Мәмлекетлик нышанлар – ҳәр бир мәмлекеттиң ғәрезсизлигин билдиретуғын белгиси есапланады. 18-ноябрь – «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күн.

Мәмлекетлик байрақтың қабыл етилгенине 29 жыл толыў мүнәсибети менен Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы  31-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Байрағым мақтанышым» атамасында байрам кешеси өткерилди.

Илаж даўамында оқыўшылар арасында сүўрет салыў, шығарма жазыў бойынша таңлаў өткерилди. Сондай-ақ, мектептиң ҳуқықтаныў пәни муғаллими Н.Қалбаеваның ашық сабағы шөлкемлестирилди.

– Ғәрезсиз елимиздиң байрағы тыныш-татыў, азат ҳәм еркин турмысымыз, жарқын келешегимизге болған исенимимиз тымсалы есапланады, – дейди  31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Нурсулыў Жаңабаева. Халықаралық спорт жарысларында жеңимпаз болған спортшылар елимиз байрағын бәлент көтерген ўақытта ҳәр биримиз шексиз қуўанышқа бөленип, ҳеш кимнен кем емеслигимизди сезинемиз. Байрағымыздың бәлентлиги елимиздиң абырайының жоқары екенлигиниң белгиси.

Илаж қатнасыўшыларына мектептиң «Ҳәўескерлер» дөгереги ағзалары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы