Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде мәжилис болып өтти. Мәжилиске республикамыздағы мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларының басшылары, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери белсендилери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң баслығы Ш.Деҳқонов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда кәсиплик аўқамларына айрықша итибар қаратылып, халқымыздың мүнәсип турмыста жасаўы, олардың мийнетлериниң ылайық түрде баҳаланыўы, дем алыўы сыяқлы мәселелерге үлкен әҳмийет берилип, әсиресе, Президентимиз тәрепинен мәденият, спорт ҳәм туризм тараўына айрықша дыққат аўдарылып атырғанлығы атап өтилди.

Усы жыл 26-августта болып өткен Өзбекстан билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери кәсиплик аўқамы шөлкеминиң бесинши қурылтайында Республикалық Кеңестиң жумыслары додаланып, онда елимиздеги мәденият, спорт ҳәм туризм тараўлары күннен-күнге кеңейип, раўажланып атырғанлығы, ағзаларының саны да 100 мыңға шамаласып қалғаны, бул тараўдағы жумыслардың сапалы түрде шөлкемлестирилиўи айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Усы тараў бойынша шөлкемлестириў мәселеси қаралып, Өзбекстан  мәденият, спорт ҳәм туризм тараўы кәсиплик аўқамы өз алдына бөлинип шығыўы бойынша шешим қабылланған еди.

Усы қурылтай шешими менен Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлериниң кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеси дүзилди.

Ҳәзирги ўақытта оның қурамы, атқаратуғын ўазыйпалары белгиленип, орынлардағы жуўаплы шөлкемлестириўшилери тайынланбақта.

Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде бөлим баслығы лаўазымында жумыс ислеп киятырған Жеңисбек Аяпов Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси етип тайынланды.

Қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, алда турған ўазыйпалар келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги