Шоманай районы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Дадек аўылына алып баратуғын Шоманай каналындағы көпир пайдаланыўға жарамсыз болғанлықтан халық 20-25 километр жол жүрип, айланып өтиўге мәжбүр болып жүрген еди.

 

Усы аймақ турғыны, пуқара Е.Ж. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасына усы машқала бойынша мүрәжат етип, көпирди оңлап бериўде жәрдем сораған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, мүрәжат нызам тийкарында үйренип шығылып, көпирди оңлаў жумыслары усы жылдың 22-октябрь күнинен баслап Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.