«Өзстандарт» агентлиги халықаралық бирге ислесиў шеңберинде Қытай Автомобиль технологиясы ҳәм изертлеў орайы (CATARC)нан электромобильлер ҳәм олардың аўысық бөлеклерине байланыслы 51 Қытай стандартларын алды.
Бул стандартлар жергиликли ислеп шығарыўшыларға сырт мәмлекеттиң стандартларын үйрениў, өнимлерди усы стандартларға муўапық ислеп шығарыў, сапасын жақсылаў, бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм оларды экспортқа жеткерип бериўди көбейтиўде хызмет етеди, делинеди «Өзстандарт» агентлиги хабарында.
Соның менен бирге Қытай Автомобиль технологиясы ҳәм изертлеў орайының экспертлери менен усы жыл 27-октябрь күни «Электромобильлер ҳәм олардың аўысық бөлеклерин ислеп шығыўда Қытай мәмлекетиниң талаплары» темасында онлайн семинар шөлкемлестириледи. Онда жергиликли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери менен бирге халықаралық экспертлер де қатнасыўы күтилмекте.
ӨзА