Бүгин, «Telegram» тармағындағы «Қарақалпақ 24» каналында «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң көрсетпе хатына тийкарланып жоқары оқыў орынларының питкериўши курс студентлери ушын оқыў 2-октябрьден әдеттегидей басланатуғынлығы» ҳаққындағы хабар тарқалды.

 

Биз бул хабарға анықлық киргизиў мақсетинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң қәнигелери менен, соңынан Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының оқыў-методикалық бөлимлери менен байланыстық.

 

Бизге мәлим болыўынша, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен питкериўши курс студентлериниң 2-октябрьден баслап әдеттегидей оқыў баслаўы ҳаққында ҳеш қандай көрсетпе хаты жиберилмеген.

 

– Бул фейк хабар көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының тийисли қәнигелериниң тынышын бузды. Телефонларымызға тынымсыз қоңыраўлар келип атыр. Биз буның надурыс хабар екенлигин, рәсмий мағлыўматлар барлық рәсмий каналларда жәрияланатуғынлығын айтып атырмыз. Деген менен, биз бенен байланыспастан, бүгин-ертең жолға шығып, 2-октябрьден оқыўға келиўге ҳәрекетленип атырған студентлер де болыўы мүмкин. Бул студентлер ҳәм олардың ата-аналарының артықша әўерегершилигин пайда етеди, – дейди жоқары оқыў орынларының оқыў-методикалық бөлимлери қәнигелери биз бенен сәўбетлесиўлерде.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, барлық жоқары оқыў орынларында 2020-2021-оқыў жылы жоқарғы курслар – 2-, 3- ҳәм 4-курс студентлери ушын 2020-жылдың 2-сентябрь күнинен аралықтан онлайн оқытыў тәризинде басланды.

 

Айрықша атап өтиў керек, барлық жоқары оқыў орынларына байланыслы рәсмий ҳәм тастыйықланған хабарлар Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң www.edu.uz веб-сайты ҳәм Телеграм тармағындағы @eduuz рәсмий каналында, сондай-ақ, ҳәр бир жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтлары және социаллық тармақлардағы рәсмий каналларында жәрияланатуғынлығын еслетип өтпекшимиз.

 

Усы орында соны мәлим етип билдиргимиз келеди, халық арасында ҳаўлықпалы хабарларды тарқатқаны ушын да жынайы жуўапкершилик белгиленген.

Анықлаў етип айтқанда, халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған материалларды таярлаў ямаса тарқатыў мақсетинде сақлаў 44 миллион 600 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 1 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў яки болмаса 3 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған мағлыўматлар ҳәм материалларды ҳәр қандай формада тарқатыў 66 миллион 900 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.