Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы ҳәм «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий жойбарлаў институтының жуўапкер қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясында, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов,  басқарманың жуўаплы хызметкерлери А.Аллаяров, Ж.Ережеповлар шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019–жыл 26-августтағы 4427-санлы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы қарарлары менен белгиленген тәртиплерге муўапық, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыўда жерлерден турақлы пайдаланыў, өндирислик және социаллық әҳмийетке ийе болған объектлерди дурыс жайластырыў бойынша илажлар избе-из әмелге асырылмақта. Өз-ара қатнасықларда бюрократиялық тосқынлықларды, коррупцияны жоқ етиў мақсетинде ашық-айдын механизмлер енгизилди.

Жаңа тәртипке муўапық, исбилерменликти ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тәртиплери жетилистирилип, буннан былай жер участкаларын таңлаў бойынша материалларды таярлаў, ўәкилликли уйымлардан келисим ҳәм жуўмақларды алыў тек YERELEKTRON автоматластырылған информациялық системасы арқалы әмелге асырылмақта.

2020-жылы усы күнге шекем республикамыз бойынша 1980нен аслам бос жер орынлары анықланып YERELEKTRON системасына киргизилди, Соннан, 1513 жер орны «E-AUKSION» электрон-онлайн саўдасына қойылып, бүгинги күнде исбилерменлик субъектлери улыўма майданы 40 гектарға тең 731 жер орнын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен алыўға миясар болды.

Жыл басынан усы күнге шекем физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 21 мың 286 көшпес мүлк объектлерине кадастр паспортын бериў, 17 мың 773 көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў, 1268 шәртнамаларды дизимнен өткериў, 93 мүлкти ижараға бериў шәртнамасын дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўи тәмийинленген.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги