Қарақалпақстан дегенде, бийдай атызлар, шексиз кеңисликлер, көкке тутасқан далалар көз алдымызға келеди. Бул жердиң тәбияты, жери көп жағынан шарўашылыққа оғада қолайлы. Қой-қозы жайлаўда семиреди, кең даласыз пада бағып болмайды.

Енди шарўа ушын жер аукционсыз ажыратылады

Усы мәнисте, Президентимиздиң усы жыл 3-июль күни қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары дәрамат ислеймен, ел дастурханына гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип беремен, деген шарўалар ушын үлкен қолайлылық жаратпақта.

Қарарға бола, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында қара малларды санаат усылында бағыў ушын суўғарылатуғын жерлер, оларды жайып бағатуғын пишен атызлары ҳәм жайлаўлар, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў, аралас жем ислеп шығарыў мақсетинде имаратлар менен комплекслер қурыў ушын пайдаланылмайтуғын өнимдарлығы төмен, суғарылатуғын жер майданларын таңлаў ҳәм аукцион өткерместен, комиссияның усынысына бола ажыратыў белгиленген. Усы күнге шекем бундай жеңиллик тек төрт районда әмелде еди.

Қалаберди, бул аймақтағы шарўашылық тараўындағы исбилерменлик субъектлерине, олардың кредит бойынша қарыздарлығы толық қапланбағанлығына шекем, бурынғысынан басқаша тәризде, Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының компенсация ҳәм кепиллигинен пайдаланыўға руқсат берилди. Бундай жеңилликлер Қарақалпақстанда шарўашылықтың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғынына гүман жоқ.

236 жойбар әмелге аспақта

– Қарақалпақстанда шарўашылықты раўажландырыў турақлы итибарда, – дейди «Ўзбекчорванасл» агентлигиниң халықаралық байланыслар ҳәм инвестицияларды тартыў бөлиминиң баслығы Анис Ҳамидов. – Усы күнге шекем шарўашылық районлары етип белгиленген Қоңырат, Бозатаў, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм басқа да районларда быйылғы жылы 490 миллиард 116 миллион сумлық 236 шарўашылық жойбарын әмелге асырыў белгиленген. Олардың 153 и қарамал жетистириў, 34 и қой ҳәм ешкишилик, биреўи түйешилик, 8 и қусшылық, 23 и балықшылық, үшеўи қояншылық, алтаўы пал жетистириў, 8 и сүтти қайта ислеў және аралас жем ислеп шығарыў бағдарындағы жойбарлар болып есапланады. Олардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде интакерлер тәрепинен жаңадан 19 мың 877 бас қара малды сатып алыў, 971 тонна сүт ҳәм 25 мың 200 тонна  аралас жем  ислеп шығарыў және 1582 жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Өткен жылдың декабрь айында Қоңырат районында шарўашылық кооперациясы – Қарақалпақстан тәжирийбеси тийкарында шарўашылық тараўындағы ең ири  комплекстиң қурылысы басланды. Районда шөлкемлестирилип атырған усы кооперация тараўдағы ири комплекс есапланады. Ол 35,2 гектар майданда  жайласқан болып, ҳәр бири 100 бас –  улыўма 1200 бас қара мал бағыўға мөлшерленген 12 малхана (ангар)ны, соның ишинде, 2 малды бағып семиртиў малханасы, 2 500  бас малға мөлшерленген силос атызы, 2 сүт цехы, 1 оқыў орайы, мийманхана, ветеринария хызмети ҳәм басқа объектлерди өз ишине алады. Соның менен бирге, басқа районлардағы исбилерменлер тәрепинен шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў жумыслары Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында да әмелге асырылмақта. Мәселен, Бозатаў районында «Bozataw  simmental» ҳәм «Agro biznes Bozataw», «Чистое белое золото» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери ҳәм Тахтакөпир районында Қаракөлшилик илимий өндирислик тәжирийбе станциясы және «Сейт шарўа» фермер хожалығында шарўашылық комплекслери қурылмақта.

Буннан тысқары, халықтың шарўашылық өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм олардың турақлы баҳаларда сатылыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылы Қарақалпақстан Республикасында малды семиртип бағыў ҳәм сүт жетистириўге қәнигелестирилген, улыўма баҳасы 37 миллиард 109 миллион сумлық заманагөй шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў бойынша 24 жойбарды әмелге асырыў белгилеп алынған. Бул жойбарлардың орынланыўы есабынан гөш таярлаў бағдарында 4 мың 700 бас қара мал ҳәм сүт жетистириў бойынша 2 920 бас сыйыр бағыўға мөлшерленген комплекслерди қурыў және 545 тонна гөш ҳәм 6 783  тонна сүт ислеп шығарыў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде Хожели районында «Өзнәсилшилик» мәмлекетлик кәрханасының Қарақалпақстан филиалы жумыс ислемекте. Тахтакөпир районында «Агрокомплекс Қарақалпақстан» хожалығы тәрепинен шарўашылық комплекси қурып питкерилип, 150 бас қара мал бағылмақта. Буннан тысқары 3 миллиард сум кредит есабынан Германия ҳәм Венгриядан 500 бас нәсилли қара мал алып келиў бойынша шәртнамалар рәсмийлестирилди. Усы жылдың июль-август айларында Германиядан симментал нәсилли 62 бас қара мал қосымша алып келинип, бағылып атыр. Сентябрь айының ақырына шекем нәсилли маллар толық келтирилиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз тәрепинен шарўашылық тараўын раўажландырыўға берилип атырған имканиятлардан дурыс пайдаланған ҳалда 16 шарўашылық хожалығы тәрепинен Австрия, Польша, Латвия, Россия, Эстония, Чехия ҳәм басқа да сырт мәмлекетлерден усы жылы 1550 бас нәсилли қара мал алып келинди.

Шарўашылықтың раўажланыўы исбилермен ушын дәрамат дәреги, жумыс орны болса, халық ушын сапалы ҳәм арзан гөш ҳәм сүт өнимлери болып есапланады. Сыйыры бар үйде наўқас болмайды, – дейди халқымыз. Бул гөш ҳәм сүт өнимлери саламат аўқатланыўда, халықтың саламатлығын жақсылаўда айрықша орын тутатуғынын аңлатады.

 

Санобар ЖУМАНОВА,

«Янги Ўзбекистон»ның хабаршысы

(«Янги Ўзбекистон» газетасы

2020-жыл, 1-октябрь, 188-саны)

Қарақалпақстан хабар агентлиги