Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 21-сентябрь күни өсимликлер карантини тараўындағы реформалардың нәтийжелилигине бағышланып өткерилген мәжилисте өсимликлерди қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, экспортқа көмеклесиў, сырт еллер менен келисимлер дүзиў, өсимликлер клиникасы ҳәм биолабораториялар шөлкемлестириў бағдарындағы кең көлемли жумыслар менен бир қатарда алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, елимизде сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм оларды экспортқа шығарыў бүгинги күнниң ўазыйпаларының бири болып табылады. Бунда өнимлерди жәҳән базары талапларына  бейимлестириў, оның фитосанитария тазалығын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Өсимликлер карантини тараўы хызметкерлерине айрықша ўазыйпалар жүкленген.

-Қала ҳәм районлар, шегара аймақларында, сондай-ақ, сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постларына бекитилген қәнигелеримиз тәрепинен зыянлы организмлердиң кирип келиўи ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў илажлары нәтийжели алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының баслығы Мардон Джуманиязов.-Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлердиң карантини бойынша мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында қала ҳәм районларда 15 «Өсимликлер клиникасы» шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта бул клиникалар фермерлер, дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелерине өсимликлердиң зыянкеслери, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў бойынша өзлериниң жәрдемин берип келмекте. Келешекте бул клиникалардың санын еки есеге шекем көбейтиў илажлары көрилмекте.

Экспортшылар менен импортшыларға шараят жаратыў, экспортқа жиберилетуғын, импорттан алып келинетуғын карантин артындағы өнимлерди тезлик пенен карантин зыянкеслери, өсимликлер кеселликлери ҳәм жабайы шөплер тасыўшы болыўы мүмкин болған карантин астындағы өнимлерди тексериў ҳәм экспертизадан өткериў мақсетинде аймақлық инспекция көшпели лаборатория менен тәмийинленди. Тараўды раўажландырыў ушын алып барылып атырған бундай илажлардың нәтийжесинде республикамызда жетистирилген өнимлердиң экспорт көрсеткишлери  де артып бармақта. Мәселен, быйылғы жылдың өткен дәўиринде  сырт еллерге 42700 тоннадан зыят овощ ҳәм палыз, гүнжи, мәш, лобия, ийирилген жип, техникалық өнимлер, боян тамыр, пахта талшығы дүнья стандартлары талабына жуўап беретуғын фитосертификатлар менен тәмийинленген ҳалда экспортқа шығарылды.

Бул көрсеткишлердиң санын арттырыўда елимиздиң өнимлерин жаңа эспорт базарларына алып шығыў айрықша әҳмийетке ийе болып табылады. Президентимиз жоқарыда атап өтилген  мәжилисте  тараў қәнигелерине ўазыйпаларды белгилеп берген ҳалда, өнимлерди ҳәзирги баҳасынан 3-4 есе қымбатлаў сатыў, товарларды халықаралық фитосанитария талабы тийкарында таярлаў ушын өним жетистиретуғын,  комплектлеўши ҳәм экспорт етиўши ҳәр бир кәрханаға  карантин инспекторларын бириктириў, «атыздан  экспортқа шекем» принципи бойынша толық ислесиўди тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳәр биримизден өзлеримизге жүкленген тапсырмаларды орынлаўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап етеди.  Себеби, жәҳән базарларына шығарылатуғын өнимлердиң сапасын тәмийинлеў, олардың зыянланыўының алдын алыў аймақлық инспекция агроном-инспекторларының тийкарғы мақсети болып табылады.  Солай екен, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты мәмлекетимиз экономикасының беккемлениўине, елимиздиң буннан былай да раўажланыўына ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери