Алдын хабар бергенимиздей, Ташкент қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында XXVIII Өзбекстан миллий чемпионатының жуўмақлаўшы 3-тур ойынлары болып өтти.

 

Чемпионаттың шешиўши турында алдынғы өткерилген турларда ең көп упай топлаған Қарақалпақстан Республикасынан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ», Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң «СКУФ», Әндижанның «Бўстон» ҳәм Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «ЖизДПИ» командалары чемпионлық ушын жарысқа түсти.

 

Жарыс жуўмақларына муўапық, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» қызлар волейбол сайланды командасы сыйлы 2-орынды қолға киргизди.

 

Қуўанышлысы, қарақалпақстанлы үмитли спортшылардан 7 волейболшы қыз Өзбекстан сайланды командасы қурамына алынды.

 

Спортшыларды жарысқа Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен тренер, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан спорт ветераны, спорт устасы Азат Казаков таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.