Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 9-декабрь күни Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфейди қабыл етти.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында турмысқа избе-излик пенен енгизилип атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды ҳəмде Өзбекстан ҳәм Франция мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, социаллық ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтти.

Өз гезегинде Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфей жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Қарақалпақстанда соңғы жылларда социаллық-экономикалық тараўларын жәнеде раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.

Мағлыўмат ушын, Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфей Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң регионаллық ўәкилханасының халықаралық экспертлери делегациясы менен бирге келди. Сапар даўамында Брис Рокфей  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Нөкис қаласы ҳәкимлигинде ушырасыўлар өткериўи ҳәм И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи менен танысыў белгиленген. Халықаралық экспертлер делегациясы ҳ-ә9 декабрь күнлери Өзбекстанда ҳаяллар ҳәм балалар раки кеселлиги бойынша скрининг бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, медициналық мәкемелер, скрининг лабораториялар ҳәм емлеўханалар менен танысыўы режелестирилген.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети

М.Ҳабибуллаев алған сүўретлер