Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимде гарнизонның өрт қәўипсизлиги инспекциясы  ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте өрт келип шығыўының алдын алыў, өрт өшириў қуралларынан дурыс пайдаланыў, өртти өшириў, электр-газ үскенелеринен  пайдаланыўда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў бойынша әмелий-көргизбели шынығыўлар өткерилди.

Ҳаўа температурасы төмен болған қысқы ўақытта жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын  жерлеримизде ысытыў үскенелеринен көбирек пайдаланамыз. Бул мәўсимде киши насазлықлардың өзи кеўилсиз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Көргизбели шынығыў даўамында усы мәселелерге айрықша итибар қаратылып, қәнигелер тәрепинен әскерий хызметкерлерге  өрттиң келип шығыў себеплери, өрт жүз бергенде оны өшириў бойынша усыныслар берилди.

Әскерий бөлим аймағында өртти өшириў бойынша әмелий шынығыўлар көрсетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги