Елимизде киши бизнести раўажландырыў, олардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Мойнақлы Жүсип Әмиров та “Жүсип Малақайшы” аты менен республикамызға белгили өнерментлердиң бири болып, ол ҳайўанлардың терилеринен  малақай тигеди.

– Мен бул өнерди Россияның Пенза қаласында жүргенимде үйренип келдим,-дейди Ж.Әмиров.

Президентимиздиң өнерментшиликке де дыққат, итибары айрықша. Усының нәтийжесинде Мойнақ районы орайындағы өнерментлер аллеясынан маған устахана ажыратылып, субсидия тийкарында тигиў машинасы алып берилди. Напақаға шығыўыма қарамастан, мениң өнермент екенлигимди есапқа алып мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған бундай имканиятлардан шексиз миннетдарман.

Бул кәсип пенен отыз бес жылдан берли шуғылланып киятырған Ж.Әмиров малақайларын “Мойнақ стэлла”сы ҳәм қысқы бас кийимге буйыртпа ушын байланыс номерлер түсирилген этикетка менен шығарып атыр.

Өнермент Жүсип малақайшының қарыйдарлары республикамыз турғынлары ҳәм сырт елли туристлерден ибарат.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги