Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Өзбекстанның Қытай Халық Республикасындағы елшиханасы тәрепинен алып келинген медициналық әсбап-үскенелерди тапсырыў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстанның Қытай Халық Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Б.Саидов шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўлардағы байланысларға тоқтап өтти.

Пүткил дүнья жүзин ләрзеге салған коронавирус пандемиясы дәўиринде Қытай мәмлекети тәрепинен Өзбекстанға айрықша жәрдем көрсетилди. Усындай сынақлы күнлерде бир топар қытайлы шыпакерлер елимизде болып, кеселликтиң алдын алыў ҳәм оған шалынған наўқасларды емлеўде өзлериниң  әмелий жәрдемлерин көрсетти. Елшихана тәрепинен бул рет алып келинген гуманитарлық жүк коронавирус инфекциясына  қарсы гүресиўге бағдарланған жоқары технологиялық медициналық буйымлар, яғный, 6 дана майыплық арбашасы, 5 дана кислород концентраторы, 570 қуты Ляньхуа препараты, 30 дана контактсыз термометр, 20 мың дана нықаптан ибарат.

-Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлердиң экспорт шеңбери жылдан-жылға артып бармақта,-дейди Өзбекстанның Қытай Халық Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтияр Саидов.-Бул мәмлекетке экспортқа шығарылып атырған боян тамыр экстратының көпшилик бөлеги Қарақалпақстанның үлесине туўра  келеди. Бул бағдардағы бирге ислесиў даўам етпекте. Атап айтқанда, 2020-2021-жылларда улыўма баҳасы 210 миллион долларлық 7 жойбарды әмелге асырыўды режелестирип отырмыз.

Илаж соңында елшиханасы тәрепинен алып келинген медициналық әсбап-үскенелер Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллерине тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы