18-20-ноябрьде республикамыз аймақларына Батыс Қазақстан арқалы Урал (Екатеринбург) аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар бермекте.

 

18-19-ноябрьде Өзбекстан бойлап жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. 18-19-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасында жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

 

Айрым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

 

18-20-ноябрь күнлери түнги ўақытларда 10-15 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық болыўы күтилмекте.

 

Орташа түнги ҳәм күндизги ҳаўа температурасы нормада 10-15 градусқа төмен болыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.