Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы 16-22-ноябрь күнлери Америка Қурама Штатларында болып, Өзбекстан – АҚШ сиясий мәсләҳәтлесиўиниң сегизинши дөгерек сәўбетинде қатнасты.

Илажда Өзбекстан – АҚШ қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм келешеги, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл май айында Америка Қурама Штатларына рәсмий сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдың барысы додаланды. Мәмлекетимиздиң көп қырлы бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиўге байланыслы тийарғы бағдарлар белгилеп алынды.

АҚШ тәрепи Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған, мәмлекет турмысының барлық тараўларын қамтып алыўшы кең көлемли реформалардың нәтийжелерине жоқары баҳа берди. Елимиздиң инсан ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў, мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, диний еркинликти тәмийинлеў  бойынша реформаларды әмелге асырыўдағы әҳмийетли жетискенликлерин, атап айтқанда, Өзбекстанның 2021-2023-жылларда БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине сайланғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сиясий тараўда Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўи системалы ҳәм турақлы түс алғаны атап өтилди. Халықаралық шөлкемлер ҳәм ҳәр тәреплеме структуралар шеңбериндеги шерикликтиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алмасылды.

СОVID-19 кризисиниң экономикаға аўыр унамсыз тәсири атап өтилип, АҚШ глобал пандемия ақыбетлерине қарсы гүресте Өзбекстанға жәрдем беретуғыны тастыйықланды.

Америка тәрепине БМШ Бас Ассамблеясы 75-сессиясында Өзбекстан басшысы алға қойған басламаларды концептуаллық әҳмийети ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

«С5+1» формасы регионаллық бирге ислесиўди алға қойыў, биргеликтеги жумыслардың анық бағдарларын белгилеп алыўда әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилди. Усы көз қарастан Орайлық Азияның глобал транспорт ҳәм транзит коридорларына терең интеграцияласыўын тәмийинлеў және регион мәмлекетлери арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм энергетикалық тараўлардағы байланысларды жеделлестириў бойынша әмелий илажларды күшейтиў мәселелерине итибар берилди.

«Өзбекстан – АҚШ – Аўғанстан» үш тәреплеме бирге ислесиў формасы шеңбериндеги бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Аўғанстанда Орайлық Азиядағы саўда-экономикалық ҳәм интеграция процесине белсене тартыў және усы мәмлекетлердиң транзит потенциалын арттырыўшы инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў усы мәканда беккем тынышлық орнатыўдың әҳмийетли шәрти екени атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын еки тәреплеме мәсләҳәтлесиў  формасын Стратегиялық шериклик сөйлесиўине айландырыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Сөйлесиўдиң шөлкемлестириў мәжилисин 2021-жылы Ташкент қаласында өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Сапар етиў даўамында Өзбекстан делегациясы бир қатар ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлерде қатнасты. Атап айтқанда, АҚШ қорғаныў министри ўазыйпасын атқарыўшы Кристофер Миллер, АҚШ Президентиниң миллий қәўипсизлик бойынша мәсләҳәтшиси орынбасары Мэтью Поттингер, мәмлекет басшысының сыртқы сиясат бойынша жәрдемшиси, миллий қәўипсизлик бойынша вице-президент мәсләҳәтшиси Кейт Келлог, Президент жәрдемшиси, Миллий қәўипсизлик кеңесиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша үлкен директоры Лиза Кертис, АҚШ Мәмлекетлик хаткери жәрдемшиси, демократия, инсан ҳуқықлары ҳәм мийнет бюросы баслығы Роберт Дестро, АҚШ Мәмлекетлик хаткери жәрдемшиси, Мәмлекетлик департаменти ҳаял-қызлар глобал мәселелери бойынша уйымлараралық басшысы, арнаўлы тапсырмалар бойынша  елшиси Келли Кюрри менен ушырысыўларда сиясий сөйлесиў көлемин буннан былай да кеңейтиў, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысылды.

Америка тәрепиниң атап өтиўинше, АҚШ ҳүкимети мәмлекетимизде жүз берип атырған жедел унамлы өзгерислерди қоллап-қуўатлайды. АҚШ экспертлериниң пикирине бола, ҳәзирге реформалар Өзбекстанда ғана емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында турақлы раўажланыўдың ҳақыйқый ҳәрекетлениўши күшине айланған.

Ҳүкиметимиз делегациясы ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Адам Болер арасындағы ушырасыўда тәреплер Адам Болердиң 29-июнь – 1-июль күнлери Өзбекстанға сапары шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процесин додалады. Сондай-ақ, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм инфраструктурасын раўажландырыўға тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм жаңа технологияларын тартыў бойынша шерикликти еле де тереңлестириў келешеги белгилеп алынды.

Аўғанстан инфраструктурасын жақсылаў ҳәм мәмлекетти социаллық-экономикалық тиклеў Өзбекстан менен  DFC арасында бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары болып есапланады. Усы мәнисте тәреплер усы жылдың май айында басланған «Өзбекстан – АҚШ – Аўғанстан» үш тәреплеме бирге ислесиў формасы шеңберинде  сөйлесиўди күшейтиў  зәрүр екенлигин  атап өтти.

 

ӨзА хабаршысы

Ғ.ХОННАЗАРОВ

 таярлады