Тақыятас районы пахта бойынша шәртнамалық көрсеткишлерди республикамызда биринши болып орынлады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Районда быйылғы жылы 2 мың 600 гектар майданға шигит егилип, мол өним жетистирилди. Аймақта пахта жыйым-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 56 терим отряды шөлкемлестирилип, 3 мың 700 ден аслам теримши ықтыярлы түрде пахта териўге қатнаспақта.
Райондағы 56 фермер хожалығы «Тахиатош тех кластер» кәрханасы менен шәртнама дүзип, жерди сүриў ҳәм егиўге таярлаў, егиў ҳәм ғаўашаны тәрбиялаў менен байланыслы илажларды агротехникалық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда алып барып, быйылғы жыл ушын шәртнама бойынша белгиленген улыўма 5 мың 600 тонналық пахта жобасын артығы менен – 5 мың 800 тоннадан аслам көрсеткиш пенен республикамызда биринши болып орынлады.
Мәўсимде теримшилердиң материаллық пайда алыў дәрежесиниң арттырылғанлығы, яғный биринши теримде 1 кг пахта шийки заты ушын 1 000 сумнан, екинши теримде 1 400 сумнан төленгенлиги, соның менен бирге, теримшилер арасында «Белсенди теримши» жарысларының турақлы өткерилип турылғаны және қымбат баҳалы саўғалар, ақшалай сыйлықлар тапсырылғанлығы табыслардың тийкары болып хызмет етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.