Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында қатнасыў, аймақтағы қурылыс-абаданластырыў жумыслары, ири кәрханалар менен танысыў ушын Нөкис қаласына келди.

 

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Нөкисте қурып питкерилген Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп пенен танысты. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

 

Мектеп қурылысы өткен жылы басланған еди.

Быйылғы жылы қурып питкерилген мектеп операға да қәнигелестирилген болып, өйткени Қарақалпақстанда опера жанрында өзине тән мектеп жаратылған, Муяссар Раззоқова, Кеңесбай Сержанов, Айгүл Надырова, Жеңисбек Пиязов сыяқлы елимизге белгили опера қосықшылары елимиздиң көркем өнерин дүньяға танытыўға үлес қосып келмекте.

 

150 орынлық мектепте 50 орынлық жатақхана ҳәм асхана бар. 2021-2022-оқыў жылында мектеп-интернаттың 5-, 6- ҳәм 7-классларына, 2022-2023-оқыў жылынан баслап болса 5-классқа опера бағдарына 10, бақсышылық бағдарына 20 оқыўшы таңлаў тийкарында қабылланады.

Мәмлекетимиз басшысы қәнигелестирилген мектептиң 150 орынлық концерт залы ҳәм класс бөлмелерин көзден өткерди. Ҳәр бир районда мектептиң филиалларын шөлкемлестириў, оларда талантлы жасларды тәрбиялап, кейин ала республикада Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының филиалын ашыў және бақсы-опера бағдарында жетик кадрлар таярлаў зәрүрлигин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.