Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, коронавирус пандемиясы дәўиринде медицина хызметкерлерине талап жоқары екенлигин есапқа алып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы медициналық жоқары оқыў орынларында оқыў процеслериниң бир бөлегин дәстүрий тәризде өткериўге рухсат берилди. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мәлим болыўынша, октябрь айынан баслап Қарақалпақстан медициналық институтында бакалавриат бағдарларының питкериўши курс студентлери және магистратура ҳәм клиникалық ординатура (резидентура) студентлери ушын дәстүрий тәризде оқыўлар басланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.