Бурын хабар етилгениндей, республикамыздың барлық аймақларында «Жаңа Өзбекстан-жаңа дүнья қарас» атамасында үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Шымбай районындағы «Көнши», «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйынларында өткерилген усындай илажға аймақ турғынлары, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан «Темир дәптер» де есапта туратуғын пуқаралар қатнасты.

 

Илаж даўамында шайырлардың  жаңа дөретпелеринен қосықлар тыңлады. Жыйналғанларға Өзбекстанның бүгинги келбетин сәўлелендириўши видеоролик қойып берилди.

– Пандемия дәўиринде халықтың кеўлин көтериў  ҳәм оларға жоқары  кейпият бағышлаў мақсетинде хызмет етпектемиз, – дейди эстрада қосықшысы Арысланбек Асқаров. Елимизде байрамлар, қуўанышлы күнлер көп болсын.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги