Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-октябрьдеги «Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарарын үгит-нәсиятлаў ҳәм оның мазмуны және әҳмийетин түсиндириўге арналған илаж шөлкемлестирилди.

 

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

 

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының бийбаҳа дөретиўшилик-илимий мийрасы тек ғана халқымыздың емес, соның менен бирге, жәҳән әдебияты тарийхында, миллий мәдениятымыз ҳәм әдебий эстетикалық ойларымыздың раўажланыўында айрықша орынға ийе. Уллы шайыр өзиниң поэзиялық ҳәм прозалық шығармаларында улыўма инсаный идеяларды улығлап, өзбек тилиниң сөз байлығы ҳәм шексиз түсиндириў имканиятларын көрсетип берип, жер жүзиндеги миллионлаған китапқумарлардың жүрек төринен мүнәсип ҳәм беккем орын ийеледи.

Илажда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Т.Романов, филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев, өзбек әдебияты кафедрасының баслығы С.Матякупов, өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-курс студенти К.Аннақуловалар Әлийшер Наўайы ҳәм миллий қәдириятлар, оның шығармаларының дүнья илими ҳәм руўхый дүньясындағы орны, Наўайыны аңлаў ҳәм китапқумарлық мәденияты және Президент қарарында белгиленген ўазыйпалар бойынша баянатлар жасады.

 

Илажда институтта ҳәм республикалық көлемде Әлийшер Наўайының 580 жыллығын кең түрде белгилеў мақсетинде Наўайы шығармалары билимданы, шығармалар таңлаўы, талантлы жаслар арасында музыка ҳәм сүўретлеў өнери бойынша таңлаўлар өткериў ушын исленетуғын баслы илажлар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте ғәззел бойынша республикалық таңлаў шөлкемлестириў усынысы берилди.

 

Илажға ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы О.Бозоров, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети профессоры А.Собиров, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримовлар қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.