Нөкис қаласында қолайлықлары ҳәм имканиятлары бойынша саўда орайларынан қалыспайтуғын жаңа форматтағы базар – экобазар шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында пайтахтымыздағы инвестициялық жойбарлар ҳаққында хабар бериўши «Нукус 24» каналы хабар берди.

 

Экобазар пайтахтымыз турғынлары ушын таза ҳәм тәбийғый аўыл хожалығы өнимлерин қолайлы және арзан баҳаларда сатып алыў имканиятларын арттырады.

 

Модернизацияланған бундай базардың қолайлы тәреплери:

 

– Өнимлерди тиккелей жетистириўши – фермер хожалықларының өзинен сатып алыў мүмкиншилиги;

 

– Палыз өнимлери, мийўе, гөш, нан өнимлери, ишимликлер ҳәм барлық гастрономиялық талапларды бир жерден питкериў имканияты;

 

– Ҳәр бир қарыйдар онлаған сатыўшылар арасынан өзине керекли болған өнимди қолайлы баҳаларда таўып алыў мүмкиншилиги;

 

– Базарда кең саўда залы болып, кондиционерлер менен тәмийинленеди, жылытыў системалары, ықшам ҳәм таза витриналар, кеўилли атмосфера, азық-аўқат өнимлерин тасыў ушын тиркемелер болады.

 

Базардың шөлкемлестирилиўи қала турғынларының жасаў жағдайларын жақсылап, жоқары сападағы өнимлерди сатып алыўына имканият жаратады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.