Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Мурат Муханов 70 жасында дүньядан өтти.

Мурат Муханов 1950-жылы Әмиўдәрья районында туўылып кәмалға келди.

1974-жылы Ташкент аўыл хожалығы институтын тамамлағаннан соң аўыл хожалығы министрлигинде түрли жуўапкерли лаўазымларда иследи.

Соңынан ўәлаятлық партия комитети аўыл хожалығы бөлими баслығының орынбасары, Бердақ хожалығы директоры ўазыйпаларын жемисли атқарды.

2007-2015-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы секретариатына басшылық етти.

Кейинги жылларда Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында жасларға дийқаншылық сырларынан тәлим берди.

Тәжирийбели дийқан, илимпаз-агроном, аўыл хожалығы тараўларындағы реформалардың әмелге асыўына үлкен үлес қосқан  искер инсан Мурат Мухановтың естелиги жүрегимизде бәрқулла сақланып қалады.

Мурат Мухановтың шаңарағына, туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги