Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен Тақыятас районы «TEXTIL  DILOROM» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ҳаял-қызлар ушын оқыў курсы шөлкемлестирилди.

  Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, ҳәзиргидей сынаўлы күнлерде кем тәмийинленген, «Темир дәптер»ге киргизилген социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды кәсип-өнерге бағдарлаў, қолында өнери бар қызларды исбилерменликке тартыў, солай етип олардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

-Халықтың жумыссыз қатламына, әсиресе үйде отырған «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәзирги сынаўлы күнлерде айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаял-қызлар қанаты» бөлими баслығы Элиза Бекимбетова.-Бүгинги шеберлик сабағын өткериўден мақсет, усындай ҳаял-қызлардың өзин-өзи бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат. Бул оқыў курсын республикамыздың шетки аймақларында да өткериў режелестирилген.

Оқыў курсында исбилермен Диларам Сабирова ҳаял-қызларға өзиниң тәжирийбесинен келип шығып, исбилерменлик жумысы, тигиў-пишиўдиң өзине тән сырлары менен ортақласты.

-Жумысымды өткен жылы «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша банктен 150 миллион сум муғдарында жеңилликли кредит алып басладым,-дейди «TEXTIL  DILOROM» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Диларам Сабирова.-Тийкарынан ерлер ушын арнаўлы кийимлер, мектеп формалары тигилетуғын кәрханамызда 16 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Шеберлик сабағы ақырында «Темир дәптер»ге кирген 4 ҳаял-қыз кәрханаға жумысқа қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги