Нөкис қаласындағы 1-санлы әскерий қалашада жаңа жыл байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде арзанлатылған азық-аўқат  ҳәм аўыл хожалығы өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмарка Арқа-батыс әскерий округи ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда жергиликли фермер ҳәм дийқанлар және исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер базар баҳасынан арзанлатылған ҳалда сатыўға қойылды.

– Жаңа жыл байрамы жақынласып келмекте. Бүгинги ярмаркада дастурханға керекли өнимниң бәри бар. Усындай қолайлықлар жаратып атырған шөлкемлестириўшилерге миннетдармыз, – дейди майор Қабыл Абдукаҳаровтың өмирлик жолдасы Қундызай Каримова.

Ярмаркада «Қарақалпақ балықсанаат» кәрханасы тәрепинен балық өнимлери ҳәм Нөкис қаласындағы ҳаяллар «Мүриўбет» интернат үйи тәрбияланыўшылары тәрепинен қолда тоқылған тоқымашылық буйымлар да орын алған болып, қарыйдарларға усынылды.

Әскерий қалашада усындай арзанлатылған азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес өнимлер ярмаркасын жаңа жыл байрамы алдынан 26-30-декабрь күнлери аралығында өткериў режелестирилген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы