Нөкис қаласындағы «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын буннан былай да жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Елимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында шығып сөйлеген сөзинде кейинги 3 жылға мөлшерленген он тийкарғы бағдар атап өтилген болса, соның ишинде, пуқаралар жыйынларының жумысларын раўажландырыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Әлбетте бул тосыннан емес. Себеби, мәҳәлле жәмийетимиздеги әдиллик принципиниң айнасына айланыўы керек. Бул жер адамлардың дәртин тыңлайтуғын ҳәм машқалаларына шешим табатуғын орын болыўы тийис. Сонлықтан да, соңғы жыллары пуқаралар жыйынларын усындай заманагөй имаратлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. «Трансгаз сервис Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қәўендерлик жәрдеминде қурып питкерилген «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының жаңа имаратында мине усы ўазыйпаларды атқарыў, аймақ турғанларының күнделикли машқалаларын шешиў ушын барлық шараят жаратылған.

-Жаңа имарат Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде пайдаланыўға тапсырылып атырғаны менен де әҳмийетли,-дейди «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Сырғагүл Есбосинова.- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов Нөкис қаласындағы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынында да болды. Бул жерде хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, аймақ турғынларының машқалаларын шешиў, кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде қалалық ҳәм районлық бөлимлердиң басшылары менен ушырасыў болып өтти. Онда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў  бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы