Алдын, Өзбекстанда коронавирусқа қарсы вакцинаның клиникалық сынақлары кеўиллилерде өткерилиўи күтилип атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Инновациялық раўажланыў министрлиги Баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, клиникалық сынақлардың барлық басқышлары табыслы тамамланған жағдайда, Өзбекстан бул вакцинаны бириншилерден болып және арзан баҳаларда сатып алыўда үстинликке ийе болатуғыны атап өтилди.

Бул коронавирусқа қарсы рекомбинат вакцинасы Қытай Илимлер Академиясы Микробиология институты ҳәм «Anhui Zhifei Longcom Biopharmaceutical» компаниясы тәрепинен ислеп шығылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги