Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-октябрь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме  көрип шықты. Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған жедел байланысты даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Коронавирустың глобал көлемде тарқалыўы ақыбетлерин нәтийжели жеңип өтиў мақсетинде әмелий бирге ислесиў бойынша, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транзит, аўыл хожалығы ҳәм басқа тармақлардағы жойбарларды  алға қойыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Усы мәнисте  еки мәмлекеттиң сыртқы сиясат уйымларының басшылары тәрепинен өткен айда өткерилген сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң тийкарғы нәтийжелери унамлы баҳаланды.

Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери 2019-жыл ноябрь айында Ташкент қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының  гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўында қабыл етилген қарарлар ҳәм ерисилген келисимлердиң орынланыўын додалады.

Системалы ҳәм турақлы раўажланып атырған бул әҳмийетли формат шеңберинде пайдалы сөйлесиў алып барылып атырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Региондағы көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында қәўипсизлик, экономика, инновациялар, транспорт, илим, билимлендириў, туризм ҳәм мәденият тараўлары көрсетип өтилди.

Мәмлекет басшылары Қырғыз Республикасындағы ўақыялардың раўажланыўына айрықша тоқтап өтти. Бул мәмлекеттеги жағдай Қырғызстан Конституциясына муўапық ҳалда тез пурсатта турақласыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси де көрип шығылды.

Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

                                                                                                                                                                   ӨзА