Халық билимлендириў министриниң мәлим етиўинше, мәжбүрий толтырылатуғын ҳүжжетлер оқытыўшыларда 7 ден 1 ге, класс басшлыларында оннан екиге, руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша орынбасарларда 19 дан  4 ке ҳәм психологларда 27 ден 8 ге шекем азайтылған.

Министрлик ҳүжжетлердиң толық дизиминде келтирилген бийкар етилген ҳүжжетлерди ҳәзир толықтырыў зәрүрлиги жоқ екенлигин және бир мәрте еслетип өтеди.

Оқытыўшылар усындай артықша бюрократиядан босаған ўақытын өзи ҳәм оқыўшыларының билимин арттырыўға бағдарлайды.

Министр артықша қағазпазлықты және де қысқартыў бойынша жумыслар даўам етпей атырғанлығын атап өтип, «Келиң, сизиң пикириңизше қайсы пайдасыз есабат қандай ҳүжжет тийкарында толтырылып атырған болса, оны усы форма арқалы бизге жибериң ҳәм биз оны үйренип, қысқартыў илажларын көремиз», демекте.

 

ӨзА