Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәдениятының ажыралмас бир бөлегин қурайтуғын, руўхый раўажланыўымыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған әййемги қол жазбаларды, көркем дөретпелерди, ески естеликлерди сақлаў, оларды илимий жақтан изертлеў, елимиз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Әне, усындай бийбаҳа тарийхый-мәдений буйымлар тек ғана халқымыз мәдениятының дүрданалары емес, ал дүнья жүзи көлеминде ири коллекциялар болып табылады.

Соның менен бирге, елимиздиң тарийхы менен мәдениятына байланыслы көплеген қымбат баҳалы экспонатлар шет еллердиң музейлеринде және архив фондларында сақланбақта. Бул мәдений мийрас естеликлерин анықлаў ҳәм изертлеў, имканы болғанынша елимизге алып келиў бойынша соңғы жылларда көлемли жумыслар исленди.

Соның менен бирге халқымызды, атап айтқанда, жасларымызды, әне, усы бийбаҳа руўхый байлықтан хабардар етиў, тарийхымыздың және мәдениятымыздың нәмәлим бетлерин терең үйрениў, шет еллердеги Өзбекистанға тийисли мәдений байлықлар туўралы толық мағлыўматлар базасын жаратыў, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясы, «Өзархив» агентлигиниң Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Өзбекистанға тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайын (кейинги орынларда Орай деп жүргизиледи) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

миллий ҳәм шет елли қәнигелерди тартқан ҳалда, шет елде сақланып атырған, елимиздиң тарийхына және мәдениятына тийисли байлықларды анықлаў, олардың толық мағлыўматлар базасын – реестрин жаратыў ҳәм оны турақлы жаңалап барыў, сондай-ақ, әне усы тарийхый экспонатлардың тийкарғы ямаса көширме нусқаларының фото ҳәм видео сүўретлерин елимизге алып келиў, тийисли илимий орайлар, атап айтқанда, Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты менен биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў, ерисилген нәтийжелерди илимий айланысқа киргизиў бағдарындағы жумысларды муўапықластырыў;

жумыс бағдары бойынша шет еллердеги музей ҳәм фондлар, архивлер, илимий-мәдений мәкемелер менен өз-ара мәдений байланысларды жолға қойыў, ҳәр қыйлы әнжуманлар, конференциялар және көргизбелер шөлкемлестириў;

шет еллерде сақланып атырған мәдений байлықларды елимизге қайтарыў бойынша сөйлесиўлер алып барыў ҳәм зәрүр илажлар көриў, бул бағдарда халықаралық көлемдеги алдыңгы тәжирийбени үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў;

мәдений байлықлардың алып келиниўи ҳәм алып шығылыўы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин ҳәм нәтийжели орынланыўын талқылаў, оларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, халықаралық шәртнамлар менен улыўма тән алынған нормаларды миллий нызамшылығымыз көз-қарасынан ҳәр тәреплеме үйрениў;

шет елдеги елимиздиң тарийхы менен мәдениятына тийисли мәдений байлықларды ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, глобаллық интернет тармағында кеңнен сәўлелендириў, олар ҳаққында библиографиялық топламлар, каталоглар, китап,  альбомлар ҳәм басқа да полиграфиялық өнимлерди ҳәр түрли тиллерде баспадан шығарып барыў;

топланған материалларды елимиз ҳәм дүнья жүзи көлеминде илимий айланысқа киргизиў;

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекистанға тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының структуралық қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Орайдың директорына зәрүрлик болған жағдайда Орайдың структуралық қурамына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистанға тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда Комиссия деп жүргизиледи) 2-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Орай тәрепинен елимиздиң тарийхы менен мәдениятына тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў бойынша алып барылатуғын илимий-изертлеў жумысларын муўапықластырыў;

Орайдың жыллық жумыс алып барыў режесин тастыйықлаў ҳәм оның әмелге асырылыўына көмеклесиў, сондай-ақ, зәрүрлигинен келип шыға отырып, Орайға жүкленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Орайдың усынысына тийкарланып оның қәнигелеринен ҳәм басқа да шөлкемлерден Орайға тартылатуғын экспертлерди шет еллерге сапарларға жибериў жумысларын муўапықластырыў;

ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Орайдың есапларын тыңлаў, оның жумысының нәтийжелилигин баҳалаў;

елимиздиң тарийхына және мәдениятына тийисли шет елдеги мәдений байлықларды изертлеў бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў ҳәм бул бағдарда зәрүр илажларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

Орай Комиссияның жумысшы уйымы және Орай директоры, лаўазымына бола, Комиссияның жуўаплы хаткери есапланатуғыны;

Орай Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Билимлендириў, илим ҳәм жаслар сиясаты мәселелери мәлимлеме-талқылаў департаментиниң жуўапкершилигинде жумыс алып баратуғын, юридикалық шахс статусына ийе болған мәмлекетлик мәкеме болып есапланатуғыны;

Орайдың директоры ҳәм оның орынбасары Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Орай хызметкерлерине Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылатуғыны;

Орай Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Көркем өнер таныў институтының Ташкент қаласы, Юнусабад районы, мустақиллик майданы, 2-жай мәнзилиндеги имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен орналастырылатуғыны;

Орайдың жумысы нәтийжесинде шет елде сақланып атырған, елимиздиң тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли мәдений байлықлардың түп ямаса көширме нусқалары, фото ҳәм видео көринислери Өзбекистан Республикасына алып келингенде (қайтарылғанда), зәрүр илимий-изертлеў жумыслары орынланғаннан соң, олар Комиссияның жуўмағына тийкарланып, тийисли мәмлекетлик музейлер қарамағына бийпул өткерип берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Орай жумысын қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

Орайды сақлап турыў қәрежетлери, сондай-ақ, 2017-жылы Орайдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге байланыслы қәрежетлер ушын ажыратылатуғын Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында илимий-изертлеўлерди орынлаў ушын Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлиги тәрепинен ажыратылатуғын мақсетли грант қаржылары;

Орай қәнигелерин ҳәм басқа да шөлкемлерден оған тартылатуғын экспертлерди шет еллерге хызмет сапарларына жибериў ҳәм сырт елли қәнигелер (экспертлер)ди тартыў қәрежетлери ҳәм Орайдың жумысына байланыслы басқа да қәрежетлер ушын исбилерменлик жумысынан, соның ишинде, баспа жумысынан түсетуғын қаржылар, халықаралық қаржы институтлары, шет елли шөлкемлер, донор еллер менен шөлкемлердиң грантлары, сондай-ақ, қәўендерлик илажлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссия Орайдың шет елде сақланып атырған, елимиздиң тарийхына ҳәм мәдениятына тийисли мәдений байлықларды үйрениў жумысларын шөлкемлестириў ушын ҳәр жылы илимий жақтан тийкарланған изертлеўлерге мәмлекетлик буйыртпаны белгиленген тәртипте тастыйықласын.

Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлиги Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын мәмлекетлик буйыртпада белгиленген илимий-изертлеўлер ушын мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалары шеңбериндеги илимий-техникалық жойбарларға ажыратылатуғын бюджет қаржыларының есабынан мақсетли грантлар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

усы қарарда нәзерде тутылған қәрежетлер ушын зәрүр бюджет қаржыларын 2017-жыл Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде социаллық сала бойынша нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде ажыратсын, 2018-жылдан баслап болса Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде усы салаға ажыратылған қаржылар шеңберинде нәзерде тутсын;

бириктирилген бир хызмет автотранспортын сақлап турыў ушын лимит ажыратсын.

  1. Төмендегилер:

шет елли қәнигелер (экспертлер) диң мийнетине ҳақы төлеў муғдары Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигиниң Қаржы министрлиги менен келисилген усыныслары тийкарында мийнет шәртнамасында белгиленетуғыны ҳәм еркин конвертацияланатуғын валютада әмелге асырылатуғыны;

шет елли қәнигелер (экспертлер)ге Өзбекистан Республикасында болған дәўиринде бир күнлик сапар қәрежетлери 20 АҚШ долларына тең  муғдарда, күнделикли өлшем бойынша, Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң төлеў күниндеги курсы бойынша миллий валютада төленетуғыны;

шет елли қәнигелер (экспертлер)диң бир айдан аспаған мүддеттке дүзилген қысқа мүддетли мийнет шәртнамалары бойынша елимизде жасаў қәрежетлери Орай тәрепинен миллий валютада төленетуғыны, бир айдан артық мүддетке дүзилетуғын мийнет шәртнамалары бойынша шет елли қәнигелер (экспертлер)диң жасаў қәрежетлери ушын төлемлер, дүзилген шәртнаманың шәртлерине муўапық, айлық мийнет ҳақыларын төлеўде әмелге асырылатуғыны;

елимиздиң тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли, шет елде сақланып атырған мәдений байлықларды анықлаў, олар туўралы толық мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм изертлеў ушын тартылатуғын шет елли қәнигелер (экспертлер)диң Орай менен дүзилген мийнет шәртнамасы шеңберинде алынатуғын дәраматлары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте белгиленген тәртипте, Орайды зәрүр байланыс түрлери ҳәм қураллары, соның ишинде, Ҳүкиметлик телефон байланысы менен тәмийинлесин, сондай-ақ, кең көлемли интернет тармағынан пайдаланыў имканиятын жаратып берсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Орайлық банки ҳәм хызмет көрсететуғын коммерциялық банклерге Орайдың буйыртпалары бойынша Орай қәнигелериниң ҳәм оған басқа да шөлкемлерден тартылатуғын экспертлердиң шет елге хызмет сапарларына және шет елли қәнигелер (экспертлер)диң мийнетине ҳақы төлеўге байланыслы қәрежетлер ушын қаржыларды конвертациялаў усыныс етилсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

Орайдың шет еллерге хызмет сапарына баратуғын қәнигелери ҳәм басқа да шөлкемлерден тартылатуғын экспертлер Өзбекистанның шет мәмлекетлердеги елшиханалары ўәкиллери тәрепинен күтип алыныўына, шығарып салыныўына, визаларды рәсмийлестириўде ҳәм дилмашларды бириктириўде және Орайдың шет еллердеги тийисли шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўда ҳәм раўажландырыўда әмелий жәрдем көрсетсин;

Орайдың буйырпаларына муўапық шет елден тартылатуғын шет елли қәнигелер (экспертлер)ге кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен рәсмийлестирилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Орайдың буйыртпаларына муўапық шет елден тартылатуғын шет елли қәнигелер (экспертлер)ге мәмлекетлик бажы өндирместен, көп мәртелик кириў визаларын берилиўин ҳәм олардың мүддети узайтылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өтиўин ҳәм ўақтынша дизимнен өткериў мүддетиниң созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Орайдың жумысын тәмийинлеў, сондай-ақ, елимиздиң тарийхына ҳәм мәдениятына тийисли мәдений байлықлардың мағлыўматлар базасын – реестрин жаратыў, олардың көширме нусқаларын, фото ҳәм видео көринислерин Өзбекистан Республикасына алып кириў, ҳәр қыйлы әнжуман, конференция ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў ушын жеңилликли шет ел кредитлерин ҳәм грантларын тартыў бойынша халықаралық қаржы институтлары және сырт елли донорлар менен системалы жумыслар алып барсын.
  3. Орай:

Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Мәденият министрлиги менен биргеликте, бир ай мүддетте, Орайға тәжирийбели қәнигелер пуқта таңлаў тийкарында таңлап алыныўын және кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте, еки ай мүддетте, нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Орай ҳәм Комиссияның режесин, республикалық мәкемелерден экспертлерди, соның ишинде, шет елли қәнигелер (экспертлер)ди мийнет шәртнамасы тийкарында тартыў тәртибин тастыйықлаўды және басқа да шөлкемлестириўшилик мәселелерин нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 20-июнь