30-сентябрь күни Вена қаласында Өзбекстанның айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Абат Файзуллаев Австрия Президенти Александр Ван дер Белленге исеним жарлықларын тапсырды. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Илажда, сондай-ақ, сол мәмлекет тәрепинен Австрия президентиниң сыртқы сиясат ҳәм әскерий мәселелер бойынша кеңесгөйлери, Сыртқы ислер министрлигиниң бас хаткери ҳәм басқа да рәсмийлер қатнасты.

А.Файзуллаев 2020-жылдың 19-августында исеним жарлықларының нусқаларын Австрия сыртқы ислер министрлигине тапсырған еди. Дипломатиялық протоколға бола, ол «Хофбург»да Австрия Президенти Александр Ван дер Белленге исеним жарлықларының түп нусқаларын тапсырған ўақыттан баслап, Өзбекстан елшиси сыпатында өз ўазыйпасына толық кирискен болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги