Усы жыл 22-октябрь күни Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң он төртинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына депутатлар, секторлардың, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе – аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаў рейтинг көрсеткишлери бойынша «қанаатландырарсыз» баҳаланған Тақыятас районы сектор басшыларының жол қойған кемшиликлери ушын халыққа мүрәжаты тыңланып, усы кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған ўазыйпалары туўралы «Жол картасы»ның презентациялары өткерилди.

Бул бойынша районның 4 сектор басшылары өз аймақларында өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлемлеме берип, жол қойған қәте-кемшиликлери ушын кеширим сорады.

Атап өтилгениндей, район рейтинг баҳалаўдың 6 бағдарының 22 көрсеткишинен, атап айтқанда «Экономикалық раўажланыў ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлери»нде (максимал балл – 7,5, әмелде-0,84) оғада төмен баҳа алған.

Бүгинги күнде бул көрсеткишлер 2019-жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 9 айдың жуўмағы бойынша санаат өнимлериниң көлеми 130 процентке, соннан, аймақлық санаат өнимлери 102 процентке, халықтың жан басына есаплағанда 130 процентке, хызметлер 102 процентке, халықтың жан басына есаплағанда 110 процентке, тутыныў товарлары 131 процентке өсиўи тәмийинленген.

Сондай-ақ, экспорт көлеми 3 миллион АҚШ долларын қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда еки есеге көбейген.

Тиккелей инвестиция алып кириў бойынша жыл басынан берли 1,1 миллион АҚШ доллары муғдарында реже белгилеп алынған болса, ҳәзирги күнниң өзинде 3,8 миллион АҚШ долларына тең инвестициялар киргизилген.

Жыл жуўмағына шекем бул көрсеткишлерди және де кеминде еки есеге арттырыў ушын «Жол карта» ислеп шығылған болып, быйылғы жылы иске түсирилетуғын 35 жойбарға қосымша және 18 жойбар ислеп шығылған.

Жәми 102 миллиард сумлық 53 жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 500ден аслам пуқаралар жумыс пенен тәмийинленеди, соның менен бирге, бюджетке қосымша 2 миллиард сумға шамалас салық базасы жаратылады.

Мийнет базары нәтийжелилигин арттырыўда (максимал балл-6,25, әмелде-4,40) 2019-жылдың жуўмағы бойынша халықтың бәнтлик дәрежеси 90,8 процент, ҳаял-қызлар бәнтлигиниң дәрежеси 87,2 процент, сырт елге ўақтынша жумыс ислеў ушын кеткен халықтың (7 мың адам) экономикалық актив халықтың санына үлеси 21 процент, мийнет базарындағы кескинлик дәрежеси бир бос орынға жумыссызлардың саны 24 адамға туўра келген.

Быйылғы жылдың жуўмағы менен халықтың бәнтлик дәрежесин 92,1, ҳаял-қызлар бәнтлиги дәрежесин 89,1, сырт елге ўақтынша жумыс ислеў ушын кеткен халықтың (4,3 мың адам) экономикалық актив халықтың санына үлесин 14 процентке, мийнет базарындағы кескинлик дәрежени бир бос жумыс орнына жумыссызлар санының  10 адамды қураўы ушын барлық илажлар көриледи.

Экономиканың бәсекиге шыдамлылығы ҳәм диверсификациялаўда (максимал балл-3,75, әмелде 1,01) 2019-жылдың жуўмағы менен ислеп шығарылған санаат өнимлерин экспортқа бағдарлаў көрсеткишлери 3,6 процентти, халықтың жан басына туўра келетуғын тутыныў товарларының көлеми 1700 сумды қураған.

Быйылғы жылдың жуўмағы менен ислеп шығарылған санаат өнимлерин экспортқа бағдарлаў көрсеткишлери 5,2 процентке, халықтың жан басына туўра келетуғын тутыныў товарларының көлеми 2800 сумға, тиккелей инвестициялардың көлеми 500 мың АҚШ долларына, экспорт көлеми 5 миллион АҚШ долларына жеткериледи.

Бунда «Фубо-Нукус» ЖШЖда бүгинги күнге шекем 970 мың АҚШ долларлық өнимлерин экспортқа шығарған болса, жыл ақырына шекем қосымша 1 миллион АҚШ долларлық экспорт әмелге асырылады. Буннан басқа, «Атияж гүлзар» ЖШЖ базасында қосымша күнине 150 тонна дәнди қайта ислеў заводы иске түсирилди ҳәм жыл жуўмағы менен 54 мың тонна дән қайта исленип, 18 миллиард сумлық тутыныў товарларының ислеп шығарылыўы тәмийинленеди ҳәм қосымша 1 миллион АҚШ долларлық ун өнимлери экспортқа шығарылады.

Исбилерменлик орталығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыўдың сапа көрсеткишлеринде (максимал балл-7,5, әмелде 3,14) жәми ислеп шығарылатуғын өним (хызмет)де киши бизнестиң үлеси 0,22 процент, исбилерменлик субъектлериниң өмиршеңлиги 43 процент, активлиги 38 процент, өсиўи 25 процент ҳәм киши бизнес арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўдың үлеси 63 процентти қураған.

Районда ҳәзир тоқтап қалған 5 кәрхананың жумысы қайта тикленген. Жыл жуўмағы менен жәми ислеп шығарылған өним(хызмет)деги киши бизнестиң үлесин 1,2 процентке, исбилерменлик субъектлериниң өмиршеңлигин 54 процентке, активлигин 55 процентке, өсиўин 30 процентке ҳәм киши бизнес арқалы жаңа жумыс орынларының жаратылыўындағы үлесин 74 процентке көбейтиледи.

Жергиликли салықлардың жыйналыў көрсеткишлеринде (максимал балл-1,25, әмелде 0,30) 2019-жылда мүлк ҳәм жер салықларының түсимлериниң өзгериўи 100 процент, есапланған салық төлемлериниң жыйналыў дәрежеси 99,9 процентти қураған.

Пайдаланылмай бос турған 23 объектке 218 миллион сумлық тәсиршең салық есапланып, бүгинги күнге шекем 115 миллион сум өндирилген. Жыл жуўмағына шекем толық өндириў имканияты бар.

Жергиликли ҳәкимият уйымларының пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў нәтийжелилиги ҳәм мағлыўматлардың ашық-айдынлығы көрсеткишлери бойынша (максимал балл-3,75, әмелде 3,00) 2019-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы жергиликли ҳәкимият уйымларына келип түскен тәкирарый мүрәжатлар жоқ екенлиги, қанаатландырылған мүрәжатлар санының үлеси 57 процентти қурамақта.

Быйыл 1100 мың АҚШ доллары муғдарында тиккелей инвестицияларды тартыў режелестирилген болса, бүгинги күнге шекем 3800 мың АҚШ доллары муғдарында тиккелей инвестициялар өзлестирилди.

Жыл ақырына шекем 4 миллион АҚШ долларынан аслам инвестициялардың өзлестирилиўине ерисиледи.

Сессияның күн тәртибиндеги екинши мәселе – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 16-октябрь күни өткерилген селектор мәжилисинде додаланған азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базардағы баҳалардың турақлылығын сақлаў илажларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша берилген ўазыйпаларға бағышланды.

Мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў жәмийетти социаллық-экономикалық раўажландырыў, пуқаралардың саламатлығын, турмыс шараятларын жақсылаў, миллий қәўипсизлиги ҳәм мәмлекет ғәрезсизлиги сақланыўының тийкарғы бағдары сыпатында қаралмақта. Атап айтқанда, пүткил дүньяда даўам етип атырған коронавирус пандемиясы шараятында бул тараўды раўажландырыў ҳәр бир басшы алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланбақта.

Сессияда усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Амановтың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, районда 2018-2020-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен шарўашылық, қусшылық, балықшылықты раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў мақсетинде, жәми 80,0 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылған. Районға сырт еллерден 300 ден аслам нәсилли қарамаллар алып келинип, халықтың сүт ҳәм гөш өнимлерине болған талабының толық қанаатландырылыўына ерисилген.

Усы жылдың 9 айы жуўмағы бойынша район бойынша 1,4 мың тонна гөш, 7,9 мың тонна сүт, 427 тонна картошка, 820 тонна овощ, 321 тонна палыз, 266 тонна мийўе, 3,5 миллион дана мәйек өнимлери жетистирилип, халық дастурханына инам етилген. Усы өнимлерди жетистириў көлеми бойынша өткен жылларға салыстырғанда өсиў пәтлери сақланған.

Бирақ, аймақларда «атыздан-тутыныўшыға шекем» принципи тийкарында жумыслардың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги, күнделикли түрде жаңаланып турылатуғын азық-аўқат өнимлериниң топланып барылыўына зәрүр итибардың қаратылмағанлығы себепли базарлардағы баҳаның өсиўине алып келмекте.

Мәселен, быйыл январь-сентябрь айлары аралығында сүт өнимлери 10, картошка 12, гөш өнимлери 7,1, өсимлик майы 10,2, қумшекер, шай ҳәм қосымша өнимлердиң баҳасы 5,4 процентке өскен.

Сонлықтан, бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпа – халқымыз ушын арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў, сол арқалы халқымыздың турмыслық шараятын жақсылаў ҳәм ертеңги күнге болған исенимин арттырыў болыўы тийис.

Сессияда усы жылдың 1-ноябринен 2021-жылдың 1-майына шекем халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, ишки тутыныў базарына өним жеткерип берилиўин системалы шөлкемлестириў арқалы баҳалардың турақлылығын сақлаў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған ең әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди.

Сессия қатнасыўшылары тәрепинен күн тәртибинен орын алған мәселелер  додаланып, пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар сектор басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Сессияда көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги