Усы жыл 14-декабрь күни Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы болып өтти.

Сессияда район ҳәкими Б.Янгибаевтың 2020-жылғы социаллық-экономикалық раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси 2021-жылғы режелери бойынша Халық депутатлары қалалық Кеңесине мүрәжаты тыңланды. Мүрәжатта район көлеминде усы жылы ҳәр бир тараў бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы үш жылда районда үлкен жаңаланыўлар, жоқары дәрежедеги экономикалық өсиўлер көзге тасланбақта.

Санаат өнимлерин ислеп шығарыўда 2017-жылы 23 млрд. 300 млн. сум, 2018-жылы 38 млрд. 972 млн. сум, 2019-жылы 58 млрд. 131 млн. сум, 2020-жылдың 10 айы даўамында 115 млрд. 208 млн. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, 2017-жылға салыстырғанда 4,9 есе өсиўге ерисилди.

Экспортқа өнимлер шығарыўда 2017-жылы 223 мың долларлық, 2018-жылы 602,9 мың долларлық, 2019-жылы 1 млн. 609 мың долларлық, 2020-жылдың 11 айы даўамында 6 млн. 401 мың долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, 2017-жылға салыстырғанда 28 есе өсиўге ерисилди.

Бюджетке салық түсимлери 2017-жылы 7 млрд. 830 млн. сум, 2018-жылы 11 млрд. 432 млн. сум, 2019-жылы 28 млрд. 288 млн. сум, 2020-жылдың 11 айы даўамында 24 млрд. 560 млн. сумлық салық түсимлери әмелге асырылып, 2017-жылға салыстырғанда 3,1 есе өсиўге ерисилди. Жыл жуўмағына шекем 30,3 млрд. сумнан аслам түсимлер түсиўи күтилмекте.

Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында белгиленген тапсырмалар нәтийжесинде, сондай-ақ, мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған шараятлар ҳәм сырт ел инвесторларына берилип атырған жеңилликлер нәтийжесинде бүгинги күнде бир қатар ири жойбарлар әмелге асрылмақта.

2020-жылға белгиленген баҳасы 8,2 млрд. сумлық 18 жойбардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўи, сондай-ақ, 2021-жылға белгиленген 25,2 млрд. сумлық 9 жойбардың мүддетинен алдын иске түсирилиўи нәтийжесинде 33,4 млрд. сумлық қаржылар есабынан 27 инвестициялық жойбарлар иске түсирилди.

2020-жылға келип әмелге асырылған жумыслар ҳәм алып барылған агротехникалық илажлар нәтийжесинде районда 203 фермер хожалықлары тәрепинен егилген 4970 гектар пахта майданынан алдынғы 18 центнерден 21,6 центнерге жеткерилип өним алынды. Басқа барлық тараўларда да усындай унамлы нәтийжелер көзге тасланбақта.

Cессияда барлық тараўлар бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың белгиленген мүддетлерде иске түсирилиўин қадағалаў ҳәм сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, бәнтлик, аўыл хожалығы, санаат, суў тәмийнаты ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сессияда күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессия қатнасыўшылары райондағы исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермер-дийқан хожалықларының көргизбели ярмаркасында олар тәрепинен ислеп шығарылған ҳәм жетистирилген өнимлер менен танысты.

Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда 4 сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги