Бажыхана уйымлары тәрепинен бажыхана төлемлерин дурыс есаплаў ҳәм мәмлекетлик бюджетке төлемлерди өндириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ, өткерилип атырған профилактикалық  илажларға қарамастан, айырым «исбилерменлер» тәрепинен тийисли төлемлерди төлеўден қашыў мақсетинде сырт елден алып келинип атырған ҳәм белгиленген нормадан артық болған товарларды ҳүжжетлерде көрсетпей, жасырын түрде алып кириўге урыныў фактлери ушыраспақта.

«Даўыт ата» шегара бажыхана постында Россия Федерациясынан кирип келген “Daf” маркалы автотранспорт тийисли тәртипте бажыхана постында орнатылған инспекциялық тексериў комплексинен өткерилгенинде усындай және бир факт анықланды.

Бул автотранспорт бойынша басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен гүман пайда болып, бажыхана тексериўи тайынланады. Өткерилген тексериў нәтийжесинде, усы жүк автотранспорт қуралында усыныс еткен ҳүжжетлеринде көрсетилгенлерден артықша, улыўма баҳасы 106 миллион сумлық 328 дана ҳәр қыйлы атамадағы автотранспорт қуралларының аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бул факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги