў аяғы жерден үзилип қалады. Халқымыз, үйине ески тонын илип қойып, кимлигиңди умытпа, дегининдей, ҳәмме басшылар усы елдиң перзенти, ўәкили екенин ҳәмийше ядында тутыўы керек. Елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетип, халқымызға мүнәсип шараят жаратыўымыз зәрүр, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге поездда жүрип, жолаўшылар менен жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Дүньяның мегаполис қаласына айланып баратырған Ташкент Орайлық Азияның аймағы ҳәм халқының саны бойынша ең үлкен қала болып есапланады. Бүгинги күнде пайтахтымызда үш миллионға шамалас халық жасамақта. Ҳәр жылы жүз мыңлаған халық елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан пайтахтымызға келип кетеди, қоңсы мәмлекетлер ҳәм алыс сырт еллерден де мийманлар келеди.

Бул болса өз-өзинен қаламыздың транспорт системасын раўажландырыў, халық ушын қолайлы, қәўипсиз ҳәм тез жүрер жәмийетлик транспортты қәлиплестириўди талап етип атыр. Соңғы жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ташкент қаласында халық ушын жәмийетлик транспортты кескин раўажландырыў ҳәм халықаралық талапларға  сәйкес транспорт системасын жаратыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта. Әсиресе, жер асты ҳәм жер үсти метрополитени жөнелисине айрықша итибар берилмекте.

Сергели жер үсти метро жөнелисин жойбарластырыў 2017-жылы басланған еди. Қурылыстың барысы мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында болды.

Узынлығы 7 километрлик усы темир жолда бес бәндирги қурылған. Метрополитенниң «Алмазар» бәндиргиси менен аралықта 580 метрлик туннел қурылып, жер үсти ҳәм жер асты жоллары байланыстырылған.

Бәндиргилер миллий дизайн тийкарында  безелген, заманагөй технологиялар, электрон төлемли турникетлер, эскалатор ҳәм лифтлер менен үскенеленген. Бул бағдарда 214 хызметкер жолаўшыларға хызмет көрсетеди.

Бул жөнелисте күнине 35 мыңға шекемги адам қатнаўы мүмкин. Соның ушын ол ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық, ҳәм экологиялық жақтан үлкен әҳмийетке ийе. Мәселен, Сергели районын пайтахтымыздың орайы менен байланыстырыўшы автомобиль жолы айырым жағдайларда тығылыс болады. Ақыбетинде жанылғының жумсалыўы артып, атмосфераға үлкен муғдарда зыянлы газлер шығады. Адамлар мәнзилине кешигип, тынышсызланады. Жаңа жер үсти метросы болса халыққа жүдә үлкен қолайлылық жаратады.

Соңғы бәндиргиде усы Сергели жөнелисин Қойлық жөнелиси менен байланыстырыў, жер үсти метросының кейинги басқышларын қурыў бойынша презентация өткерилди.

– Бурын Сергелиге метро келиўин  кимдур көз алдына келтире алатуғынба еди?! Мине, енди халқымызға үлкен қолайлық пайда болды. Және бир тәрепи, бул экологиялық таза транспорт. Кейинги метро жолларын да халыққа мақул, қолайлы, қәўипсиз, сапалы етип қурыў, сырт ел тәжирийбесин үйрениў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Улыўма баҳасы 82,66 миллион АҚШ доллары болған бул жойбар «Бастрансжойбарлаў» акционерлик жәмийетиниң қәнигелери тәрепинен таярланған. Бар бәндиргилердиң кириў ҳәм шығыў аймақлары өзине тән ҳәр қыйлы реңдеги архитектура тийкарында қурылған. Әсиресе, перрон бөлимине ислетилген қурылыс өнимлериниң көриниси, реңли ҳәм түри бойынша бир-бирин тәкирарламайды. Жолаўшылар ушын да үлкен қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, имканияты шекленгенлер ушын бәндиргилер платформасында қәўипсиз тактил плиткалар жатқарылған. Жолаўшылардың платформаларға көтерилиўи ушын заманагөй лифт ҳәм эскалатор, қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде болса бәндиргилерге заманагөй видеобақлаў үскенелери, IT маркадағы турникетлер және электр энергиясын үнемлейтуғын жарытыў шырақлары орнатылған. Сондай-ақ, мобиль байланыс үскенелери ушын қуўатлағышлар да бар. Ҳәр бир  бәндирги 12 ге шекемги сырт елде ислеп шығарылған заманагөй ысытыў ҳәм суўытыўға мөлшерленген кондиционерлер менен үскенеленген.

Қәнигелердиң пикиринше, бүгинги күнде қаламыздың жәмийетлик транспорттан тек ғана 33 процент жолаўшы пайдаланбақта. Раўажланған мәмлекетлердиң пайтахтында болса бул көрсеткиш 60-70 процентти қурайды. Пайтахтымызда халық та, транспорт қураллары да күн сайын көбейип бармақта. Кейинги 10 жылда қалада автомобильлер саны 250 мыңнан 510 мыңға шекем, яғный еки есеге артқан. Соған сәйкес түрде усы жылы пайдаланыўға тапсырылған Ташкент метрополитениниң Юнусобод жөнелисинде  2 бәндирги және жер үсти айланба жолының биринши басқышының иске қосылғаны нәтийжесинде жәмийетлик транспортта  56 жөнелис оптималластырылып, 170 мың халықтың транспорт хызмети және де жақсыланды. Олардың транспортқа кететуғын ўақты да орташа 15-20 минутқа қысқарды.

Жаңадан ашылған Сергели жер үсти метросы Сергели ҳәм Янги ҳаёт районларында жасап атырған халық ушын жүдә үлкен қолайлылық болады. Бул районларда транспорт инфраструктурасын және де жақсылаўға имканият жаратылады.

– Балалығым Сергели районында өткен, ҳәзир де бул райондағы көп қабатлы турақ жайлардың биринде яғный Сергели метросының  2-3-бәндиргилери аралығында жасайман, – дейди Дилафрўз Қорабоева. – Енди қала орайындағы жумыс орныма меншик машинамда емес, метрода қатнайман. Себеби ҳәр күни таңғы саат 07:00 ден 09:30 ға шекем, кешке жақын болса 16:00 ден 20:00ге шекем автомобиль жоллары жүдә тығылыс болады. Сәзирги ўақытта жумысқа барып келиўиме туўра келеди. Арасында қолайсыз ҳаўа райы болса, ҳәрекетлениў және де қыйынласады. Нәтийжеде ҳәр күни 2-3 саат ўақтым жолға кетип атыр.

Әлбетте, Сергели ҳәм Янги ҳааёт районларында да халық саны күн сайын артып бармақта. Соның ушын қала орайы менен байланыстырылған автомобиль жолларында күн сайын тығылыс артып атыр. Бул районлардың халқын қолайлы ҳәм қәўипсиз транспорт системасы менен тәмийинлеўди болса дәўирдиң өзи талап етип атырған еди.

Есап-санақларға бола, Сергели жаңа метро жөнелисиниң 5 бәндиргисинен жолға шыққан жолаўшы  «Уллы жипек жолы» бәндиргисине шекем орташа 30-40 минутта жетип барыўы мүмкин. Оның ушын метро поезды 16 бәндиргини басып өтеди. Басқа транспортта болса тығылыс ўақтында  бир сааттан көп ўақыт кетеди.

Және бир қолайлы тәрепи Сергели жөнелисинде ҳәрекетленген поезд Чиланзар жөнелисиниң «Алмазар» бәндиргиси арқалы «Пахтакор» бәндиргисинен Өзбекстан жөнелисиниң «Әлийшер Наўайы», «Әмир Темур қыябаны» бәндиргисинен болса Юнусабад жөнелисиниң «Юнус Ражабий» бәндиргиси менен байланысады. Нәтийжеде бул жөнелис Ташкент метрополитениниң барлық жөнелислери менен байланысып, жолаўшыларға қаламыздың қәлеген аймағына жетип барыўына имканият жаратады.

Пайтахтымызда халық тығыз жасайтуғын Қарақамыс, Ибн Сина, Ташкент трактор заводы массивлеринде жәмийетлик транспорт системасын жақсылаў, автобус жөнелислерин муўапықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жер үсти метросы астындағы спорт майданшасы да көзден өткерилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Сергели районы Қыпшақ көшесинде қурылған көпирди барып көрди.

Бул көше «Ташкент-Ангрен» темир жолы менен кесилискен. Оның үстине тар болып, автомобильлер ҳәрекетине қыйыншылық пайда ететуғын еди. Соның ушын Қыпшақ көшеси 8 қатарлы етип кеңейтилип, темир жол үстинен өтетуғын 772 метрлик көпир қурылды. Оның эстакада бөлими 445, ени – 28 метр.

Мәмлекетимиз басшысы объекттиң сапасы, қалада транспорт системасын жақсылаўдағы әҳмийетине айрықша итибар қаратты.

Бул көпир саатына 12 мыңға шекемги автотранспорт қуралларын үзликсиз өткериў имканиятына ийе. Ең әҳмийетлиси, ол пайтахтымыздағы еки үлкен көше – Жаңа Сергели айланба жолы менен Ташкент айланба жолын байланыстырады. Бул айдаўшылар ушын әдеўир қолайлылық жаратады, мыңлаған транспорт қуралларының ағымын өзине алып, басқа көшелердеги тығылысты азайтады.

-Пандемия басланғанында биз оннан күшли, қүдиретли болып шығамыз деп мақсет қойған едик, деди Шавкат Мирзиёев ташкентли белсендилер менен сөйлесиўде. – Ҳәммемиз көрип атырмыз дүньяда нелер болып атырғанын. Басқа мәмлекетлерде қурылыслар тоқтап қалған жағдайлар да болды. Халқымыз тәртип-интизам, аўызбиршилик пенен барлық режелерди жүзеге шығармақта. Биз аўызбиршиликте көп нәрселерди ислей аламыз.

Президентимиз усы жылы 4-июнь күни Ташкент қаласының Шопаната көшеси ҳәм Киши айланба жолы кесилиспесинде қурылатуғын көпирдиң жойбары менен танысқан еди. Келешекте жаңа жол қурылып, Қыпшақ көшесиндеги усы көпирге тутасады.

Бул жерде Түркияның «Каlyon» компаниясы менен биргеликте пайтахтымыздағы автомобиль жолларын реконструкциялаў, транспорт ҳәм жолаўшылар ҳәрекети ушын қолайлықларды арттырыў жойбарлары додаланды.

 

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары