Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасына Нөкис қалалық медициналық бирлеспеси 9-санлы шаңарақлық поликлиника хызметкерлери мүрәжат етти.

 

Халық қабыллаўханасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, мүрәжатта поликлиника хызметкерлери коронавирус инфекциясы анықланған ҳәм гүман етилген наўқасларды емлеў ҳәм кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў бойынша үй карантининде болған пуқараларға медициналық хызметлер көрсеткени, деген менен, усы күнге шекем олардың қосымша мийнет ҳақыларын есаплаў жумыслары алып барылмағанын мәлим етип, қосымша мийнет ҳақыларын алыўда әмелий жәрдем сораған.

 

Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен нызам тийкарында үйренилди ҳәм жәми 51 хызметкерге 90 697 512 сум муғдардағы мийнет ҳақылары өндирип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.