Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Нөкис қаласындағы «Нөкис Зияда Нур» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң директоры Зияда Утеназарова да «Шухрат» медалы менен сыйлықланды.

– Президентимиз Ш.Мирзиёев 30-сентябрь күни «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеўинде, билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, реформалар туўралы мағлыўматлар берип, муғаллим ҳәм устазлардың машақатлы мийнетлерин айрықша атап өтти. Соннан, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери туўралы да баҳалы пикир-усынысларын билдирди.

Оқыў орайымыз 2018-жылы апрель айында тигиўшилик, шаштәрезлик, аспазлық ҳәм ҳәр қыйлы нағыс салыў курслары бойынша жумыс баслаған еди. Орай ҳәзирги ўақытта 18 бағдарда жумыс алып бармақта. Буннан тысқары орайдың Шымбай районлық филиалы да ашылып, ҳәзир жақсы ислеп турыпты,-дейди З.Утеназарова. – Ҳәзирги күнде жумысларымызды және де кеңейтиў мақсетинде маған жер орны ажыратылып, жаңа имаратымыздың қурылысы питиў алдында турыпты.

Орайды еле де кеңейтиў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў, Мойнақ, Шоманай районларында да филиалларымызды ашыўды режелестирип атырмыз.

Кишкене мийнетимиз баҳаланып, Президентимиздиң пәрманы менен «Шуҳрат» медалын алыўға еристим. Бул ушын Президентимизге өз миннетдаршылығымды билдиремен. Бул үлкен сыйлық ҳәм исеним мени және де руўхландырып, жаңа жойбарларды әмелге асырыўда үлкен күш бағышлайды.

Исбилерменниң келешектеги режелери үлкен. Биз де оны алған сыйлығы менен қутлықлап, жумысларында табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги