Республикамыздың барлық аймақлары қатарында Мойнақ районында да пуқаралардың өзин-өзин басқарыў уйымларының жумысларын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерине қолайлы мийнет шараятын жаратып бериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри  Р.Маматов жақында районда болып, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Дәслеп, «Арал» мәкан пуқаралар жыйынындағы жаңа имараттың ашылыў салтанатына қатнасты. Жаңа имаратта хызметкерлер ушын барлық шараятлар жаратылған.

Буннан кейин районның ең шетки аймақларынан бири болған «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынында болды. Бул жерде жыйын хызметкерлерине жаратылған шараятлар менен танысты. Аймақ турғынларының машқалаларын үйрениў, оларды имканиятына қарай шешиў, солай етип, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Бүгинги күни районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң жаңа имаратының қурылыс жумыслары алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри  Р.Маматов сапары даўамында қурылыс жумысларының барысын көзден өткерди. Имаратты белгиленген мүддетинде сапалы етип питкериў бағдарындағы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги