Бүгин республикамыз аймағында ҳаўа райы алағат бултлы ҳәм жыллы болады. Күндизги температура 20-23 градусқа шекем көтериледи.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең – 27-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына Россияның Европа бөлеги – Москва областынан Волгабойы арқалы суўық антициклон кирип келеди.

 

28-октябрьде суўық ҳаўа Өзбекстан аймағына тарқалады, температура 8-10 градусқа шекем төменлейди. Күндизги ҳаўаның температурасы 10-13 градус дөгерегинде болады.

 

Самалдың тезлиги секундына 17-22 метрге шекем күшейиўи күтиледи.

 

Суўық ҳаўа ағымының тәсири 29-октябрьде ҳәм 30-октябрьде түнги ўақытларда сақланып турады, 30-октябрьде күндиз антициклон арқа-шығысқа қарай шегине баслайды ҳәм ҳаўа әсте-ақырын жылыйды.

 

29- ҳәм 30-октябрь күнлери түнги ҳаўа температурасы 0-3 градус салқын болыўы мүмкин, айырым орынларда ҳаўада дәслепки аяз бақланады – температура 1-2 градус суўық болады. 29-октябрьде күндиз 10-13 градус жыллы болады, 30-октябрьде болса 13-16 градусқа шекем жылыйды. Усы күнлердиң температурасы октябрь айы ушын тән болған нормалық өлшемлерден 7-9 градусқа шекем төмен болады.

 

31-октябрьде Өзбекстан аймағына Иран тәрептен жыллы ҳаўа кирип келеди. Түнги аяз тоқтайды, күндизги температура 18 градус, айырым орынларда оннан да жоқары болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.