«Кегейли» магистрал каналының Шымбай районы орайынан ағып өтетуғын 2,5 километрлик бөлегин бетонлаў жумыслары 2020-жылдың инвестициялық бағдарламасына киргизилген болып, ҳәзирги ўақытта «Бунёдкор Мерос» ЖШЖ тәрепинен усы жерде қурылыс жумыслары алып барылмақта.
ҚР Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, қурылыс жумысларына 30 қурылысшы, 3 эксковатор, 4 «МАН» маркалы жүк тасыў автомашинасы, 1 топырақты нығызлаўшы арнаўлы механизм қатнаспақта.
«Кегейли» магистрал каналының Шымбай районы орайынан ағып өтетуғын бөлеги толық бетонластырылғаннан соң каналда суў сиңиўи азаяды, соның менен бирге, аймақтағы халықтың да бир неше машқаласы шешиледи. Өйткени, усы каналдың вегетация дәўиринде толып ағыўы район орайындағы «Жипек жолы» ҳәм «Көкше қала» МПЖлары аймағында изей суўлардың көтерилиўине алып келетуғын еди.
2020-2022-жыллар даўамында усы каналды реконструкциялаў ҳәм қурылыс жумысларын алып барыўға улыўма 11 млрд 130 млн сум ажыратылыўы белгиленген. Әмелге асырылып атырған жумыслардан Шымбай районы халқы, әсиресе, каналға жақын аймақларда жасайтуғын адамлардың кеўли толмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.