Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаевтың мәлим етиўинше, 2021-жыл даўамында тәбийғый газ ҳәм эектр энергиясынан пайдаланыў ушын тарифлер көбейтилмейтуғынлығы белгиленбекте.

 

Бул норма 2021-жыл ушын арналған Мәмлекетлик бюджет жойбарында көрсетип өтилген.

 

Хабарда жазылыўынша, бүгин Нызамшылық палатасының улыўмалық мәжилисинде қатнасқан Бас министр Абдулла Арипов та буны тастыйықлап, бул халық ушын жеңиллик жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылатуғынлығын атап өткен.

 

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда соңғы мәрте электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў ушын тарифлер 2019-жылдың 15-августынан баслап көбейтилген болып, халық ушын:

 

1 куб метр газ ушын – 380 сум;

1 кВт электрэнергия ушын – 295 сум етип белгиленген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.