Кегейлиши жас исбилермен Тимур Мамутов районда аяқ кийим ислеп шығарыўды жолға қойды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Исбилерменниң айтыўынша, ҳәзирги ўақытта 5 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген. Ислеп шығарылып атырған аяқ кийимлерди дәслеп район базарында, кейин ала Шымбай районында сатыўды жобаластырып отыр.

– Жумысларымызды алдағы ўақытлары кеңейтиў нийетиндемиз. Аяқ кийимлердиң баҳасы ҳәм сапасы халқымыздың кеўлинен шығады деп үмит етемиз, – дейди жас исбилермен Т.Мамутов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.