Бүгин, 21-декабрь күни Жер турғынлары сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсе – Сатурн ҳәм Юпитер планеталарының байланысыўын көриўи мүмкин болады. Бул ҳаққында «ТАСС»қа техника илимлериниң кандидаты Татьяна Подладчикова мәлим еткен, деп жазбақта «Қалампир».

 

Атап өтилиўинше, ҳәдийсени дурбин арқалы ямаса дурбинсиз де көриўге болады.

 

– Қуяш батқаннан соң Жердиң барлық халқы усы әжайып астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин болады. Ең баслысы, ҳаўа ашық ҳәм бултсыз, аспан қараңғы болса, ол соншелли жақсы көринеди, – деп айтып өткен Подладчикова.

 

Бундай ҳәдийсе соңғы мәрте буннан 794 жыл алдын, яғный 1226-жылдың 4-март күни Юпитер ҳәм Сатурн планеталары арасында сийрек гезлесетуғын байланысыў ҳәдийсеси бақланған.

 

Сондай-ақ, бүгин, 21-декабрь күни Ташкент ўақты менен 15:02 де астрономиялық қыс басланады. Бүгин жылдың ең қысқа күни болады. Усы ўақыттан баслап күндизги сааттың созылыўы басланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.